Өзбекстан жоқары билимлендириў тараўында түпкиликли реформалар әмелге асырылмақта. Бул әсиресе, 2019/2020 оқыў жылы ушын қабыллаў процесинде айқын көзге тасланды. Онда Президентимиздиң 17-июньдеги «2019/2020 оқыў жылында Өзбекстан Республикасының жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаўдың мәмлекетлик буйыртпасы параметрлери ҳаққында»ғы қарары тийкар болды.
Усы қарарға бола, Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлер қатарында мүддетли әскерий хызметти өтеп, әскерий бөлим сәркардалығының усынысына ийе болғанлар ушын бакалавриаттың күндизги, сыртқы ҳәм кешки билимлендириў бағдары бойынша айрықша бес процентли қабыллаў көрсеткишлери белгиленди. Алдынлары әскерлер улыўма қабыллаў квотасы шеңберинде оқыўға қабыл етилетуғын еди.
Майыплығы болған шахсларға қосымша еки процентлик мәмлекетлик грант ажыратылды. Оларға күндизги, сыртқы ямаса кешки билимлендириў бағдарларының биринде билим алыў ҳуқықы берилди.
Төлем-контракт тийкарында билим алып атырған барлық студентлерге өзлериниң ықтыярына бола контракт төлемин стипендиялы ямаса стипендиясыз түрде төлеў имканияты жаратылды.
Жоқары билимлендириў мәкемелерине 2019/2020 оқыў жылынан баслап министрлик, уйым ҳәм ири хожалық бирлеспелериниң (жумыс бериўшилер) талапларынан келип шығып, күндизги бакалавриат тәлим бағдарларына сәйкес болған бағдарлар шеңберинде дифференциялластырылған төлем-контракт тийкарында сыртқы ҳәм кешки билимлендириў бағдарында оқытыў мүмкин.
Онда оқыўға қабыллаў тийисли жумыс бериўшилердиң усынысы тийкарында кеминде бес жыл жумыс стажына ийе болған хызметкерлердиң жумысына сәйкес болған бакалавриат тәлим бағдарларына сәўбетлесиў нәтийжелерине тийкарланып қабылланады. Олар кейин ала усы системада бес жыл ислеп бериўи керек.
Жоқары билимлендириў мәкемелериниң ректорларына (филиаллар директорлары) бойсыныўы бойынша министрликлер ҳәм уйымлар менен келискен ҳалда сырт ел пуқараларын төлем-контракт тийкарында оқытыў баҳасын тийисли бакалавриат тәлим бағдары ҳәм магистратура қәнигелиги бойынша Өзбекстан Республикасы пуқаралары ушын белгиленген базалық төлем-контракт муғдарынан кем болмаған муғдарда белгилеў ҳуқықы берилди.
2019/2020 оқыў жылында Жоқары оқыў орынларына мәмлекетлик буйыртпа тийкарында бакалавриатқа күндизги билимлендириў бағдарына 80 мың 430, сыртқы билимлендириў бағдарына 19 мың 985, кешки билимлендириў бағдарына 1 мың 985 квота ажыратылды. 2018/2019 оқыў жылы ушын 69 мың 200 квота ажыратылған еди.
Усы жылы ЖООларға қабыллаў процесинде абитуриентлерге оғада қолайлы шараятлар жаратылды. Соның ишинде, 2019/2020 оқыў жылынан баслап, жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға кириўде абитуриентлерге 3 тәлим бағдарын таңлаў ҳуқықы берилди.
Абитуриентлерге Ташкент мәмлекетлик юридикалық, Қарақалпақ, Ферғана, Самарқанд ҳәм Гүлистан мәмлекетлик университетлерине Мәмлекетлик хызметлер ямаса Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы да дизимнен өтиў имканияты жаратылды.
Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы абитуриентлер өзине қолайлы болған ўақытта ЖООға ҳүжжет тапсырды. Қабыллаўдың ақырғы күнлеринде МХО абитуриентлерден ҳүжжетлерди күни-түни қабыллады.
Басқа барлық жоқары билимлендириў мәкемелеринде шөлкемлестирилген қабыллаў комиссияларында абитуриентлер өзлери таңлаған тәлим бағдарлары, жоқары билимлендириў мәкемеси ҳәм аймағына қарамастан тест сынақларында қатнасыўы ушын дизимнен өтти.
Абитуриентлердиң ықтыярына бола, Мәмлекетлик комиссия тәрепинен белгиленген жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға кириў ушын усы (өзи биринши ЖОО сыпатында таңлаған) ямаса басқа жоқары билимлендириў мәкемелеринде шөлкемлестирилген қабыллаў комиссияларында дизимнен өтиў имканияты жаратылды.
Быйыл қайта ҳүжжет тапсырғанлар 101 мың 365 сум төлемди әмелге асырды.
Бул еле ҳәммеси емес. 2019/2020 оқыў жылынан баслап «Математика» пәнинен берилген тест тапсырмаларына «Информатика» пәнинен сораўлар қосылмайды, тек ғана математика пәнине байланыслы сораўлардан ибарат болады.
Абитуриентлер 15-июньнен 15-июльге шекем бакалавриат тәлим бағдарына күндизги, сыртқы ҳәм кешки билимлендириў бойынша ҳүжжет тапсырды.
Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик тест орайының мағлыўматларына бола, республикамыздағы ЖООларға жәми 1 миллион 66 мың 925 абитуриент ҳүжжет тапсырған. Соннан күндизги билимлендириўге 718 мың 97, сыртқы билимлендириўге 335 мың 7 ҳәм кешки билимлендириў бағдарына 13 мың 821 абитуриент дизимнен өткен.
Усы жылы абитуриентлер ең көп таңлаған ЖОО Самарқанд мәмлекетлик университети – 74 мың 377, таңлаў көрсеткиши ең жоқары болған ЖОО (биринши таңлаған тәлим бағдарларына салыстырғанда, биринши орынға) Мырза Улығбек атындағы Өзбекстан Миллий университети Жиззақ филиалы болып, 29 мың 47 абитуриент ҳүжжет тапсырған.
14 жастан 87 жасқа шекем болған абитуриентлер студентликке талабан.
Тест имтиханлары усы жылы 25-июльден басланыўы күтилмекте.
Ҳуршид Қодиров, ӨзА