Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қарары

Мырза Улығбек атындағы Өзбекстан Миллий университети өз жумысы дәўиринде билимлендириў ҳәм илимди раўажландырыўға, сондай-ақ, республика экономикасының ҳәр қыйлы тармақлары, социаллық ҳәм руўхый тараўлар ушын кадрларды таярлаўға салмақлы үлес қосты. Өткен дәўирде 100 ден аслам академик ҳәм 2,5 мың илим докторлары ҳәм кандидатлары таярланды. Т.Саримсоқов, С.Сирожиддинов, М.Салоҳиддиновтың математиклер, Ж.Мусаевтың биохимиклер, Ҳ.Абдуллаев, Т.Долимовтың геологлар мектеплери кеңнен тән алынды. Өзбекстан Қаҳарманлары А.Орипов, Э.Воҳидов, О.Шарафиддинов ҳәм С.Ғаниева университетте тәлим-тәрбия алды.

Оқыў процеси заманагөй талаплар есапқа алынған ҳалда қәнигелерди таярлаўдың, сондай-ақ, педагог кадрларды қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыўдың мәмлекетлик билимлендириў стандартлары және оқыў  бағдарламалары менен жаңаланды. Жоқары маман илимий кадарларды таярлыўдың жаңа еки басқышлы системасы енгизилди. Соңғы 10 жылда ҳәр қыйлы бағдарлар ҳәм қәнигеликлер бойынша 26 мыңнан аслам қәнигели питкериўшилер университет дипломын алды.

Ҳәзирги ўақытта 114, соның ишинде, 18 халықаралық илимий ҳәм илимий билимлендириў жойбарлары әмелге асырылмақта, оларда университеттиң 50,0 проценттен аслам оқытыўшылары қатнаспақта. 2018/2019 оқыў жылынан баслап «геодезия ҳәм геоинформатика» бағдары бойынша Казань федеральлық университети (Россия Федерациясы) ҳәм «компьютер пәнлери», «инженерлик математикасы», «технологиялық менеджмент» бағдарлары бойынша Холон технологиялар институты (Израиль) менен биргеликтеги билимлендириў бағдарламалары әмелге асырылмақта. Дүньяның жетекши университетлеринде 226 оқытыўшы ҳәм докторантлардың тәжирийбе арттырыўы, қәнигелигин жетилистириўи ҳәм илимий изертлеўлер алып барыўы тәмийинленбекте.

Университеттиң материаллық-техникалық базасын модернизациялаў ҳәм беккемлеў илажлары әмелге асырылмақта. 2 жаңа факультет ашылды,  жаңа лаборатория үскенелери менен тәмийинленген оқыў-лаборатория корпуслары реконструкцияланды. Профессор-оқытыўшылар қурамының мийнетине ҳақы төлеў 2,5 есеге арттырылды.

Мәмлекет тәрепинен көрилип атырған ҳәр тәреплеме жәрдем ҳәм қоллап-қуўатлаў университет жумысында тек ғана «…дөретиўшилик ҳәм системалы пикирлейтуғын, стандарт емес қарарларды қабыл етиўге уқыплы болған, мәмлекеттиң мәпин ҳәмме нәрседен үстин қоятуғын жоқары маман кадрлар…» таярлаўға ғана емес, ал қәбилетли ҳәм талантлы студент жаслардың тәрбиясына да сөзсиз жәрдемлеспекте.

Бүгинги күнде университет студентлериниң 73,0 процентин Қарақалпақстан Республикасы ҳәр республиканың барлық 12 ўәлаятларынан келген студентлер қурайды. Олардың арасында Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлықтың ийелери, белгили аттағы стипендиатлар, пәнлер бойынша халықаралық ҳәм республикалық олимпиадалардың жеңимпазлары, спорт түрлери бойынша жәҳән ҳәм Азия чемпионатларының жеңимпазлары бар. С.Сирожиддинов атындағы академиялық лицей питкериўшилериниң 87,0 процентинен асламы республика жоқары билимлендлириў мәкмелерине табыслы кирди ҳәм оқыўды даўам еттирмекте.

Соның менен бирге, сын көзқарастан ҳәм ҳәр тәреплеме таллаўларда жоқары маман кадрларды таярлаў, илимий ҳәм көп қырлы инсан капиталын раўажландырыў тараўына тосқынлық етип атырған комплексли кемшиликлер және машқалалар  анықланды. Соңғы жылларда университеттиң Миллий университет статусына мүнәсип болыўы ушын әмелий ҳәм нәтийжели илажлар тәмийинленбеди. Соның ишинде:

бириншиден – ҳәр бир факультет ҳәм кафедра бойынша  билимлендириўдиң бағдарлары ҳәм қәнигеликлериниң қурамы, сондай-ақ, қабыллаў квоталары реал талаптан бир қанша артта қалмақта, көбинесе аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламаларында, мийнет базары ҳәм кадрлардың буйыртпашылары талапларына сәйкес келмейди. Питкериўшилердиң жумысқа жайластырылыўы ҳәмме ўақытта да ийелеген қәнигелигине муўапық емес;

екиншиден –  билимлендириў процесине, соның ишинде, сынақтан өткен ҳәм халықаралық стандартларға  муўапық болған заманагөй педагогикалық технологияларды енгизиў дәрежеси төмен. Билимлендириў процесин оқыў методикалық тәмийинлеў ҳәм оның мазмуны экономика тармақларының инновациялық ҳәм технологиялық раўажланыўынан артта қалмақта, студентлердиң теориялық ҳәм өндирислик әмелиятын шөлкемлестириў нәтийжели емес;

