Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Кейинги жылларда республикамыз аймақларын турақлы раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларынан бири болған минерал-шийки зат базасын раўажландырыў, сондай-ақ, жер астын геологиялық жақтан үйрениў, пайдалы қазылмалардан пайдаланыў, қорғаў тараўын басқарыў және қадағалаў системасын жетилистириў бойынша комплексли илажлар қабыл етилди.
Соның менен бирге тараўдың ҳәзирги жағдайы қурылыс материаллары санаатын, электротехникалық тараўды раўажландырыўға қаратылған пайдалы қазылмалардың жаңа перспективалы майданларын ҳәм кәнлерин анықлаў ушын излеў резервлерин көбейтиўди есапқа алған ҳалда, минерал-шийки зат базасын раўажландырыў және қайта тиклеўге байланыслы мақсетли бағдарламаларды қәлиплестириў ҳәм орынлаў нәтийжелилигин арттырыў, сондай-ақ, минерал-шийки затларын излеў және қазып алыўға рухсат бериў тәртип-қығыйдаларын әпиўайылыстырыў, инвестицияларды тартыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў бойынша әҳмийетли илажлар қабыл етилиўин талап етеди.
Экономиканы минерал шийки зат ресурслары менен турақлы тәмийинлеў, геология тараўының инвестициялық тартымлылығын арттырыў мақсетинде, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпаларды есапқа алған ҳалда:
- Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитети (кейинги орынларда – Мәмлекетлик геология комитети) тәрепинен халықаралық консалтинг компанияларын тартқан ҳалда, заманагөй халықаралық стандартларды ҳәм алдыңғы сырт ел тәжирийбесин енгизиўди есапқа алып Өзбекстан Республикасы минерал-шийки зат базасын раўажландырыў стратегиясы ислеп шығылғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Мәмлекетлик геология комитети тәрепинен Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги, «Наўайы КМК» МК ҳәм «Алмалық КМК» АЖ менен биргеликте ислеп шығылған, кәнлерди излеўди даўам еттириў ушын излеў резервлерин көбейтиў мақсетинде пайдалы қазылмалардың перспективалы майданларын излеўди 2020-жылда 35 процентке, 2021-жылда болса 40 процентке жеткериўди нәзерде тутатуғын төмендегилерди өз ишине алған 2020-2021-жылларда минерал-шийки зат базасын раўажландырыў ҳәм қайта тиклеў мәмлекетлик бағдарламасы (кейинги орынларда – Мәмлекетлик бағдарлама) мақуллансын:
1-қосымшаға муўапық республиканың геологиялық-экономикалық аймақлары кесиминде пайдалы қазылмалар прогноз ресурслары ҳәм резервлериниң өсиўиниң улыўма параметрлери;
2-қосымшаға муўапық жер асты суўлары резервлериниң өсиў параметрлери:
3-қосымшаға муўапық Мәмлекетлик геология комитетиниң геологиялық шөлкемлердиң материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм модернизациялаў ушын сатып алынған заманагөй геология әсбап-үскенелери және арнаўлы техника қураллары, программалық өнимлер ҳәм материаллар дизими.
- Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Мәмлекетлик бағдарламаны әмелге асырыў ушын бюджет ажыратпалары, соның ишинде, Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети ҳәм Мәмлекетлик геология комитетиниң Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Ғазнашылығындағы арнаўлы мақсетли есап бетлеринен 4-қосымшаға муўапық ажыратылыўын нәзерде тутсын.
Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлигине минерал-шийки зат базасын раўажландырыў ҳәм қайта тиклеў бойынша жыллық мәмлекетлик бағдарламаларды келисиў процесинде Мәмлекетлик бағдарламаны әмелге асырыў ушын Мәмлекетлик геология комитетине ажыратылған қаржылар дәреклерине анықлық киргизиў ҳуқықы берилсин.
