Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Муҳаммед ал-Хорезмий, Аҳмед Фарғаний, Әбу Райхан Беруний, Мырза Улуғбек сыяқлы уллы бабаларымыз негизин салған математика пәни илим ҳәм техниканың заманагөй тармақларының жедел  раўажланыўы мүнәсибети менен ҳәзирги күнде және де үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Әсиресе оның роли  мәлимлеме-коммуникация технологиялары, медицина, биология, санлы экономика тараўында ҳәм басқа да көплеген тараўларда артты.

Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының В.И.Романовский атындағы Математика институты (кейинги орынларда – Институт) өз жумысы даўамында математика илимин раўажландырыўға, республика ушын жоқары қәнигеликке ийе кадрларды таярлаўға сезилерли үлес қосты ҳәм математикалық изертлеўлердиң дүнья дәрежесинде тән алынған орайларынан бирине айланды.

Институтта функционаллық анализ, дифференциал теңлемелер, итималлық теориясы және алгебра бойынша илимий мектеплер қәлиплести ҳәм табыслы раўажланбақта. Хызметкерлердиң илимий изертлеўлери бес мәрте Өзбекстан Мәмлекетлик сыйлығына ийе болды, 12 белгили илимпаз Өзбекстан Илимлер академиясының ҳақыйқый ағзалығына ҳәм абырайлы Пүткил жер-жүзилик илимлер академиясы (TWAS)  на сайланған.

Бонн, Кембридж, Париж, Сеул, Сантьяго де Компастела университетлери ҳәм басқа да илимий орайлардың илимпазлары менен биргеликте қоспа илимий жойбарлар әмелге асырылмақта. Институтта мәмлекет университетлери, мектеплер ҳәм академиялық лицейлерде лекциялар оқыў ҳәм арнаўлы курсларды өтиў, сондай-ақ, магистрлик диссертацияларға басшылық етиў әмелияты кеңнен енгизилген. Бүгинги күнде илимий хызметкерлердиң орташа жасы 47 жасты, илимий дәрежели илимий хызметкерлердиң үлеси болса 87,0 процентти қурамақта.

Соның менен бирге, ҳәр тәреплеме таллаўлар  бир қанша системалы ўазыйпаларды анықлады. Олардың әмелге асырылыўы Институттың илимий жойбарларды хатлаўдан өткериў, бар илимий потенциалдан жоқары дәрежеде пайдаланыў ҳәм оны раўажландырыўға байланыслы жумысларды түп-тийкарынан жетилистириўди, изертлеўлерди енгизиў нәтийжелилигиниң әмелий индикаторлары ҳәм мақсетли көрсеткишлери ислеп шығылыўын Өзбекстан Илимлер академиясы тәрепинен және де анық муўапықластырыўды, сондай-ақ мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў илажларын талап етеди.

Математикалық билимди ҳәм илимди буннан былай да раўажландырыў, фундаменталь излеў ҳәм әмелий илимий изертлеўлер жүргизиў, жоқары билимлендириўден кейинги билимлендириў институтларының жумысы ҳәм илимий қәнигелерди таярлаўдың нәтийжелилигин тәмийинлеў, илим, экономика тармақлары ҳәм өндиристиң интеграциясын беккемлеў, дүньяның жетекши илимий орайлары ҳәм университетлери менен халықаралық илимий-техникалық бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша комплексли илажларды әмелге асырыў мақсетинде:

  1. Институт жәмәәтиниң математика илимин раўажландырыўға, илим ҳәм билимлендириўдиң интеграциясын беккемлеўге, жоқары қәнигеликке ийе кадрларды таярлаўға ҳәм Ўатанымыздың математика мектеплериниң табысларын үгит-нәсиятлаўға бағдарланған жумысы қоллап-қуўатлансын.
  2. Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының Математика илимин раўажландырыў ҳәм институттың жумысын жетилистириўдиң төмендеги әҳмийетли ўазыйпаларды әмелге асырыўды нәзерде тутатуғын мақсетли бағдарламасын (кейинги орынларда – Мақсетли бағдарлама)1-қосымшаға муўапық тастыйықлаў ҳаққындағы усынысы қабыл етилсин:

