16-17-ноябрь күнлери Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында «Тәбийғый пәнлерди оқытыў ҳәм изертлеў мәселелери» атамасында республикалық илимий-теориялық конференция болып өтти.

Мәжилиске профессор-оқытыўшылар, студент-жаслар, илимий-изертлеўшилер, магистрантлар қатнасып, онда биология оқытыў методикасы кафедрасының доцентлери, биология ҳәм агрохимия илимлериниң кандидатлары  Ж.Сапарбаев ҳәм Қ.Қосназаровлардың, сондай-ақ, усы тәлим бағдарының студенти, «Наўайы» атындағы мәмлекетлик стипендия ийеси  С.Раджапованың «Тәбийғый пәнлерди оқытыўда тәлим технологиялары ҳәм тәбиятты қорғаў мәселелери», «Арал теңизиниң қурғаған ултанында жаңа фитоценозларды пайда етиў машқалалары», «Педагогикалық ойынлардың заманагөй экологиялық тәлимдеги әҳмийети» темаларындағы баянатлары тыңланды.

– Өткен әсирдиң 60-70-жыллары Қарақалпақстан Республикасы аймағында мыңға шамалас көллер, ҳәўизлер ҳәм басқа да суў қоймалары бар болып, республикамыз «Көллер мәканы» деп аталатуғын еди. Олардың жағаларындағы 1 миллион 200  мың гектар майдан қамыслықлардан ибарат еди, – дейди биология оқытыў методикасы кафедрасының доценти, биология ҳәм агрохимия илимлериниң кандидаты Қудайберген Қосназаров. – Булардың арқасында қәлиплескен биокөптүрлилик Арал теңизиниң қурғап барыўы, көллердиң жоғалыўы себепли кескин азайып кетти. Республикамызда 1984-1997-2001-жыллары жүзеге келген суў тамтарыслығы себепли  экологиялық қыйыншылықлар ҳәўиж алды. Бүгинги конференцияда илимий изертлеўлерим арқалы жасларға инсанияттың тәбият нызамларына бойсынбаўы ақыбетлерин түсиндириў, өткен әсирдеги тоталитар дүзимниң қәтелеринен жуўмақ шығарыўға ийтермелеўди мақсет еттим.

Тәбийғый пәнлерди оқытыў ҳәм изертлеў мәселелери, илимий ҳәм илимий-методикалық машқалалар бойынша үгит-нәсият жумысларын алып барыў, сондай-ақ, келешек әўладлар ушын тири тәбиятымыздың бийбаҳа байлықларын сақлап қалыўда алып  барылып атырған жумысларды талқылаў, үйрениў және нәтийжелерин әмелиятқа енгизиў мақсетинде шөлкемлестирилген илимий-теориялық конференция биринши ҳәм екинши секциялар бойынша педагог-хызметкерлердиң жумыслары менен даўам етти.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы