Көплеген жолаўшылар жанып ҳәрекетленип баратырған поезддан өзлерин таслап қутылып қалған. Қайтыс болғанлардың арасында ҳаяллар менен балалар да болып, еле олардың шахсы анықланбаған. Жарақатланғанларды тасыў ушын әскерий вертолёт жиберилген.
Пийшемби күни азанғы ўақытта Пакистанның Панжаб провинциясында жолаўшы поездында өрт келип шығыўы нәтийжесинде ең кеминде 65 адам қайтыс болды, 30 дан зыят адам жарақатланды, деп жазады gazeta.uz сайты.
Поезд Карачиден Равалпиндиге қарап жолға шыққан. Дәслепки болжаўларға қарағанда өрт аўқат таярлаў ушын қолланлылатуғын газ баллонының жарылыўы ақыбетинде келип шыққан.
Қарақалпақстан хабар агентлиги