илимниң түрлес тараўларында ҳәм экономика тармақларында илимий нәтийжелерден пайдаланыў , сондай-ақ, Институттың белгили бир илимий бағдарларын фундаменталь излениўлерден  әмелий изертлеўлерге қайта бағдарлаў бағдарламаларын ислеп шығыў;

2020-2022-жылларда экономика тармақлары ҳәм социаллық тараў ушын математика бойынша жоқары маманлыққа ийе қәнигелерди таярлаў илажлары бағдарламасын ислеп шығыў;

илимий нәтийжелер кеңнен додаланыўын ҳәм заманагөй илимниң жетискенликлерин ғалаба ен жайдырыўды шөлкемлестириў. Институт қолланбаларының турақлы түрде жаңаланып туратуғын электрон мағлыўматлар базасын жаратыў;

илимий-изертлеў жумысының билимлендириў процеси менен байланысларын беккемлеў. Мырза Улуғбек атындағы Өзбекстан Миллий университети, Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент мәлимлеме технологиялары университети студентлери ҳәм Институт хызметкерлериниң тәжирийбе  start-up жойбарларының әмелге асырылыўына жәрдемлесиў;

Математика тараўында жәҳән илимий орайлары, соның ишинде ҒМДА, Европа, Америка ҳәм Азия мәмлекетлериниң жетекши университетлери менен биргеликте изертлеўлерди шөлкемлестириў;

баспа жумысын жақсылаў ҳәм материалларды жәриялаўда белсендиликти арттырыў. Инглис тилиндеги «Өзбекстан математика журналы» илимий басылымының жумысын жетилистириў;

қаржыландырыў системасын жетилистириў, қәрежетлерди оптималластырыў ҳәм Институттың материаллық-техникалық базасын беккемлеў. Инфраструктураны модернизациялаў. Хызметкерлер ушын жумыс шараятларын жақсылаў ҳәм оларды материаллық жақтан хошаметлеў системасын жетилистириў. Ҳәр жылғы «Илим жетекшиси» республикалық таңлаўын өткериў.

Мақсетли бағдарламаның толық орынланыўын тәмийинлеў, Институттың жумысы нәтийжелилигин арттырыўға тосқынлық етип атырған факторларды сапластырыў бойынша муўапықластырылған ҳәм алдын алыўшы илажлардың көрилиўи ушын Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының президенти Б.С.Юлдашевқа ҳәм вице-президентлерге жеке жуўапкершилик жүкленсин.

  1. 2020-2024-жылларда Институттың илимий-изертлеў жумысларының бағдарламасы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Инновациялық раўажланыў министрлиги, мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте Институттың илимий бағдарларына муўапық ҳәр жылы Институттың илимий-изертлеў жумысларының календарь бағдарламаларының ислеп шығылыўын ҳәм тастыйықланыўын тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Илимлер академиясы ҳәм Институттың сабақлықлар, оқыў ҳәм көргизбели қолланбалар, соның ишинде, электрон сабақлықлар, оқыў көргизбели қуралларды Институттың экспертлик жуўмағынан кейин жәриялаў, билимлендириў мәкемелеринде математика пәнлерин оқытыў, математика олимпиядаларын өткериў тәртибин жетилистириў бойынша бир ай мүддетте усыныслар киргизсин.
  2. Өзбекстан республикасы Илимлер академиясы илимий-изертлеў мәкемелериниң жумысын басқарыў бойынша алдыңғы сырт ел тәжирийбесин үйрениў тийкарында бир ай мүддетте:

Мақсетли индикаторлар тийкарында Илимлер академиясы системасына киретуғын илимий-изертлеў мәкемелериниң илимий бөлимлери ҳәм хызметкерлериниң жумысын баҳалаў нормаларын ислеп шықсын;

Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы системасындағы илимий-изертлеў мәкемелериниң басшыларын лаўазымға тайынлаў ҳәм лаўазымнан азат етиў тәртибин белгилеў бойынша тийкарланған усыныслар киргизсин.

6.Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының Институттың 2021-жылға шекемги мақсетли көрсеткишлерин (индикаторларын) (кейинги орынларда – Мақсетли көрсеткишлер) 3-қосымшаға муўапық тастыйықлаў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.