үшиншиденуниверситетти, соның ишинде, оқыў-тәрбиялық ҳәм илимий процессти нәтийжели басқарыўды тәмийинлеў ушын кадрлар резервин таярлаўдың анық сәўлелеленген системасы жоқ. Айырым педагог кадрлардың кәсиплик шеберлик дәрежеси жетерли емес екенлиги, қәнигелигин арттырыў курсларының, педагог ҳәм илимий хызметкерлер стажировкасының нәтийжесизлиги, магистрантлар ҳәм диссертантлардың басшылары ҳәм мәсләҳәтшилерин тайынлаўда Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының илимий-изертлеў институтларының потенциалы төмен екенлиги, ҳәр қыйлы бағдарламалар, соның ишинде, сырт елде магистратура бойынша кадрларды таярлаўдың системалы емеслиги сақланып қалмақта;

төртиншиден – университет оқыўшыларының тек ғана 59,0 проценти илимий дәрежеге ийе, илим докторларының орташа жасы 61 жасты, илим кандидатларының орташа жасы 54 жасты қурамақта. Университет абырайлы халықаралық  агентликлер рейтингине кирмейди, илимпазлардың илимий мақалаларынан халықаралық силтеме келтириў дәрежеси төменлигинше қалмақта, студентлердиң белгили бир бөлегиниң илимге умтылысы ҳәм қызығыўшылығы жүдә төмен екенлиги бақланбақта;

бесиншиден – университет мәлимлеме системасының мазмуны, өнимдарлығы ҳәм сапасы, сондай-ақ, 85 қәнигелериниң өз жумысын билиўи төмен дәрежеде қалмақта. Жоқары тезликтеги Интернет тармағынан пайдаланыў имканияты жоқ, университет аймағының дерлик 7,0 процентинде Интернетке, соның ишинде, сырт ел мәлимлеме билимлендириў ресурсларына сымсыз жалғаныўы мүмкин;

алтыншыдан – жетекши сырт елдеги қәнигелескен илимий орайлар менен, әсиресе илимий стажировкалар тийкарында жақын шериклик қатнасықларын орнатыў жумыслары керекли түрде әмелге асырылмай атыр, университеттиң оқыў ҳәм илимий жумысына тартылған сырт ел профессорлары ҳәм оқытыўшыларының саны жетерли емес;

жетиншиден – өткерилген социологиялық изертлеўлерде жигитлер ҳәм қызлар, сондай-ақ, жас педагоглар менен алып барылып атырған руўхый ағартыўшылық жумысларды анық мазмун менен толықтырыў,  оларда билимге умтылыўды ғана емес, ал адамгершиликтиң миллий дәстүрлерине садықлық ҳәм жоқары руўхыйлықты тәрбиялаў, жат идеялар ҳәм идеологияларға қарсы сын көзқарастан ақыл-ойды ҳәм иммунитетти беккемлеў зәрүрлигин көрсетпекте. Ректорат, фаультетлер ҳәм кафедралардың көпшилик басшылары усы әҳмийетли жумыстан өзлерин шетке алған, олардың студентлер турақ жайларында жаслар менен ушырасыўлары саны жүдә аз. Дем алыў, көплеген илажлардың, соның ишинде, мәдений-ғалабалық ҳәм спорт илажларының дәрежеси төменлигинше қалмақта;

сегизиншиден – айырым факультетлер, академиялық лицей, спорт объектлери ҳәм студентлердиң дала әмелиятлары өтетуғын орынлардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў ушын әмелий илажлар көрилмей атыр.  Илимий-изертлеў лабораторияларында заманагөй әсбап-үскенелер жетиспейди. Студентлер жасайтуғын орынларда орынлардың жетиспеўшилиги бар, сондай-ақ, университет хызметкерлери ҳәм сырт елден мирәт етилетуғын қәнигелер ушын турақ жай жетерли емес;

тоғызыншыдан – университетти раўажландырыўда жоқары билимлендириў мәкемелери менеджментиниң заманагөй усыллар ҳәм алдынғы әмелиятқа тийкарланған анық сәўлелеленген стратегиясы жоқ. Қаржыландырыў системасын  қайта көрип шығыў ҳәм оптималластырыў, сондай-ақ, қаржылардан, бәринен бурын бюджет қаржыларынан ақылға уғрас ҳәм нәтийжели пайдаланыўдың ашық-айдын механизмлерин енгизиў талап етиледи;

оныншыдан – деканатлар ҳәм кафедралардың басшылары, сондай-ақ, профессор-оқытыўшылар қурамының мийнет нәтийжелилигин баҳалаўдың ҳәм кейин ала оларды материаллық хошаметлеўдиң рейтинг системасы енгизилмеген.

Көрсетип өтилген кемшиликлер ҳәм машқалалар Мырза Улығбек атындағы Өзбекстан Миллий университети (А.Р.Мараҳимов) ҳәм Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги (И.У.Маджидов)  басшылығында талапшаңлық, мақсетке бағдарланғанлық ҳәм жоқары маман, жаңаша пикирлейтуғын кадрлар таярлаўдың халықаралық стандартларына жуўап беретуғын заманагөй түрлери менен усылларын излеў, жаратыў және жедел енгизиў, жоқары билимлендириў илиминиң үлкен потенциалынан  нәтийжели пайдаланыў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасының жедел раўажланыўына белсене үлес қосыўға таяр ҳәм уқыплы болған мүнәсип студент-жасларды ҳәр тәреплеме таярлаў бойынша жеке баслама жоқ екенлигиниң тиккелей ақыбети есапланады.

