Алдын хабар бергенимиздей, усы жылдың 15-19-июль күнлери аралығында Қазақстан Республикасының Көкшетаў қаласында I Халықаралық жас қутқарыўшылар жарысы өткерилди.
Оған Өзбекстан басқышында 1-орынды ийелеген Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қалалық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 31-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшыларынан дүзилген «Жайҳун» командасы табыслы қатнасты.
Жарысқа Россия, Әзербайжан, Беларуссия, Қырғызстан сыяқлы дүньяның 12 мәмлекетинен жас қутқарыўшылар командалары да қатнасты.
Улыўма 11 шәрттен ибарат болған жарыста жерлеслеримиз өзлериниң күшли таярлықлар менен келгенин көрсете алды ҳәм Қазақстан, Россия командаларынан кейин 3-орынды ийеледи. Бул ҳаққында бизге ҚР Халық билимлендириў министрлиги жанындағы Республикалық оқыў методикалық орайы директорының орынбасары Айбек Дәўлетбаев хабар берди.
I Халықаралық жас қутқарыўшылар жарысында жерлеслеримиздиң қолға киргизген табыслары менен қутлықлап қаламыз.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.