2020-жылдан баслап илимий лабораториялар ҳәм илимий хызметкерлердиң жумысы рейтинг системасы тийкарында ҳәр жылы Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Президиумының қарары бойынша шөлкемлестирилетуғын арнаўлы комиссия тәрепинен баҳаланатуғыны белгиленсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы, «Эл-юрт умиди» фонды ҳәм Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги Институттың илимий хызметкерлериниң 4-қосымшаға муўапық сырт еллердиң жетекши илимий орайларында қәнигелигин арттырыўын тәмийинлесин.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы «Эл-юрт умиди» фонды және Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги жанындағы Инновациялық раўажланыў ҳәм новаторлық идеяларды қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары Институттың илимий хызметкерлериниң қәнигелигин арттырыўды қаржыландырыўшы дәреклер етип белгиленсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы, Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги ҳәм Қаржы министрлигиниң 2020-жыл 1-январьдан баслап Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары есабынан қаржыландырылатуғын жоқары билимлендириўден кейинги билимлендириўде стажёр-изертлеўшилер институтын (кейинги орынларда – стажёр-изертлеўшилер институты) шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.

Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги менен биргеликте Институтқа жоқары билимлендириўден кейинги билимлендириў институтында оқыў ушын ажыратылатуғын қабыллаў квотасының ярымынан кем болмаған муғдардағы қабыллаў квотасы стажёр-изертлеўшилер институты ушын ажыратылыўын тәмийинлесин.

  1. Институт структурасына:

өткерилетуғын илимий изертлеўлердиң нәтийжелилигин  арттырыў, илимий қәнигелерди таярлаў, илимий-изертлеў жумысын билимлендириў процеси менен интеграцияластырыўды тәмийинлеў ушын жуўапкер болған Институттың илимий басшысы – директордың илим бойынша орынбасары лаўазымы;

алгебра ҳәм оның қолланылыўы, дифференциал теңлемелер ҳәм онық қолланылыўы, сызықсыз системалар, динамикалық системалар ҳәм олардың қолланылыўларын математикалық моделлестириў, стохастикалық таллаў, медициналық-биологиялық информатика, есаплаў математикасы бағдарлары бойынша илимий лабораториялар киргизилсин.

Институт структурасында юридикалық шахс шөлкемлестирмей Жас математиклердиң оқыў орайы шөлкемлестирилсин, оған төмендеги ўазыйпаларды әмелге асырыў жүкленсин:

улыўма билим бериў мектеплери ҳәм лицейлердиң оқыўшылары, жоқары билимлендириў мәкемелериниң студентлери ҳәм докторантлар ушын математика бойынша оқыў курсларын шөлкемлестириў;

Өзбекстанның сайланды командасын халықаралық математика олимпиадаларына таярлаў ушын зәрүр шараятлар жаратыў;

қәбилетли жасларды сайлап алыў ҳәм мақсетли таярлаў процесслерине оқытыўдың заманагөй усылларын ҳәм педагогикалық инновацияларды енгизиў;

жетекши илимпазлар ҳәм жоқары маманлыққа ийе қәнигелерди. соның ишинде, сырт ел илимпазлары менен қәнигелерин билимлендириў процесине тартыў.

  1. Институттың жаңаланған структурасы 5-қосымшаға муўапық тастыйықлансын. Илимий кеңес ҳәм Жас илимпазлар кеңеси қурамы Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы президенти менен келисилген ҳалда тастыйықланатуғыны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. 2020-жыл 1-январьдан баслап Институт хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеў, имаратлар ҳәм объектлерди сақлаў қәрежетлерин қаржыландырыў, сондай-ақ, ағымдағы қәрежетлерин қаплаў Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары есабынан әмелге асырылатуғын белгилеп қойылсын.
  3. Төмендегилер Институт жумысын қаржыландырыў дәреклери етип белгиленсин:

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары;

халықаралық қаржы институтлары ҳәм басқа да институтлар, сырт ел шөлкемлериниң грантлары шеңберинде түсетуғын қаржылар;

хожалық жумысынан түсетуғын қаржылар;

нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер.