Фундаменталь ҳәм гуманитар пәнлер тараўында халықаралық станлартларға муўапық талап жоқары болған маман кадрларды таярлаў сапасын түп-тийкарынан жақсылаў, жоқары билимлендириў илимин жедел раўажландырыў, перспективалы ҳәм жоқары технологиялы бағдарлар бойынша илимий потенциалдан нәтийжели пайдаланыў, кадрлардың кәсиплик дәрежесин ҳәм педагогикалық шеберлигин үзликсиз арттырып барыў, студент-жасларды руўхый-әдеп-икрамлылық жақтан тәрбиялаўды күшейтиў, сондай-ақ,  Мырза Улығбек атындағы Өзбекстан Миллий университетин комплексли раўажландырыўды тәмийинлеў бойынша системалы илажларды әмелге асырыў макқсетинде:

  1. Ректор А.Р.Мараҳимов ҳәм оның орынбасарлары Д.Х.Жумабаев, А.С.Тўраев, В.А.Ибодуллаев, Н.Н.Қодиров университеттиң структуралық бөлимлери тәрепинен нәтийжели менеджментти тәмийинлеў бойынша қатаң кемшиликлерге жол қойылғанлығы, ҳәзирги күндеги, орта мүддетли ҳәм перспективалы ўазыйпалар системалы талланбай атырғанлығы, тән алынған халықаралық талаплар ҳәм стандартлар дәрежесинде заманагөй билимлендириў, соның ишинде, инновациялық бағдарламалар ҳәм нәтийжели илимий-изертлеў жумыслары енгизилиўин тәмийинлеў бойынша басқарыў буўынының басшы кадрлары ҳәм профессор-оқытыўшылар қурамына талапшаңлықтың төмен екенлиги, сондай-ақ, университеттиң мәмлекетимиз университетлери ҳәм жетекши сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелери арасында рейтинги артыўы ушын жеке жуўапкер екенлиги ҳаққында қатаң ескертилсин.
  2. Өзбекстан Республикасы жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри И.У.Маджидов, оның орынбасарлары – К.А.Шарипов, У.Ш.Бегимқулов, С.М.Бузрукхонов, министрлик коллегиясы ҳәм орайлық аппараттың структуралық бөлимлери басшыларының итибары Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 20-апрельдеги «Жоқары билимлендириў системасын буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-2909-санлы қарарында белгилеп берилген тийкарғы бағдарларды, тийкарғы ўазыйпаларды әмелге асырыў ҳәм мақсетли көрсеткишлерге ерисиў және мәмлекетте жоқары билимлендириўдиң математика, тәбийғый-илимий гуманитарлық бағдарлары бойынша кадрлар таярлаў бойынша базалық университет сыпатында Мырза Улығбек атындағы Өзбекстан Миллий университетин комплексли раўажландырыў бойынша бир қатар нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң орынланыўы бойынша олар тәрепинен қадағалаў, тәсиршең муўапықластырыў жоқ екенлигине және көрилип атырған илажлардың нәтийжелилиги төмен екенлигине қаратылсын.
  3. Бас министрдиң орынбасары А.А.Абдуҳакимов Өзбекстан Республикасы Президентиниң жаслар, илим, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм спорт мәселелери бойынша кеңесгөйи А.А.Абдувахитов пенен биргеликте:

2019-жыл1-июльге шекем2015-2019-жылларда Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Ҳүкиметтиң ҳүжжетлери менен тастыйықланған 2017-2021-жыллар дәўиринде республикада жоқары билимлендириўди раўажландырыў системасы бойынша тийкарғы ўазыйпалар, талаплар ҳәм илажлардың әмелге асырылыўы нәтийжелилигин пуқта ҳәм ҳәр тәреплеме талласын;

2019-жыл 1-августқа шекем сын көзқарастан таллаў тийкарында: биринши – жоқары билимлендириў мәкемелерин раўажландырыў, олардың материаллық-техникалық базасын ҳәм қаржыландырыў жағдайын беккемлеўдиң әҳмийетли бағдарлары бойынша көрилген илажлардың нәтийжелилиги; екинши – тастыйықланған комплексли бағдарламаларға (илажларға) оптимал дүзетиўлер киргизиў; үшиншитийисли министрликлер, уйымлар ҳәм жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымларының оларға жүкленген мақсетли ўазыйпаларды әмелге асырыўда жуўапкерсизликке жол қойған басшыларының жеке жуўапкершилиги илажлары бойынша анық усыныслар киргизсин.

  1. Жоқарыда көрсетип өтилген лаўазымлы шахслар ҳәм министрликлер, уйымлар және ҳәкимликлер басшыларының айрықша итибары Мырза Улығбек атындағы Өзбекстан Миллий университетинде 2019-жыл 24-майда жоқары билимлендириў мәкемелериниң ректорлары ҳәм республиканың илимий жәмийетшилиги менен ушырасыўда белгиленген талаплар ҳәм тийкарғы ўазыйпалар өз ўақтында, сөзсиз ҳәм толық көлемде орынланыўы зәрүрлигине қаратылсын. Усы мақсетлерде берилген тапсырмалардың орынланыўы ҳәм алға қойылған мақсетлерге ерисилиўи тәмийинленетуғын әмелий илажлар ислеп шығылсын, тастыйықлансын және әмелге асырылсын.
  2. Көп қырлы ҳәм тийкарғы ўазыйпаларды – «…инсан капиталын ҳәр тәреплеме раўажландырыў, кейин ала Өзбекстан Республикасының интеллектуаллық, илимий ҳәм экономикалық қүдиретин, сондай-ақ, раўажланыўын ҳәм ғәрезсизлигин тәмийинлеўге уқыплы болған халықаралық стандартлар дәрежесинде қәнигелерди таярлаў ушын зәрүр ҳәм қолайлы шараятлар жаратыў…» бойынша комплексли анық илажларды ислеп шығыў Мырза Улығбек атындағы Өзбекстан Миллий университети, оның факультетлери, қәнигелестирилген кафедралар ҳәм басқа да кафедралар, илимий-изертлеў институтлары, академиялық лицей басшыларының, пүткил профессор-оқытыўшылар қурамы ҳәм студент-жаслардың тийкарғы мақсети етип белгиленсин.
  3. 2019-2023-жылларда Мырза Улығбек атындағы Өзбекстан Миллий университетин комплексли раўажландырыў бағдарламасы ислеп шығылыўын тәмийинлеў мақсетинде университет ректораты, Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, Қаржы министрлиги, экономика тармақлары ҳәм социаллық тараў басшыларының – кадрлар буйыртпашыларының, Ташкент қаласы ҳәкимлигиниң талап жоқары болған маман кадрлар  таярлаў системасын түпкиликли жетилистириў ҳәм университеттиң илимий потенциалын раўажландырыў, сондай-ақ, оның Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириўиниң жетекшиси (флагманы) сыпатындағы статусын тиклеўдиң беккем тийкары, әмелий механизми ҳәм кепили болыўға қаратылған 9 мақсетли бвғдарламаны биргеликте ислеп шығыў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин. Төмендеги мақсетли бағдарламаларды ислеп шығыўдың тийкарғы бағдарлары 1-9-қосымшаларға муўапық тастыйықлансын:

1-компонент – «Аймақлар, экономика тармақлары, илим ҳәм социаллық раўажландырыў талапларын есапқа алған ҳалда  билимлендириў бағдарлары ҳәм қәнигеликлерин оптималластырыў, кадрлар таярлаўдың мақсетли параметрлерин қәлиплестириў, студентлердиң өндирис кәрханаларында әмелиятын шөлкемлестириў»;

2-компонент – «Жаңа педагогикалық технологиялар енгизиўдиң  халықаралық әмелиятына муўапық билимлендириў процесин режелестириў, тереңлестириў ҳәм сапасын жақсылаўды шөлкемлестириўди жетилистириў»;

3-компонент – «Ректорат, факультетлер, кафедралар, илимий-изертлеў мәкемелери ҳәм академиялық лицейдиң басшы кадрлары ҳәм профессор-оқытыўшыларын таңлаў ҳәм тайынлаў, олардың кәсиплик дәрежесин ҳәм педагогикалық шеберлигин арттырыў системасын жетилистириў»;

4-компонент – «Илимий-изертлеў ҳәм инновациялық жумысты раўажландырыў, университетте алып барылатуғын изертлеўлерди өндирис, академиялық илимниң талаплары менен интеграциялаў. оқытыўшылардың илимий жумысының нәтийжелилигин тәмийинлеў, жасларды илимий жумысқа тартыў»;

5-компонент – «Билимлендириў, илимий ҳәм ҳәкимшилик жумыстың бирден-бир мәлимлеме майданын жаратыў, мәлимлеме-коммуникация технологиялары инфраструкутрасын үскенелер, контент пенен толықтырыў»;

6-компонент  – «Жетекши сырт ел университетлери менен халықаралық бирге ислесиўди, шериклик қатнасықларын раўажландырыў, билимлендириў жумысына сырт ел қәнигелерин ҳәм оқытыўшыларды тартыў»;

7-компонент –  «Тәрбиялық жумыслардың системасын жетилистириў, студентлерге жоқары әдеп-икрамлылық ҳәм руўхый-ағартыўшылық пазыйлетлерин сиңдириў, жат идеялар ҳәм идеологияларға қарсы иммунинетти беккемлеў, студентлердиң саламат турмыс тәризин ҳәм дем алыўын шөлкемлестириў ушын шараятлар жаратыў»;

8-компонент – «Материаллық-техникалық базаны модернизациялаў ҳәм беккемлеў, лабораторияларды заманагөй оқыў илимий әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў, социаллық-спорт инфраструктурасын раўажландырыў;

9-компонент – «Университеттиң жумысын нәтийжели қаржыландырыў, қәрежетлерди оптималластырыў ҳәм басқышпа-басқыш өзин-өзи қаржыландырыўға өтиў.

  1. Университет Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, басқа да министрликлер ҳәм уйымлардың тийисли нормативлик ҳүжжетлерди ҳәм әмелий илажларды өз ўақтында таярлаў, оларды пуқта экономикалық, финанслық ҳәм ҳуқықый экспертизадан өткериў жумысларының муўапықластырылыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, белгиленген мүддетлерде мақсетли бағдарламаларды қәлиплестириў ушын 10-қосымшаға муўапық структрурада Муўапықластырыўшы топар шөлкемлестирилсин. Муўапықластырыўшы топардың басшысы – Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.А.Абдуҳакимов бир ҳәпте мүддетте усы қарарға 1-9-қосымшалар бойынша жумысшы тоапарлардың қурамларын ҳәм мақсетли бағдарламаларды әмелге асырыўдың басқышпа-басқыш кестесин тастыйықласын.
  2. ҒМДА еллери ҳәм сырт мәмекетлердиң жетекши жоқары билимлендириў мәкемелеринде, соның ишинде, М.Ломоносов атындағы Москва мәмлекетлик университетинде сынақтан өткен тәжирийбени үйрениўди есапқа алған ҳалда 2019/2020 оқыў жылынан баслап факультетлер ҳәм кафедралар, илимий-изертлеў институтларының лабораториялары бойынша, академиялық лицейде ҳәм улыўма, университетте басшылар ҳәм профессор-оқытыўшылар қурамының жумыс нәтийжелилигин тастыйықланған мақсетли бағдарламалар бойынша рейтинг баҳалаў системасы енгизилсин.

Мырза Улығбек атындағы Өзбекстан Миллий университети ректоры Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен биргеликте:

2019-жыл 1-августқа шекемӨзбекстан Республикасы Президентниң 5 басламасын барлық курсларда ҳәм университеттиң структуралық бөлимлеринде әмелге асырыў тәртибин ҳәм илажлар комплексин ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.

Студентлер, әсиресе. студентлердиң турақ жайларында жасайтуғын ҳәм жасамайтуғын студентлер менен турақлы түрде жедел пикирлесиў алып барыў әмелиятын енгизиў, олардың талап ҳәм мүтәжликлерин системалы түрде үйрениў, студент-жаслардың оқыў, илимий ҳәм руўхый турмысындағы машқалалы мәселелерди сапластырыў бойынша анық илажларды көриў университет ректоры ҳәм проректорларының, деканатлар және кафедралар басшыларының, барлық профессор-оқытыўшылар қурамының тийкарғы ўазыйпасы етип белгиленсин;

2019-жыл 1-сентябрьге шекемрейтинг баҳалаў системасын енгизиўде тийкар болатуғын индикаторларды (көрсеткишлерди);

2019-жыл 1-октябрьге шекем жоқарыда атап өтилген индикаторлар (көрсеткишлер) тийкарында структуралық бөлимлер ҳәм улыўма университет жумысының нәтийжелилигин рейтинг баҳалаў системасын  ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.

