Қубла Америка футбол ассоциациясы Аргентина сайланды командасының сәрдары Лионель Мессиди үш айға футболдан шетлетти. Месси бул шөлкемди коррупцияда айыплағаны ушын әне усындай қарар қабыл етилген. Бул ҳаққында championat.com дереги хабар берди.
32 жасар футболшының дисквалификация мүддети қарар жәрияланған күн (3-август)нен баслап күшке кирген. Лионель Месси ноябрь айына шекем Аргентина сайланды командасының қурамында бирде-бир ойынға түсе алмайды. сондай-ақ, Месси 2022-жылғы жәҳән чемпионатына сайлап алыў басқышының дәслепки ойынларын өткерип жибереди.
Өз гезегинде Месси 50 мың АҚШ доллары муғдарында жәрийма да төлеўи керек. Футболшы дәслепки жети күн ишинде апелляция бериў ҳуқыққына ийе.
Қарақалпақстан хабар агентлиги