  1. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Инновациялық раўажланыў министрлиги менен биргеликте Институтқа фундаменталь изертлеўлердиң илимий-техникалық жойбарларын әмелге асырыў ушын ажыратылған бюджет қаржылары усы қарар тапсырмаларынан келип шыққан ҳалда талап етилетуғын қосымша бюджет қаржыларының бир бөлегин қаплаўға бағдарланыўын тәмийинлесин.
  2. Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы, Инновациялық раҳажланыў министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Қаржы министрлигиниң Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 1-ноябрьдеги ПҚ-3365-санлы қарарына муўапық 2020-жылда Институт имаратын (кейинги орынларда – объект) ири оңлаў, сондай-ақ, оның материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
  3. Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы еки ай мүддетте:

объект бойынша жойбарлаў-смета ҳүжжетлерин таярласын ҳәм олардың белгиленген тәртипте экспертизадан өткерилиўин тәмийинлесин;

Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының Әбу Райхан Беруний атындағы Шығыстаныў институты Бийбаҳа қолжазбалар орайының имарат ҳәм объектлериниң босатылыўын тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги Өзбекстан Республикасы Илимлер академясының тийкарланған буйыртпалары тийкарында 2020-жылғы Өзбекстан Республикасының Инвестициялық бағдарламасын қәлиплестириўде объектти ири оңлаў ушын тастыйықланған жойбарлаў-смета ҳүжжетлерине муўапық капитал қойылмалардың тийисли лимитлерин нәзерде тутсын.
  2. Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлиги объектте ири оңлаў ҳәм қурылыс-монтажлаў жумыслары орынланыўының сапасы үстинен мәмлекетлик архитектура-қурылыс қадағалаўын орнатсын.
  3. Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы:

бир ай мүддетте – белгиленген тәртипте Институт уставын тастыйықласын ҳәм оның мәмлекетлик дизимнен өткерилиўин тәмийинлесин;

Институттың заманагөй компьютер үскенелери ҳәм басқа да шөлкемлестириўшилик техника менен, соның ишинде, Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының илимий-изертлеў мәкемелериниң объектлерин сатыўдан түсетуғын бюджеттен тысқары қаржылар есабынан толықтырылыўын тәмийинлесин;

еки ай мүддетте – мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

  1. 2019-жыл 24-майда илимий жәмәәтшилик ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелериниң ректорлары менен өткерилген ушырасыўда белгиленген ўазыйпалардан келип шығып Илим ҳәм технологиялар бойынша республикалық кеңес (кейинги орынларда – Республикалық кеңес)шөлкемлестирилсин ҳәм оған төмендеги ўазыйпалар жүкленсин:

илим ҳәм технологиялар тараўында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты қәлиплестириў, соның ишинде, илим ҳәм билимлендириў тараўында әмелге асырылып атырған реформаларды муўапықластырыў, илим ҳәм технологиялар тараўын жедел раўажландырыў бойынша әмелий илажларды ислеп шығыў, олардың орынланыўы нәтийжелилигин тәмийинлеў;

илимий-техникалық  сиясат стратегиясын, илимий-инновациялық инфраструктураны раўажландырыўдың әҳмийетли бағдарларын қәлиплестириў ҳәм тастыйықлаў бойынша усынысларды ислеп шығыў;

илимий-техникалық жойбарлардың мәмлекетлик мақсетли бағдарламаларын тастыйықлаў ҳәм олардың әмелге асырылыўы бойынша тәсиршең қадағалаўды тәмийинлеў;

ҳәр жылғы илимий-изертлеў жумысларының бағдарламаларын, сондай-ақ, илимий-изертлеў жумысы Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржыларынан тиккелей қаржыландырыў есабынан әмелге асырылатуғын илимий-изертлеў мәкемелериниң мақсетли индикаторларын тастыйықлаў;

илим ҳәм технологияларды раўажландырыўдың әҳмийетли бағдарлары бойынша миллий лабораториялар системасын қәлиплестириў, сондай-ақ, илимий-изертлеў мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, оларды заманагөй лабораториялық асбап-үскенелер менен толықтырыў ҳәм комплектлеўши және жумсалатуғын материаллар менен избе-из тәмийинлеў бойынша әмелий илажларды ислеп шығыў;