- Геологиялық-излеў жумысларын алып барыўды буннан былай да жетилистириў, жер астын ақылға уғрас үйрениў ҳәм өзлестириў, сондай-ақ, кән-геология тараўының инвестициялық тартымлылығын арттырыў бойынша «Жол картасы» 5-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:
«Наўайы КМК» МК, оның негизинде шөлкемлестирилетуғын уранды қазып алыў ҳәм қайта ислеў кәрханалары, сондай-ақ, «Алмалық КМК» АЖ ресурс базасына киретуғын белгили геологиялық объектлер айрықша ажыратылады, усы ресурс базасына киргизилмеген басқа да геологиялық объектлер ҳәм Мәмлекетлик геология комитети тәрепинен жаңадан анықланатуғын пайдалы қазылма кәнлери ҳәм перспективалы майданлар потенциаллы инвесторларға бериледи;
Мәмлекетлик геология комитети Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги менен келисилген ҳалда, кейин ала усы мағлыўматларды өзиниң рәсмий веб-сайтында жайластырыў ҳәм басқа да қолайлы рәсмий қураллар менен, соның ишинде, потенциаллы инвесторларды тартыў ушын бизнес илажларда қатнасыў және сырт еллерде «road-show»лар өткериў арқалы тарқатыў мақсетинде, системалы түрде, бирақ бир жылда кеминде бир рет перспективалы майданларда пайдалы қазылмаларды анықлаў ҳәм излеў, сондай-ақ, кәнлерде пайдалы қазылмалар қазып алыўды шөлкемлестириў бойынша инвестициялық усыныслар портфелин қәлиплестиреди.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети еки ай мүддетте төмендегилерди нәзерде тутатуғын ҳүкимет қарарын қабыл етсин:
а) «Наўайы КМК» МК, оның негизинде шөлкемлестирилетуғын қазып алыў ҳәм қайта ислеў кәрханалары, сондай-ақ, «Алмалық КМК» АЖ ресурс базасына бириктирилетуғын геологиялық объектлердиң дизимин тастыйықлаў;
б) төмендегилерди нәзерде тутқан ҳалда стратегиялық әҳмийетке ийе пайдалы қазылмаларды өз ишине алған жер асты участкаларынан пайдаланыў ҳуқықы ушын лицензия бериў тәртибин жетилистириў:
стратегиялық әҳмийетке ийе түрдеги пайдалы қазылмаларды өз ишине алған жер асты участкаларынан пайдаланыў ҳуқықы ушын лицензия бериў тәртибин, соның ишинде, тийисли ҳүжжетлерди экспертизадан өткериў ҳәм ўәкилликли уйымлар менен келисиўде бир-бирин қайталайтуғын басқышларды қысқартыў арқалы әпиўайыластырыў;
стратегиялық әҳмийетке ийе пайдалы қазылмаларды өз ишине алған жер асты участкаларынан пайдаланыў ҳуқықы ушын лицензияларды отыз жумыс күннен аспаған мүддетте бериў.
- Мәмлекетлик геология комитети:
а) еки ай мүддетте Мәмлекетлик бағдарламаға киргизилген ҳәр бир объект бойынша анық мүддетлер ҳәм төмендегилер ушын жуўапкер болған шөлкемлерди нәзерде тутатуғын «тармақ графиклери»ниң ислеп шығылыўын тәмийинлесин:
геологиялық-излеў жумысларын алып барыў ушын геологиялық тапсырмаларды ҳәм жойбарлаў-смета ҳүжжетлерин тастыйықлаў;
пайдалы қазылмалардың прогноз ресурслары ҳәм резервлериниң көбейиўин есаплап барған ҳалда геологиялық-излеў жумысларын алып барыў;
геологиялық-излеў жумысларының нәтийжелери ҳаққында есапларды Мәмлекетлик геология комитетиниң Илимий-техникалық кеңеси ҳәм Пайдалы қазылмалар резервлери бойынша мәмлекетлик комиссиясы мәжилислеринде көрип шығыўы ушын усыныў;
б) 2020-жылдан баслап жетекши сырт ел консалтинг компанияларын ҳәм экспертлерди тартқан ҳалда геологиялық-излеў жумысларының нәтийжелери ҳаққындағы есапларды дүзиўдиң халықаралық стандартларын ҳәм пайдалы қазылмалар резервлерин JORC Кодексине тийкарланып тастыйықлаўды енгизиў, сондай-ақ, Мәмлекетлик геология комитетиниң қәнигели кадрларын оқытыў ҳәм сертификациялаўды нәзерде тутсын;
в) Мәмлекетлик бағдарлама шеңберинде төмендегилер әмелге асырылыўын тәмийинлесин:
сырт ел оқыў орайларында геология бағдарындағы қәнигелердиң әмелият өтеўи ҳәм қәбилетли жас қәниге-бакалаврларды сыртқы магистратура бағдарларында оқытыў;
цифрлы геологиялық мәлимлемелерден пайдаланыў имканиятларын арттырыў, оның ашық-айдынлығын тәмийинлеў мақсетинде мәмлекетлик геология фондындағы архив материаллар бойынша цифрлы мәлимлемелер банкин шөлкемлестириў;
геологиялық-излеўдиң өндирисине бар геологиялық ҳәм басқа да мағлыўматларды цифрластырыўды кеңнен енгизиў;
г) еки ай мүддетте потенциаллы инвесторларға пайдаланыў имканиятын усынған ҳалда, қатты пайдалы қазылмалардың перспективалы майданлары ҳәм кәнлери ҳаққындағы мағлыўматлар (резервлер, жайласқан орны, жайласыў тереңлиги ҳәм басқалар)ды жайластырыў ушын бирден-бир электрон онлайн платформа жаратсын.
- Мәмлекетлик геология комитетине жүкленген ўазыйпаларды нәтийжели муўапықластырыў ҳәм орынлаў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигиниң аймақлық бөлиминен бир штат бирлигин қысқартыў есабынан Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң Макроэкономикалық таллаў, структуралық өзгерислер, қаржы-банк системасы ҳәм жеке-меншик исбилерменлик мәселелери бойынша секретариатының структурасында қосымша бир геология ҳәм минерал-шийки зат базасы бойынша бас қәниге штат бирлиги нәзерде тутылсын.
