Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Мәмлекетимизде демократиялық принциплер, сөз ҳәм баспасөз еркинлигин раўажландырыў, халқымыздың мәлимлеме тараўындағы конституциялық ҳуқықларын тәмийинлеў, халыққа қалыс ҳәм дурыс мәлимлеме жеткериў, жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик уйымлар арасындағы өз-ара бирге ислесиўди беккемлеў жумысларына қосқан ылайықлы үлеси, елимизде әмелге асырылып атырған социаллық-экономикалық рерформалар, жаңаланыў ҳәм инновация процесслерин кеңнен сәўлелендириў, жас әўладты ана Ўатанға садықлық, миллий ҳәм улыўмаинсанийлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў бойынша көп жыллық нәтийжели мийнети ҳәм жәмийетлик турмысқа белсене қатнасқаны ушын төмендегилер ҳүрметли атақлар, орден және медаллар менен сыйлықлансын:

 

Қарақалпақстан Республикасы бойынша:

 

«Меҳнат шуҳрати» ордени менен

Есебаев Қуўатбай Матекович – Қарақалпақстан хабар агентлигиниң бас редакторы

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2019-жыл 27-июнь