Өзбекстан Республикасы Президентиниң

пәрманы

Соңғы жылларда жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў системасын модернизациялаў, илимди раўажландырыў, оқытыўдың заманагөй түрин ҳәм технологияларын енгизиў бойынша кең көлемли жумыслар алып барылмақта.

Өткен дәўир ишинде экономиканың реал секторы ҳәм социаллық тараў талапларынан келип шыққан ҳалда аймақларда жаңа, соның ишинде, жетекши сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелери шөлкемлестирилди, заманагөй оқыў басқышлары енгизилип, талап жоқары болған бакалавриат тәлим бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлери бойынша кадрларды таярлаў жолға қойылды.

Соның менен бирге, мәмлекетимизде тез пәтлер менен әмелге асырылып атырған жәмийетлик-сиясий, социаллық-экономикалық ҳәм басқа да тараўлардағы реформалар Ўатанымыздың келешеги ушын жуўапкершиликти өз мойнына алатуғын, елимиздиң раўажланыўы жолында мүнәсип үлес қосатуғын қәнигели кадрлар таярлаўды әҳмийетли ўазыйпалардан  бири етип белгилемекте.

Жоқары ҳәм орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириўи системасын түп-тийкарынан жетилистириў, тараўда мәмлекетлик басқарыўдың нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў, системадағы мәкемелердиң сапалы жумыс алып барыўын тәмийинлеў арқалы жоқары маманлыққа ийе қәнигелерди таярлаўды шөлкемлестириў мақсетинде, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы  бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы және Өзбекстан Республикасында Ҳәкимшилик реформалар концепциясына муўапық:

  1. Төмендегилер жоқары ҳәм орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириўи системасын түп-тийкарынан жетилистириўдиң тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:

жоқары ҳәм орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириўи тараўында заманагөй ҳәм еркин пикирлейтуғын, жоқары руўхый-әдеп-икрамлылық пазыйлетлерине ийе, билимли және жоқары қәнигели кадрларды таярлаў;

жоқары билимлендириў мәкемелеринде кәсиплик жумыс бағдарында заманагөй  билим ҳәм қәнигеликке ийе, мәлимлеме-коммуникация технологияларын және шет тиллерин өзлестирген кадрларды таярлаў сапасын тәмийинлеў;

барлық жоқары ҳәм орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириўи мәкемелерин оқыў-педагогикалық ҳәм илимий-методикалық, сондай-ақ, оларда қәнигелерди таярлаў сапасын, билимлендириўдиң мазмуны ҳәм дәрежесиниң мәмлекетлик билимлендириў стандартлары және қәнигелик талапларына муўапықлығын тәмийинлеў;

заманагөй педагогикалық технологиялар ҳәм оқытыў усылларынан кеңнен пайдаланыў тийкарында оқыў режелери менен илимий бағдарламаларды жетилистириў, билимлендириў процесин сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыў және оқытыўдың алдынғы усылларын, мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў;

билимлендириўде руўхый-әдеп-икрамлылық мазмунды күшейтиў, жасларды ғәрезсизлик идеяларына садықлық, миллий үрп-әдетлерге ҳүрмет, инсаныйлық ҳәм жоқары руўхый идеялар тийкарында ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў  жумысларын шөлкемлестириў;

жоқары билимлендириў мәкемелеринде илимий-изертлеў жумысларын шөлкемлестириў, олардың нәтийжелилигин арттырыў, изертлеў нәтийжелерин әмелиятқа кеңнен енгизиў, илимий қолланбаларды коммерцияластырыў, жоқары билимлендириў, илим ҳәм өндиристиң өз-ара беккем интеграциясын тәмийинлеў, илимий-изертлеў жумысларына қәбилетли жасларды тартыў ҳәм ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў;

өзине жүкленлген ўазыйпаларды нәтийжели ҳәм жоқары профессиональ дәрежеде орынлайтуғын басшы ҳәм педагог кадрларды таңлап алыў және жоқары ҳәм орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириўи мәкемелерин усындай қәнигелер менен тәмийинлеў, системалы хошаметлеў жумысларын алып барыў;

басшы ҳәм педагог кадрларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыўдың избе-излик системасын шөлкемлестириў, жетилистирип барыў, олардың кәсиплик шеберлигиниң сапасын ҳәм дәрежесин арттырыў ушын шараятлар жаратыў, соның ишинде, сырт еллерде қәнигелигин арттырыў ҳәм стажировка өтеўди шөлкемлестириў, оқыў процесслерине сырт ел илимпазларын, оқытыўшыларын ҳәм жоқары маманлыққа ийе қәнигелерди тартыў;

студентлер, оқытыўшылар ҳәм жас изертлеўшилердиң дүньялық билимлендириў ресурслары, илимий әдебиятлардың электрон каталоги ҳәм мағлыўматлар базасынан пайдаланыў имканиятларын кеңейтиў;

алдынғы халықаралық тәжирийбелер тийкарында билимлендириў системасын жетилистириў, халықаралық байланысларды кеңейтиў ҳәм беккемлеў, биргеликтеги қоспа жоқары ҳәм орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириў бағдарламаларын әмелге асырыў, билимлендириў тараўында ерисилген табысларды халықаралық көлемде кеңнен сәўлелендириў;

жумыс бериўшилердиң талаплары ҳәм усынысларынан және сырт ел тәжирийбесинен келип шығып, сондай-ақ, экономиканың реал секторындағы структуралық өзгерислерди есапқа алған ҳалда кәсип-өнер колледжлеринде мийнет базарында талап етилетуғын қәнигелерди таярлаў ушын оқыў режелери ҳәм бағдарламаларының ислеп шығылыўын шөлкемлестирсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң кәсип-өнер билимлендириўи орайы (кейинги орынларды – Орай) сапластырылсын ҳәм Орайдың босап атырған штат бирликлери усы министрликке өткерилсин.

Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги Орайдың барлық ҳуқықлары менен миннетлемелери және шәртнамалары бойынша ҳуқықый мийрасхоры есапланатуғыны белгиленсин.

  1. Төмендегилер Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң ведомостволық бойсыныўына өткерилсин:

Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң Кәсип-өнер билимлендириўи орайы жанындағы Кәсип-өнер билимлендириўи системасын инновациялық раўажландырыў, педагог кадрлардың қәнигелигин арттырыў ҳәм оларды қайта таярлаў институты;

Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң Кәсип-өнер билимлендириўи орайы жанындағы Метрологиялық қадағалаў хызмети;

Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң Кәсип-өнер билимлендириўи орайының Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық кәсип-өнер билимлендириўи аймақлық басқармалары ҳәм олардың системасындағы билимлендириў мәкемелери.

  1. Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги (кейинги орынларда-Министрлик) жоқары, орта арнаўлы ҳәм кәсип-өнер билимлендириўи бойынша бирден-бир мәмлекетлик сиясатты, сондай-ақ, жоқары, орта арнаўлы ҳәм кәсип-өнер билимлендириўи мәкемелеринде бойсыныўына бола министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте оқыў-тәрбия процесине шөлкемлестириўшилик және методикалық басшылықты әмелге асырыў бойынша ўакилликли мәмлекетлик уйым етип белгиленсин.
  2. 5. Министрлик ҳәм Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигиниң 2019-жыл 1-августтан баслап төмендегилерди әмелге асырыў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин:

а) бирден-бир тариф сеткасы бойынша мийнетке ҳақы төлеўдиң тастыйықланған разрядларына бола, министрликтиң басқарыў хызметкерлериниң лаўазым мийнет ҳақыларын анықлаўда тариф коэффициентлерин бир ярым есе муғдарында қолланыў және усының менен байланыслы қосымша қәрежетлерди Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң Жоқары билимлендириў мәкемелерин раўажландырыў қорының қаржылары есабынан қаплаў;

б) Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик бюджетиниң қаржылары есабынан Министрликтиң орайлық аппаратының:

илим кандидаты ямаса философия докторы (PhD) илимий дәрежесине ямаса сырт ел мәмлекетлериниң оған теңлестирилген басқа да илимий дәрежелерине ийе хызметкерлериниң айлық мийнет ҳақысына – 30 процент;

илим докторы ямаса илим докторы (DSc) илимий дәрежесине ямаса сырт ел мәмлекетлериниң оған теңлестирилген басқа да илимий дәрежелерине ийе хызметкерлердиң айлық мийнет ҳақысына – 35 процент;

в) Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң Жоқары билимлендириў мәкемелерин раўажландырыў қорының қаржылары есабынан Министрликтиң орайлық аппараты хызметкерлериниң айлық лаўазым мийнет ҳақысына жоқары ҳәм орта арнаўлы. кәсип-өнер билимлендириўи системасында хызмет еткен улыўма мийнет стажы ушын 3 жылдан 5 жылға шекем – 10 процент, 5 жылдан 10 жылға шекем – 20 процент, 10 жылдан 20 жылға шекем – 30 процент, 20 жылдан аслам – 40 процент айлық үстемелер төлеў;

  1. Республиканың жоқары ҳәм кәсип-өнер билимлендириўи мәкемелеринде оқыў ушын сырт ел пуқараларын кеңнен тартыў мақсетинде сондай тәртип орнатылсын, оған бола 2019/2020- оқыў жылынан баслап жоқары билимлендириў мәкемелериниң ректорлары (филиаллардың директорлары), кәсип-өнер билимлендириўи мәкемелери директорларына бойсыныўы бойынша министрликлер ҳәм уйымлар менен келисилген ҳалда:

сырт ел пуқараларын оқытыў ушын жоқары ҳәм кәсип-өнер билимлендириўи мәкемелеринде өз алдына бакалавриат тәлим бағдарлары, магистратура қәнигеликлери, кәсиплер ҳәм қәнигеликлерди ашыў, оларды оқытыў тилин және академиялық топарды қәлиплестириў ушын зәрүрли студентлердиң (оқыўшылар)санын белгилеў;

кәсип-өнер билимлендириўи мәкемелеринде кәсиплер ҳәм қәнигеликлер бойынша билим алыў тилегинде болған  сырт ел пуқараларын оқытыў мүддети, даўамлылығы ҳәм оларды төлемли-конракт тийкарында оқытыўдың баҳасын белгилеў ҳуқықы бериледи.

  1. Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги Министрлик пенен биргеликте еки ай мүддетте сапластырылып атырған Орайдың хызметкерлерин жумыс пенен тәмийинлеў илажларын көрсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Минитрлер Кабинети бир ҳәпте мүддетте Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў системасына басқарыўдың жаңа принциплерин енгизиў илажлары ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары жойбарын белгиленген тәртипте киргизсин.
  3. Министрлик еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Минитрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  4. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас Министриниң орынбасары А.А.Абдуҳакимовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикаы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2019-жыл 11-июль