Мәмлекетлик геология комитети Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң Макроэкономикалық таллаў, структуралық өзгерислер, қаржы-банк системасы ҳәм жеке-меншик исбилерменлик мәселелери бойыша секретариатына бириктирилсин.
- Қаржы министрлиги Мәмлекетлик геология комитети, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги және Экономика ҳәм санаат министрлиги менен биргеликте ек ай мүддетте Министрлер Кабинетине стратегиялық әҳмийетке ийе түрдеги қатты пайдалы қазылмаларды өзлестириў ушын инвестицияларды тартыў системасын буннан былай да жетилистириў бойынша төмендегилерди нәзерде тутатуғын Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары жойбарын киргизсин:
кән-геология тараўында инвестициялық жойбарларды басқарыў ҳәм әмелге асырыўдың лицензия келисими тийкарында бирге ислесиўдиң форма ҳәм шәртлериниң белгилениўин нәзерде тутатуғын халықаралық әмелиятты енгизиў;
толық қаржыландырыў тәмийинленген жағдайда сырт елли инвесторларға исбилерменлик тәўекелшилигиниң шәртлери тийкарында инвестициялық жойбарды әмелге асырыў ҳуқықын усыныў;
пайдалы қазылмаларды излеў ҳәм анықлаў ҳуқықы ушын жеңиллетилген бонус ставкаларын қайта көрип шығыў;
кәнди қазыў тараўындағы халықаралық стандартларды қолланыўды есапқа алған ҳалда стратегиялық әҳмийетке ийе қатты пайдалы қазылмалардың тийкарғы түрлери ушын жер астынан пайдаланыўға байланыслы салық ставкаларын оптималластырыў;
сырт ел инвесторлары тәрепинен салықлар ҳәм мәжбүрий төлемлердиң барлық түрлери Өзбекстан Республикасы нызамшылығы менен белгиленген тәртипте төленетуғыны;
жойбарларды әмелге асырыўдың бүгинги күнинде салық нызамшылығының өзгермеслик кепилликлерин тәмийинлеў.
- Мәмлекетлик геология комитетиниң 6-қосымшаға муўапық геологиялық шөлкемлер ушын орынларда заманагөй керн сақлаў қоймаханаларын шөлкемлестириў, лаборатория қуўатлылығын ҳәм басқа да объектлерди үскенелеў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
Ташкент, Наўайы, Самарқанд, Қашқадәрья, Сурхандәрья ўәлаятларының ҳәкимликлери ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси заманагөй керн сақлаў қоймаханаларын шөлкемлестириў ушын геологиялық шөлкемлерге белгиленген тәртипте жер участкаларының ажыратылыўын тәмийинлесин.
- Мәмлекетлик геология комитети Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте «Геология тараўы кадрларының маманлығын арттырыў ҳәм қайта таярлаў институты» мәмлекетлик кәрханасында заманагөй халықаралық билимлендириў стандартларын енгизиўди ҳәм материаллық-техникалық базасын беккемлеўди есапқа алған ҳалда оның жумысын жетилистириў бойынша «Жол картасы»н тастыйықласын.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 4-майдағы «2017-2021-жылларда жер асты суўлары резервлеринен ақылға уғрас пайдаланыўды қадағалаў ҳәм есапқа алыўды тәртипке салыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-2954-санлы қарары менен шөлкемлестирилген 2017-2021-жылларда жер асты суўлар резервлеринен ақылға уғрас пайдаланыўды қадағалаў ҳәм есапқа алыўды тәртипке салыў илажлары бағдарламасының әмелге асырылыўын муўапықластырыў бойынша Жумысшы топарға Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы қарарына 3 ҳәм 5-қосымшаларында көрсетип өтилген параметрлерге аймақлардағы ҳақыйқый жағдайдан келип шығып, пүткил республика бойынша тастыйықланған улыўма параметрлер шеңберинде өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳуқықы берилсин.
- Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги Инновациялық раўажланыў министрлиги, Мәмлекетлик геология комитети, Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети, «Наўайы КМК» МК, «Алмалық КМК» АЖ, Илимлер академиясы, Энергетика министрлиги ҳәм Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги менен биргеликте 2019-жыл 1-ноябрьге шекем техноген шығындыларды комплексли қайта ислеў ҳәм утилизациялаў имканиятларын сын көзқарастан үйренип шығып, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине Техноген шығындыларды қайта ислеў технологиясын ислеп шығыў бойынша илимий-изертлеў жумысларының бағдарламасын киргизсин.
- Усы қарарды әмелге асырыў бойынша толық әмелий илажлардың режеси 7-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм ҳүкиметиниң айырым ҳүжжетлерине 8-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
- Мәмлекетлик геология комитети мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ж.А.Қўчқоровқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2019-жыл 23-июль