  1. Структуралық бөлимлердиң басшылары ҳәм профессор-оқытыўшылар қурамының билимин ҳәм қәнигелигин, кәсиплик таярлық дәрежесин арттырыў системасын түп-тийкарынан жақсылаў, олардың айырымлары арасындағы унамсыз иллетлердиң тарқалыўының алдын алыў және оларды сапластырыў бойынша комплексли илажларды ислеп шығыў Мырза Улығбек атындағы Өзбекстан Миллий университетиниң ректораты ҳәм Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң әҳмийетли ўазыйпасы етип белгиленсин. Усы мақсетлерде:

2019-жыл 1-сентябрьге шекем – университеттиң структуралық бөлимлеринде кадрлардың нәтийжели резервин қәлиплестириў;

2019-жыл 1-октябрьге шекем – басқарыў буўыны хызметкерлерин, сондай-ақ, университеттиң барлық бөлимлериниң профессор-оқытыўшыларын белгиленген тәртипте аттестациядан өткериў;

2019-жыл 1-ноябрьге шекем – университет басшылары ҳәм профессор-оқытыўшыларының «Эл-юрт умиди» қоры бағдары бойынша ҳәм қаржыландырыўдың баса да дәреклери есабынан рейтинг дәрежеси жоқары болған сырт елдеги жоқары билимлендириў мәкемелери ҳәм илимий-техникалық орайларда, сондай-ақ, мәмлекетимиз кәрханаларында, республикалық Илимлер академиясы системасындағы шөлкемлер ҳәм бөлимлерде 6 ай мүддетке стажировкасын шөлкемлестириў бойынша анық илажлар ислеп шығылсын.

  1. Мырза Улығбек атындағы Өзбекстан Миллий университетиниң жаңаланған шөлкемлестириўшилик структурасы ҳәм ректоратының структурасы 11-қосымшаға муўапық тастыйықлансын. 2019/2020 оқыў жылынан баслап ректорат структурасына республикалық жоқары билимлендириў мәкемелери ушын билимлендириў бағдарламаларын ислеп шығыў ҳәм житилистириў методологиясын муўапықластырыўдың оқыў методикалық және илимий патронаж бойынша базалық жоқары билимлендириў мәкемеси сыпатында университеттиң оқыў методикалық тәмийинлеў ҳәм билимлендириў сапасын қадағалаў бойынша проректор лаўазымы киргизилсин.

Университет ректораты, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, кадрлар буйыртпашылары болған мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары басшыларының:

2019/2020 оқыў жылынан баслап – инженерлик математикасы, компьютер пәнлери ҳәм технологиялық менеджмент бағдарлары бойынша Өзбекстан-Израиль факультетин;

2020/2021 оқыў жылынан баслап ҳәм кейинги жылларда – «Әмелий математика ҳәм интеллектуаллық технологиялар», «Биофизика ҳәм инженерлик изертлеўлер», «Фундаменталь медицина ҳәм биохимия» факультетлерин шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.

Университет ректоры А.Р.Мараҳимов 10 күн мүддетте Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги ҳәм Қаржы министрлиги менен биргеликте 11-қосымшадан келип шығып университет ректораты, деканатлар, кафедралар ҳәм басқа да структуралық бөлимлердиң штат бирлигин ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.

Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң Мырза Улығбек атындағы Өзбекстан Миллий университети жанында Интеллектуал-бағдарламалық системалар илимий-әмелий орайын шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.

  1. С.Сирожиддинов атындағы академиялық лицей «тәбийғый ҳәм анық пәнлер»ге қәнигелестирилген С.Сирожиддинов атындағы республикалық академиялық лицейи етип қайта шөлкемлестирилсин.

Мырза Улығбек атындағы Өзбекстан Миллий университети Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги ҳәм Қаржы министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте С.Сирожиддинов атындағы республикалық академиялық лицейдиң кейинги нәтийжели жумысы ҳаққында тийкарланған усынысларды, соның ишинде:

2021/2022 оқыў жылынан баслап оқыўшыларды қабыл етиў ҳәм кейин ала оларды Мырза Улығбек атындағы Өзбекстан Миллий университетиниң тийисли факультетлерине тиккелей қабыл етиў тәртиби;

2021/2022 оқыў жылынан баслап С.Сирожиддинов атындағы республикалық академиялық лицейди С.Сирожиддинов атындағы республикалық гимназияға айландырыў ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

  1. 2019/2020 оқыў жылына Мырза Улығбек атындағы Өзбекстан Миллий университетине студентлерди мәмлекетлик буйыртпа тийкарында қабыл етиўдиң тийкарғы көрсеткишлери 12-13-қосымшаларға муўапық тастыйықлансын.
  2. Университет жумысын қаржыландырыўдың төмендеги дәреклери белгиленсин:

а) Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги арқалы ажыратылатуғын ҳәм устав жумысына муўапық Мырза Улығбек атындағы Өзбекстан Миллий университетиниң бул қәрежетлерин қаржыландырыўға қаратылатуғын республикалық бюджет қаржылары;

б) Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Ғазнашылығындағы өз алдына жеке есап-бетине түсетуғын ҳәм устав жумысына муўапық Мырза Улығбек атындағы Өзбекстан Миллий университетиниң ағымдағы қәрежетлерин қаржыландырыўға ҳәм капитал қәрежетлерин әмелге асырыўға бағдарланатуғын контрактлер бойынша төлем қаржылары;

в) Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Ғазнашылығындағы есап-бетке түсетуғын ҳәм грант сметасына муўапық қәрежетлерди қаржыландырыўға бағдарланатуғын грант қаржылары;

г) Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Ғазнашылығындағы есап-бетке түсетуғын ҳәм шәртнамалық жумыслардың орынланыўын қаржыландырыўға бағдарланатуғын хожалық шәртнамасы (ямаса басқа бағдар) бойынша қаржылар;

д) тараўға кирмейтуғын жумыстан алынатуғын ҳәм университеттиң ағымдағы қәрежетлерине бағдарланатуғын басқа да түсимлер.