илим ҳәм технологиялар тараўында мәмлекетлик илимди дүньялық жетискенликлер менен үйлестириў, илимий потенциал ҳәм инновациялық раўажланыўды рейтинг баҳалаўда мәмлекеттиң имиджин, соның ишинде, илимий қолланбаларды жедел коммерцияластырыў ушын зәрүрли шараятларды жаратыў арқалы арттырыў;

илимий-изертлеў, билимлендириў ҳәм жойбарлаў-конструкторлық мәкемелери, сондай-ақ, санаат кәрханалары ҳәм коммерциялық структуралар тәрепинен пайдаланыў мақсетинде ең жаңа илимий-техникалық қолланбалар ҳаққындағы алдынғы сырт ел тәжирийбесин излеў, улыўмаластырыў, таллаўдың мәмлекетлик мәлимлеме-таллаў системасын жаратыў, Өзбекстанды раўажландырыў ушын илимий-техникалық потенциалдың заманагөй мәлимлеме-ресурс базасын қәлиплестириў;

айрықша мәмлекетлик әҳмийетке ийе болған және илим ҳәм инновациялық раўажланыў тараўын реформалаў даўамында келип шығатуғын әҳмийетли мәселелер ҳәм машқалаларды додалаў, соның ишинде, ғалаба түрде додалаў;

илим ҳәм техника тараўында Мәмлекетлик сыйлықты бериўге  байланыслы мәселелерди көрип шығыў ҳәм усыныслар таярлаў.

  1. Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы менен биргеликте бир ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине:

Илим ҳәм технологиялар бойынша республикалық кеңестиң жеке қурамын ҳәм Кеңес ҳаққындағы режени тастыйықлаўды нәзерде тутатуғын Ҳүкимет қарарының жойбарын;

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 30-ноябрьдеги ПҚ-3416-санлы қарары менен шөлкемлестирилген Илимий-техникалық мәлимлеме орайын қәнигели кадрлар менен толықтырыў ҳәм оның жумысын жеделлестириў бойынша усынысларды киргизсин.

  1. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа, Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы президенти Б.С.Юлдашевқа жүкленсин.

Қарардың орынланыўы Илим ҳәм технологиялар бойынша республикалық кеңестиң мәжилислеринде 2019-жыл сентябрь ҳәм декабрь айларында және 2020-жыл апрель айында көрип шығылсын.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2019-жыл 9-июль

    *   *   *

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Математикалық билимди ҳәм илимди буннан былай да раўажландырыўды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының В.И.Романовский атындағы Математика институтының жумысын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарына

ТҮСИНИК

Мәмлекетимиз Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен жоқары билимлендириў мәкемелириниң ректорлары ҳәм республиканың илимий жәмийетшилиги менен усы жыл 24-майдағы ушырасыўда жоқары билимлендириў системасындағы жумыслардың жағдайын таллаў менен биргеликте илимди және де раўажландырыў, оның кадрлар таярлаўға, әсиресе, талантлы жасларды таярлаўға қосатуғын белгили үлесин көбейтиў, илимий излениўлерди кеңейтиў ҳәм оларды коммерцияластырыў, республика илимпазларының мийнети ушын зәрүр шараятлар жаратыў ҳәм материаллық хошаметлеўге байланыслы болған комплексли мәселелер белгиленди.

Усы талаплардан келип шығып елимиздиң Илимлер академиясының ески институтларынан бири – 1943-жылы дүзилген В.И.Романовский атындағы Математика институтының жумысы ҳәр тәреплеме үйренип шығылды ҳәм талланды.

Институт ҳәм оның илимий топарын ҳақылы түрде математика илимлериниң даўамшысы деп айтыў мүмкин. Муҳаммед аль-Хорезмий, Аҳмед Фарғаний, Әбу Райхан Беруний, Мырза Улығбек сыяқлы уллы бабаларымыз оның негизин жаратқан.

Математика институты өз жумысы дәўиринде математика илимлерин раўажландырыўға салмақлы үлес қосты. Функциональ таллаў, дифференциаллық теңлемелер, итималлық теориясы ҳәм алгебра бойынша илимий мектеплер нәтийжели раўажланбақта. Институт хызметкерлериниң илимий изертлеўлери бес мәрте Өзбекстан Мәмлекетлик сыйлығына миясар болды, 12 белгили илимпаз Өзбекстан Илимлер академиясының ҳақыйқый ағзалығына ҳәм абырайлы Пүткил жер жүзилик илимлер академиясы  (TWAS)на сайланған.