  1. Мырза Улығбек атындағы Өзбекстан Миллий университетинде Университетти раўажландырыў қоры шөлкемлестирилгенлиги ҳәм хожалық шәртнамалары, төлемли курслар, қәўендерлик ажыратпалар, имаратларды ижараға бериў, типографияның жумысы ҳәм басқа да жумыстан түсетуғын қаржылар оның дәреги болып есапланатуғыны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

Сондай тәртип орнатылсын, оған бола Раўажландырыў қорының қаржылары тек ғана төмендеги мақсетлерге бағдарланады:

материаллық-техникалық базаны беккемлеў;

кредитор қарыздарлықты қаплаў;

хызметкерлер ҳәм профессор-оқытыўшыларды материаллық хошаметлеў.

  1. Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги Қаржы министрлиги менен биргеликте 2019-жыл 1-августқа шекем Мырза Улығбек атындағы Өзбекстан Миллий университети Қәўендерлик кеңесин тәжирийбе тийкарында шөлкемлестириўди, оның жеке қурамын тастыйықлаўды, ўәкилликлерин, қарарларды қабыл етиў ҳәм орынлаў механизмлерин белгилеўди нәзерде тутатуғын усынысларды ислеп шықсын ҳәм Министрлер Кабинетине киргизсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасарлары А.Ж.Раматов, Ж.А.Қўчқоров, А.А.Абдуҳакимов, Т.К.Нарбаева, министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары, Ташкент қаласының ҳәкими Ж.А.Ортиқхўжаев 2019-жыл 24-майда жоқары билимлендириў мәкемелериниң ректорлары ҳәм илимий жәмийетшилик пенен өткерилген ушырасыўда белгиленген тапсырмалардың өз ўақтында және пуқта ислеп шығылыўын тәмийинлесин. Соның ишинде:

2019-жыл 1-июльге шекем – Ташкент қаласы Алмазар районындағы студентлер қалашасы аймағында, атап айтқанда, университеттиң профессор-оқытыўшылары ҳәм жас изертлеўшилер ушын 6 заманагөй көп қабатлы турақ жайлар, универсал спорт комплекси, «Жаслар бағы», “Wi-Fi” зона ҳәм басқа да объектлерди қурыў;

2019-жыл 1-январьға шекем – университеттиң биология факультети ушын Виварий ҳәм оранжерея имаратларын қурыў;

2019-жыл 1-январьға шекем – университеттиң Чорвоқ оқыў-әмелий орайының материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм оны заманагөй гидрометеорологиялық әсбаплар менен тәмийинлеў бойынша усыныслар киргизсин.

Анық ҳәм тәбийғый пәнлер факультетлериниң оқыў-әмелий лабораторияларын үскенелеў мақсетинде университетке 6,0 миллион АҚШ доллары ажыратылғаны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги, Илимлер академиясы, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Қаржы министрлиги, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги билимлендириў ҳәм илим тараўындағы барлық мәмлекетлик шөлкемлерде илимий-педагогикалық және мийнет жумысы менен шуғылланып атырған хызметкерлердиң айлық мийнет ҳақысына 2019-жыл 1-сентябрьден баслап Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары есабынан – илим кандидаты ямаса философия докторы (PhD) дәрежесине (ямаса сырт мәмлекетлердиң оларға теңлестирилетуғын дәрежесине) ийе болған хызметкерлерге 30,0 процентке шекем, илим докторы (Doctor of Science)  дәрежесине (ямаса сырт мәмлекетлердиң оларға теңлестирилетуғын дәрежесине) ийе болған хызметкерлерге 60,0 процентке шекем қосымша ҳақы төлеў тәртиби ҳаққында Министрлер Кабинетиниң қарар жойбарын бир ай мүддетте ислеп шықсын ҳәм киргизсин.

Қосымша ҳақы ҳәр бир хызметкердиң илимий-педагогикалық ҳәм мийнет жумысына қосқан анық үлесин есапқа алған ҳалда структуралық бөлим басшысының усыныс хаты тийкарында ҳәм мәкеме (шөлкем) коллегиаллық уйымының қарарына бола төленетуғыны белгиленсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги, Илимлер академиясы, Инновациялық раўажланыў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Министрлер Кабинети жанындағы Жоқары аттестация комиссиясы Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары есабынан жоқары оқыў орнынан кейинги билимлендириў системасында таярлық басқышы сыпатында 2020-жыл 1-январьдан баслап стажёр-изертлеўшилер институтын енгизиў ҳаққында Министрлер Кабинетиниң қарар жойбарын еки ай мүддетте ислеп шықсын ҳәм киргизсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – қаржы министри Ж.А.Қўчқоров усы қарардың 13-14-бәнтлеринде атап өтилген дәреклерди ҳәм халықаралық грантларды есапқа алған ҳалда усы қарарда нәзерде тутылған тапсырмалар ҳәм илажларды қаржыландырыў ушын қаржылар ажыратыў бойынша, кейин ала тийкарланған усыныслар киргизиў ушын олардың финанслық жағынан пуқта ислеп шығылыўын тәмийинлесин.
  3. Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  4. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.А.Абдухакимовқа, жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри И.У.Маджидовқа ҳәм Мырза Улығбек атындағы Өзбекстан Миллий университетиниң ректоры А.Р.Мараҳимовқа жүкленсин.

Қабыл етилген илажлардың нәтийжелилиги ҳаққында 2019-жыл 1-августта ҳәм 1-октябрьде, 2020-жыл 10-январьда мағлыўмат берилсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2019-жыл 18-июнь

*   *   *

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «2019-2023-жылларда Мырза Улығбек атындағы Өзбекстан Миллий университетинде талап жоқары болған маман кадрларды таярлаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў ҳәм илимий потенциалды раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарына ТҮСИНИК

Мырза Улығбек атындағы Өзбекстан Миллий университети мәмлекетимизде көп жыллық педагогикалық ҳәм илимий тараўдағы бай дәстүрлерге ийе болған ири жоқары билимлендириў мәкемеси болып табылады. Университет ҳәр жылы экономиканың түрли тармақларын, билимлендириў ҳәм илим тараўларын өз питкериўшилери менен тәмийинлемекте, сондай-ақ, илимий-изертлеўлер ҳәм излениўлер менен, соның ишинде, халықаралық көлемде де белсене шуғылланып келмекте. Ҳәзирги ўақытта 114, соның ишинде, 18 халықаралық илимий ҳәм илимий-оқыў жойбарлары әмелге асырылмақта. Университеттиң материаллық-техникалық базасын модернизациялаў ҳәм беккемлеў илажлары көрилмекте. Профессор-оқытыўшылар қурамының мийнет ҳақысы арттырылды.

Соның менен  бирге, қарарда атап өтилгениндей, сын көзқарастан ҳәм ҳәр тәреплеме таллаўларда жоқары маман кадрларды таярлаў, илимди ҳәм көп қырлы  талант ийеси болған инсан капиталын раўажландырыўға үлкен тосқынлық етип атырған бир қанша машқалалар ҳәм кемшиликлер анықланды. Соңғы жылларда университеттиң Миллий университет абырайын жүзеге шығарыў ушын әмелий ҳәм нәтийжели илажлар тәмийинленбеген.

Соның ишинде, билимлендириў бағдарлары ҳәм қәнигеликлериниң қурамы және қабыллаў көрсеткишлери кадрларға болған реал талаптан сезилерли дәрежеде артта қалмақта, билимлендириў процесине заманагөй педагогикалық технологияларды енгизиў дәрежеси, айырым педагог-кадрлардың кәсиплик шеберлиги, қәнигелик арттырыў курсларының нәтийжелилиги төменлигинше қалмақта.

Қарарда университеттиң абырайлы халықаралық агентликлер рейтингине киргизилмегенлигине, жаслардың илимге болған қызығыўшылығын хошаметлеў дәрежеси төмен екенлигине айрықша итибар қаратылған. Билимлендириў процеси ҳәм илимий-изертлеў жумысының материаллық- техникалық тәмийинлениўинде үлкен кемшиликлер бар.

Жүзеге келген жағдайдан ҳәм университеттиң елимиздиң жоқары билимлендириў тараўында тутқан орны және әҳмийетинен келип шыққан ҳалда қарарда бүгинги күнде  талап жоқары болған бағдарлар ҳәм қәнигеликлер бойынша кадрлар таярлаўдың сапасын түп-тийкарынан жақсылаў, жоқары технологияларға тийкарланған ҳәм перспективалы бағдарлардағы илимий изертлеўлерди жедел әмелге асырыў, сондай-ақ, профессор-оқытыўшылардың кәсиплик билимлерин ҳәм педагогикалық шеберлигин турақлы арттырыў бойынша системалы илажлар нәзерде тутылған.

Қарардың тийкарғы қағыйдалары Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев тәрепинен 2019-жыл 24-майда Мырза Улығбек атындағы Өзбекстан Миллий университетинде жоқары билимлендириў мәкемелери ректорлары ҳәм республикамыздың илимий жәмийетшилиги менен болып өткен ушырасыўда белгилеп берилгенин атап өтиў зәрүр. Ушырасыў жуўмақлары тийкарында қарарда «…инсан капиталын ҳәр тәреплеме раўажландырыў, кейин ала Өзбекстан Республикасының интеллектуаллық, илимий ҳәм экономикалық қүдиретин, сондай-ақ, раўажланыўын ҳәм ғәрезсизлигин тәмийинлеўге уқыплы болған халықаралық стандартлар дәрежесинде қәнигелерди таярлаў ушын зәрүр және қолайлы шараятлар жаратыў…» бойынша көп қырлы ҳәм тийкарғы ўазыйпаларды әмелге асырыў университет басшылары ҳәм пүткил жәмәәтиниң тийкарғы мақсети етип белгиленген.

Жоқары маман бәсекиге шыдамлы кадрлар таярлаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў ҳәм илимий потенциаалды раўажландырыў, сондай-ақ, университеттиң Өзбекстан Республикасында жоқары билимлендириўдиң жетекшиси (флагманы) сыпатындағы абырайын тиклеўдиң беккем тийкары, тәсиршең механизми ҳәм кепиллиги сыпатында 9  компоненттен ибарат мақсетли бағдарламаларды ислеп шығыў нәзерде тутылмақта.

Қарарда университеттиң жаңа билимлендириў моделин қәлиплестириўдиң тийкарғы бағдары сыпатындағы ўазыйпаны шешиў ушын оқыў, оқыў-методикалық, илимий-инновациялық, тәрбиялық ҳәм шөлкемлестириўшилик жумысы бойынша нәтийжели индикаторлар ҳәм көрсеткишлерди ислеп шыққан ҳалда  басшылар ҳәм профессор-оқытыўшылар қурамының жумыс нәтийжелилигин баҳалаўдың рейтинг системасын енгизиў нәзерде тутылмақта.