Институт жоқары маман кадрлар таярлаўға жедел үлес қоспақта. Елимиздиң жоқары оқыў орынлары менен беккем байланыс орнатылған, лекциялар оқыў, арнаўлы курслар өткериў ҳәм магистрлик диссертацияларына басшылық етиў әмелияты кеңнен енгизилген. Илимий хызметкерлердиң орташа жасы 47 жасты, илимий дәрежели илимий хызметкерлердиң үлеси болса 87,0 процентти қурайды. Докторантурада 20 дан аслам жас илимпазлар билим алмақта, олардың саны жылдан-жылға өсип бармақта.

Институттың халықаралық байланыслары нәтийжели раўажланбақта. Бонн, Кембридж, Париж, Сеул, Сантьяго де Компастела университетлери ҳәм басқа да илимий орайлардың илимпазлары менен биргеликте қоспа илимий жойбарлар әмелге асырылмақта.

Усы барлық салмақлы нәтийжелер математика илимлерин буннан былай да раўажландырыўды ҳәм Институттың жумысын жетилистириўди нәзерде тутатуғыны сөзсиз. Қарарда Институттың бар илимий потенциалынан және де нәтийжели пайдаланыўға тосқынлық етип атырған бир қатар машқалалар атап өтилген.

Мәселен, Институттың әмелдеги структурасы ҳәм илимий хызметкерлериниң саны экономика тармақлары ҳәм социаллық тараўдың әҳмийетли ўазыйпаларын шешиў ушын әмелий илимий бағдарларды кеңейтиў имканиятын бермей атыр. Елимизде математика тараўындағы изертлеўлер бойынша бас орай болғаны ҳалында Институт изертлеўлерди жедел алып барыў, билим бериў процеси менен интеграцияны беккемлеў, бир қатар бөлимлерди әмелий илимий қолланбаларға қайтадан бағдарлаў ушын заманагөй инфраструктураға ийе емес.

Қәбилетли жасларды таңлаўға Институт илимпазларын тартыўдың бар системасы жас қәнигелерди таярлаўдың үзликсиз ҳәм нәтийжели механизмин тәмийинлеў, соның ишинде, математика бойынша халықаралық олимпиадада жоқары көрсеткишлерге ерисиў имканиятын бермей атыр.

Республикада билимлердиң базалық тармағы сыпатында математика илимий мектеплер изертлеўлериниң бул жағдайын сын қөзқарастан таллаўға ҳәм илимий изертлеўлердиң тийкарғы бағдарлары бойынша усыныслар ислеп шығыўға және илимий қолланбаларды хатлаўдан өткериўге талап сезилип атырғанлығы айрықша атап өтилген.

Усы машқалаларды сапластырыў мақсетинде қарарда комплексли тийкарғы ўазыйпалар белгиленген. Олардың әмелге асырылыўы математикалық билимди ҳәм илимди буннан былай да раўажландырыў, сондай-ақ, Математика институтының жумысын түп-тийкарынан жетилистириўди тәмийинлеў имканиятын бериўи керек. Мәмлекетимиз басшысының тапсырмаларына муўапық бул процессте тек ғана Илимлер академиясының емес, ал қәнигелестирилген министрликлер ҳәм уйымлардың және республика Ҳүкиметиниң белсене қатнасыўына айрықша итибар қаратылғанын атап өтиў керек. Усы ўазыйпаларды әмелге асырыў ушын қарар менен:

биринши – соның ишинде, илимий нәтийжелерден илимниң түрлес тараўларында ҳәм экономика тармақларында пайдаланыўды; Институттың белгили бир бағдарларын фундаменталь излениўлерден әмелий излениўлерге қайта бағдарлаўды; экономика тармақлары ҳәм социаллық тараў ушын математика бойынша жоқары маман кадрларды таярлаў бойынша 2019-2021-жылларға мөлшерленген комплексли илажларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў нәзерде тутылған математика илимлерин раўажландырыўдың мақсетли бағдарламасы тастыйықланды;

екиншиИнституттың 2020-2024-жылларға мөлшерленген анық илимий-изертлеў жумысларының бағдарламасы тастыйықланды. Онда фундаменталь изертлеўлер менен биргеликте әмелий математикаға айрықша итибар қаратылған;

үшинши – Институттың мақсетли көрсеткишлери (индикаторлары) биринши рет ислеп шығылды ҳәм тастыйықланды, олар басшылар, ҳәр бир илимий хызметкер ҳәм улыўма Институттың мәмлекетте математика илимлериниң раўажланыўына реал жеке үлесин қалыс түрде баҳалаў имканиятын беретуғынын айрықша атап өтиў керек;

төртиншихалықаралық бирге ислесиўди және де раўажландырыў ҳәм Институттың илимий хызметкерлериниң қәнигелигин арттырыўдың перспективалы бағдарлары тастыйықланды. Бирге ислесиўдиң илимий бағдарлары 18 мәмлекетте, соның ишинде, ҒМДА мәмлекетлери, Европа, Америка ҳәм Азияның жетекши илимий мәкемелеринде билим алыў ҳәм тәжирийбе арттырыўды нәзерде тутады.

Усы перспективалы ўазыйпалардан келип шығып Институттың шөлкемлестириўшилик структурасы түп-тийкарынан қайта көрип шығылды ҳәм оның жаңа шөлкемлестириўшилик структурасы тастыйықланды. Биринши рет илимий-изертлеў мәкемелерин басқарыўдың халықаралық тәжирийбесинен келип шығып әмелге асырылып атырған илимий изертлеўлердиң нәтийжелилигин арттырыў, илимий кадрларды таярлаў, илимий-изертлеў жумысының билим бериў процеси менен интеграциясын тәмийинлеў ушын жуўапкер болған директор орынбасары – Институттың илимий басшысы лаўазымы енгизилди. Бөлимлердиң орнына математиканың анық бағдарлары бойынша илимий лабораториялар шөлкемлестириледи. Сондай-ақ, жас математиклердиң оқыў орайын шөлкемлестириў нәзерде тутылған.

Қарарда, сондай-ақ, ҳәм математика илимлерин, ҳәм Институтты раўажландырыўды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың анық илажлары белгиленген. Талап етилетуғын илимий хызметкерлердиң саны қайтадан көрип шығылды. Хызметкерлердиң мийнет ҳакысын олардың илимий изертлеўлерге қосқан анық үлеси есабынан алынған ҳалда арттырыў илажлары белгиленди. Институт имаратын ири оңлаўдан шығарыўды, зәрүр үскенелер, есаплаў техникасы қураллары ҳәм мәлимлеме-коммуникация технологиялары менен толықтырыўды шөлкемлестириў бойынша бир қатар тапсырмалар берилди.

Қарарда Математика институтын раўажландырыў мәселелерин шешиў менен биргеликте илим ҳәм технологиялар тараўында мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў бойынша бир қатар илажлар белгиленди. Бул ушын Республикалық илим ҳәм технологиялар кеңесин шөлкемлестириў нәзерде тутылған.

Буннан тысқары, Илимлер академиясына Мақсетли индикаторлар тийкарында Илимлер академиясының системасына киретуғын илимий-изертлеў мәкемелериниң илимий бөлимлери ҳәм хызметкерлериниң жумысын баҳалаў өлшемлерин ислеп шығыў; Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы системасындағы илимий-изертлеў мәкемелериниң басшыларын лаўазымға тайынлаў ҳәм лаўазымнан азат етиў тәртибин белгилеў бойынша тийкарланған усыныслар киргизиў тапсырылды.

Мәмлекетимиз басшысының қарарында усы комплексли илажларды әмелге асырыў, ең дәслеп, Институт басшыларына, ҳәр бир илимий хызметкерге ҳәм пүткил жәмәәтке, математика илимлерин буннан былай да раўажландырыўдың қойылған мақсетлери ҳәм ўазыйпаларына сөзсиз ерисиўин тәмийинлеўде, сондай-ақ, Ўатанымыздың илимий мектеплериниң дүнья жүзи дәрежесиндеги жетискенликлерин беккемлеўде олардың умтылысы, интакерлиги ҳәм жуўапкершилигине шешиўши дәрежеде байланыслы екенлиги айрықша атап өтилген.

ӨзА