Раўажланыўдың ҳәзирги басқышында университет заманагөй жәмийеттиң илимий, өндирислик, социаллық, руўхый-әдеп-икрамлылық талапларына жуўап беретуғын, жоқары билимлендириўдиң инновациялық моделин қәлиплестириўдиң нәтийжели майданы болыўы, сондай-ақ, республика жоқары билимлендириў системасында жетекши орынды сақлап қалыўы лазым. Усы мақсетлерде қарарда:

бириншиден-2019-2021-жылларда билимлендириў бағдарларында тәбийғый пәнлер, математикаклық билимлендириў, компьютер технологиялары ҳәм информатика бағдарларының үлесин арттырыў;

екиншиден-Өзбекстан-Израил факультетин, сондай-ақ, «Әмелий математика ҳәм интеллектуал технологиялар», «Биофизика ҳәм инженерлик изертлеўлер», «Фундаментал медицина ҳәм биохимия» факультетлерин басқышпа-басқыш ашыў нәзерде тутылмақта;

үшиншиден-С.Сирожиддинов атындағы академиялық лицейге тәбийғый ҳәм анық пәнлерге қәнигелестирилген Республикалық академиялық лицейи статусы бериледи және оны университете оқытыў ушын қәбилетли ҳәм талантлы балаларды таңлап алыў ҳәм таярлаў, келешектеги илмий-педагоглар элитасын қәлиплестириў орайы сыпатында шөлкемлестириў ўазыйпасы қойылмақта;

төртиншиден-Университет структурасында Интеллектуал-бағдарламалық системалар илмий-әмелий орайын шөлкемлестириў нәзерде тутылмақта.

Дүньяның жетекши университетлери тәжирийбеси ҳәм дәстүрлеринен келип шығып, билимлендириўдиң сапасын арттырыў және халықаралық билимлендириў мәканына интеграцияласыў мақсетинде 2020/2021 оқыў жылынан баслап еки факультетте, 2021/2022 оқыў жылынан баслап болса университет көлеминде билимлендириўди шөлкемлестириўдиң кредит-модул системасын енгизиў нәзерде тутылмақта.

Халықаралық көлемде жетекшиликти ҳәм бәсекиге шыдамлылықты тәмийинлеўдиң зәрүр шәрти сыпатында қарарда фундаменталь ҳәм әмелий изертлеўлерди раўажландырыў ўазыйпасы қойылмақта. Сол мақсетлерде ҳәр жылы  илимий потенциалды арттырыў ушын университет докторантурасына ҳәр жыллық қабыллаў квотасын ҳәм сырт елдеги мақсетли докторантураға қабыллаў квотасын көбейтиў нәзерде тутылмақта. Онда билимлендириў процесине жоқары маманлыққа ийе сырт елли оқытыўшылар менен қәнигелерди кеңнен тартыў режелестирилмекте.

Қарарда оның инфраструктурасын ҳәм  ишки телекоммуникация системасын түп-тийкарынан жаңалаўға байланыслы илажлар комплекси нәзерде тутылмақта. Университет 2020-жылдың өзинде қуўатлылығы 600 Мб/сек болған көп тармақлы интернет системасына жалғаныўы тәмийинленеди. Университет аймағы ҳәм қосымша майданлары «Wi-Fi» зонасы менен тәмийинленеди.

2020-2023-жыллар даўамында студентлердиң турақ жайларында капитал оңлаў (реконструкция) ҳәм үскенелеў жумыслары әмелге асырылады, университеттиң профессор-оқытыўшылар қурамы ҳәм жас изертлеўшилер ушын 6 көп квартиралы жайлар және универсал спорт комплекси қурылады. Анық ҳәм тәбийғый пәнлер факультетлериниң оқыў-әмелий лабораторияларын үскенелеў мақсетинде университеттиң валюта есап бетине 6,0 миллион АҚШ доллары өткериледи.

2019-жыл 1-сентябрьден баслап Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары есабынан илим ҳәм билимлендириў тараўындағы барлық мәмлекетлик шөлкемлерде илимий-педагогикалық ҳәм мийнет етип атырған илим кандидаты ямаса философия илимлери докторы (PhD) дәрежесине ийе болған хызметкерлердиң айлық мийнет ҳақысына 30 процентке шекем, илим докторы (Doctor of Science) дәрежесине ийе болған хызметкерлердиң айлық мийнет ҳақысына 60 процентке шекем үстеме ҳақы белгиленеди. Онда, қосымша ҳақы бир хызметкердиң илимий-педагогикалық жумысына ҳәм мийнет етиўине қосқан анық үлесин есапқа алған ҳалда структуралық бөлимше басшысының усыныс хаты тийкарында ҳәм мәкеме (шөлкем) коллегиал уйымының қарарына бола төленеди.

Қарарда  студентлерде жоқары әдеп-икрамлылық ҳәм руўхый сыпатларды қәлиплестириўге, руўхый-ағартыўшылық жумысларды шөлкемлестириўде жаңа педагогикалық инновациялар ҳәм нәтийжели механизмлерди енгизиўге, студентлер менен алып барылатуғын тәрбиялық жумысларда профессор-оқытыўшылардың жуўапкершилигин арттырыўға, тәлим-тәрбияның өз-ара байланыслылығын әмелде тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылған.

Усы мақсетлерде студентлер, әсиресе, студентлердиң турақ жайларында жасайтуғын ҳәм жасамайтуғын студентлер менен турақлы тийкарда белсене пикирлесиў өткериў әмелиятын енгизиў, олардың зәрүрликлери менен талапларын системалы рәўиште үйрениў, студент-жаслардың оқыў, илимий ҳәм руўхый турмысындағы машқалалы мәселелерди сапластырыў бойынша анық илажлар көриў университет ректоры ҳәм проректорларының, деканатлар ҳәм кафедралар басшыларының, барлық профессор-оқытыўшылар қурамының тийкарғы ўазыйпасы етип белгиленген.

Қарардың әмелге асырылыўы Мырза Улығбек атындағы Өзбекстан Миллий университети глобалласыў шараятларында мәмлекетимиздиң халықаралық көлемде бәсекиге шыдамлылығын тәмийинлеўге қаратылған жаңа технологияларды ислеп шығыў базасы болыўы имканиятын береди. Дүнья илиминиң раўажланыў пәти талапларына жуўап бере алатуғын изертлеўлерди әмелге асырыўға бағдарланған илимий кадрлар таярлаў системасына енгизилип атырған инновациялар университеттиң жоқары билимлендириў системасында жетекши дәрежени ийелеўине имканият береди және елимиздиң илимий, илимий-техникалық ҳәм интеллектуаллық тараўларының раўажланыўына жәрдемлеседи.

 

ӨзА