Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қарары
Республикада социаллық-экономикалық тараўды реформалаўдың ҳәзирги шараятында мәлимлеме-китапхана жумысын раўажландырыўдың мақсет ҳәм ўазыйпалары елимизде әмелге асырылып атырған өзгерислерге ҳәм халықаралық әмелиятқа сай болыўы зәрүр. Усы мүнәсибет пенен пуқаралардың мәлимлемеден еркин пайдаланыўы бойынша конститутциялық ҳуқықларын, соның ишинде, миллий қәдириятлар ҳәм жәҳән мәденияты, әмелий ҳәм фундаменталь билимлерден хабардар болыўын тәмийинлейтуғын халыққа мәлимлеме-китапхана хызметлерин көрсетиўдиң сапа жағынан жаңа системасын жаратыў, китапханаларда сақланып атырған миллий мәдений мийрасты қәстерлеп сақлаў ҳәм байытыў, мәлимлеме-коммуникация технологияларын кеңнен енгизиўдиң есабынан мәлимлеме-китапхана мәкемелериниң жумысын жетилистириў әҳмийетли ўазыйпаға айланбақта.
Бул болса мәлимлеме-китапхана жумысына, китапқумарларға хызмет көрсетиў, фондларды толықтырыў ҳәм сақлаў, китапхана процесслерин автоматластырыў, илимий-изертлеў ҳәм шөлкемлестириў-методикалық жумыс, кадрларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм хошаметлеў, халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиўге күшли тәсир етиў имканиятын береди.
Халыққа мәлимлеме-китапхана хызметин көрсетиўди буннан былай да жетилистириў, мәлимлеме-китапхана мәкемелериниң жумысын раўажландырыў мақсетинде:
- Төмендегилер халыққа мәлимлеме-китапхана хызметин көрсетиўди сапа жағынан буннан былай да раўажландырыў тараўындағы тийкарғы ўазыйпалар етип белгиленсин:
мәлимлеме-коммуникация технологияларының раўажланыўы ҳәм заманагөй жер жүзилик тенденцияларды есапқа алған ҳалда мәлимлеме-китапхана жумысын реформалаў;
халыққа мәлимлеме-китапхана хызметлерин көрсетиў бойынша социаллық кепилликлерди сапалы тәмийинлеў және заманагөй талапларды есапқа алған ҳалда мәлимлеме-китапхана мәкемелерин раўажландырыў мақсетинде нормативлик-ҳуқықый базаны жетилистириў;
аймақларда халыққа мәлимлеме-китапхана хызметлерин көрсетиўди турақлы раўажландырыўға жәрдемлесиў;
мәлимлеме-китапхана мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, соның ишинде, жаңа имарат ҳәм объектлерди қурыў, әмелдеги имаратларды реконструкциялаў, оларды заманагөй үскенелер менен тәмийинлеў;
китапхана тараўында мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти, аймақлық ҳәм электрон (виртуал) китапханалар тармағын раўажландырыў;
китапханалар жумысының нәтийжелилигин ҳәм пайдаланыўшыларға хызмет көрсетиў (соның ишинде, төлемли хызмет көрсетиў) оперативлигин арттырыў ушын электрон китаплар тарқатыўға қәнигелескен интернет-ресурслар менен бирге ислесиўди кеңейтиў;
мәлимлеме-китапхана мәкемелериниң қәўипсизлигин және миллий ҳәм жәҳән мәдений мийрасының бир бөлеги сыпатында мәлимлеме-китапхана фондларының жақсы сақланыўын тәмийинлеў;
жәмийеттиң мәлимлеме мәдениятын, тарийхымызға ҳәм миллий мәдениятқа қызығыўшылығын қәлиплестириў ҳәм күшейтиў, оқыў мәдениятын арттырыў ҳәм үгит-нәсиятлаў;
мәлимлеме-китапхана мәкемелерин маман қәнигелер менен тәмийинлеў.
- Төмендегилер:
а) 2019-2024-жылларда Өзбекстан Республикасында мәлимлеме-китапхана тараўын раўажландырыў концепциясы 1-қосымшаға муўапық;
б) 2019-2024-жылларда Өзбекстан Республикасында мәлимлеме-китапхана тараўын раўажландырыў бойынша илажлар бағдарламасы 2-қосымшаға муўапық;
в) Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекстан Миллий китапханасы – мәлимлеме-ресурс орайының шөлкемлестириў структурасы 3-қосымшаға муўапық;
г) Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекстан Миллий китапханасы – мәлимлеме-ресурс орайының (кейинги орынларда – Миллий китапхана) хызметкерлердиң улыўма шекленген саны 227 адамнан ибарат басқарыў аппаратының структурасы 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Миллий китапхана директорына зәрүр жағдайларда Миллий китапхана басқарыў аппаратының структурасына хызметкерлердиң белгиленген улыўма саны ҳәм мийнетке ҳақы төлеў фонды шеңберинде өзгерислер киргизиў ҳуқықы берилсин.
- Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги (кейинги орынларда – Агентлик), Өзбекстан Республикасы мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Қаржы министрлигиниң мәлимлеме-коммуникация технологияларын раўажландырыў қорына түсетуғын қаржылардың еки процентин Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекстан Миллий китапханасы – мәлимлеме-ресурс орайы жанындағы бюджеттен тысқары Мәлимлеме-китапхана мәкемелерин раўажландырыў қорына (кейинги орынларда – Қор) ажыратыў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
- Агентлик, Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Қаржы министрлигиниң:
Миллий китапхана жанында 186 районлық (қалалық) мәлимлеме-китапхана орайларын шөлкемлестириў, сондай-ақ, улыўма билим бериў мектеплери ҳәм орта арнаўлы, кәсиплик билимлендириў мәкемелери жанында жумыс алып барып атырған барлық мәлимлеме-ресурс орайларын сапластырыў;
улыўма билим бериў мектеплери ҳәм орта арнаўлы, кәсиплик билимлендириў мәкемелериниң сапластырылып атырған мәлимлеме-ресурс орайларының китап фондларын ҳәм штат бирликлерин жаңадан шөлкемлестирилип атырған районлық (қалалық) мәлимлеме-китапхана орайларына бериў;
мәлимлеме-ресурс орайларын сапластырыўда улыўма билим бериў мектеплери ҳәм орта арнаўлы кәсиплик билимлендириў мәкемелериниң китапханаларын әмелдеги нормативлерге муўапық тийисли китап фонды ҳәм штат бирликлери менен бирге сақлап қалыў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
- Төмендегилер жаңадан шөлкемлестирилип атырған районлық (қалалық) мәлимлеме-китапхана орайларының тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:
халыққа мәлимлеме-китапхана хызметлерин көрсетиў ушын сапа жағынан жаңа ҳәм қолайлы шараятлар жаратыў, заманагөй мәлимлеме технологиялары тийкарында олардың илимий, билимлендириў, мәлимлеме ҳәм мәдений зәрүрликлерин қанаатландырыў;
халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламларына социаллық бейимлесиў ҳәм реабилитация, еркин билим алыў ҳәм пикирлеў шеңберин кеңейтиў қуралы сыпатында мәлимлемеден пайдаланыў имканиятларын жаратыў;
пайдаланыўшыларға ҳәр қандай (баспа. мультимедиа ҳәм цифрлы) тасыўшыларда, соның ишинде, Интернет тармағында сапалы мәлимлеме дәреклеринен пайдаланыў имканиятын жаратыў;
өз мәлимлеме-ресурсларын жаратыў ҳәм оларды сапалы толықтырып барыў арқалы китапқумарларға дәстүрий хызмет көрсетиў усылынан оларды заманагөй мәлимлеме-китапхана хызметлери менен тәмийинлеўге өтиў;
халыққа мәлимлеме-китапхана хызметлерин көрсетиў бойынша аралықтан хызметлер көрсетиўди раўажландырыў ҳәм модернизациялаў.
- Агентлик:
бир ай мүддетте районлық (қалалық) мәлимлеме-китапхана орайларын жайластырыў және оларды компьютер техникасы ҳәм басқа да түрдеги оргтехника, мебель, сондай-ақ, тийисли китапхана үскенелери менен тәмийинлеў бойынша талапларды ислеп шықсын, бунда имканияты шекленген шахсларға хызмет көрсетиў ушын оқыў залларын арнаўлы компьютер технологиялары ҳәм басқа да қосымша қураллар менен тәмийинлеўге айрықша итибар қаратсын;
Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте районлық (қалалық) мәлимлеме-китапхана орайларының Интернет тармағына жалғаныўын ҳәм олар ушын Миллий китапхана электрон ресурсларынан пайдаланыў имканиятын тәмийинлесин;
еки ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги менен биргеликте мәлимлеме-китапхана орайлары жумысының регламентин ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын, бунда халыққа күни создырылған тәртипте хызмет көрсетилиўин нәзерде тутсын;
халыққа көрсетилетуғын төлемли хызметлер (тил үйретиў, компьютер курсларын шөлкемлестириў, текстли, аудио ҳәм видеоматериаллардың нусқаларын жаратыў, сондай-ақ, басқа да китапхана хызметлери) дизимин кеңейтиў арқалы мәлимлеме-китапхана орайларының бюджеттен тысқары дәраматларын арттырыў илажларын көрсин.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери:
а) Агентлик тәрепинен ислеп шығылған районлық (қалалық) мәлимлеме-китапхана орайларын жайластырыў ҳәм үскенелеў талапларын есапқа алған ҳалда:
еки ай мүддетте районлар (қалалар) орайларында районлық (қалалық) мәлимлеме-китапхана орайларын жайластырыў ҳәм олардың толық жумыс ислеўи ушын имаратларды белгиленген тәртипте ажыратсын;
ажыратылған имаратларды капитал оңлаўды тәмийинлесин, бунда районлық (қалалық) мәлимлеме-китапхана орайларының оқыў залларында ҳәм басқа да улыўма пайдаланылатуғын ханаларында имканияты шекленген шахслар иркинишсиз пайдаланыўы ушын барлық зәрүр шараятларды жаратсын, сондай-ақ, оларды зәрүр үскене ҳәм техника менен тәмийинлесин;
б) районлық (қалалық) мәлимлеме-китапхана орайларына тутас аймақларды абаданластырыў бойынша тийисли жумысларды әмелге асырсын ҳәм бул орайларды электр энергиясы менен үзликсиз тәмийинлеў бойынша зәрүр илажларды көрсин;
в) улыўма билим бериў мектеплери ҳәм орта арнаўлы, кәсиплик билимлендириў мәкемелериниң мәлимлеме-ресурс орайларын сапластырыў нәтийжесинде жумыстан босаған хызметкерлерди белгиленген тәртипте жумысқа орналастырыў илажларын көрсин.
- Миллий китапхананың қосымша штат бирликлерин сақлаў қәрежетлери 2019-жылы Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қәрежетлери параметрлеринде социаллық тараўға мөлшерленген бюджет қаржыларының есабынан қапланатуғыны, 2020-жылдан баслап болса Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети параметрлеринде нәзерде тутылатуғыны;
районлық (қалалық) мәлимлеме-китапхана орайларын сақлаў қәрежетлери районлар ҳәм қалалардың жергиликли бюджетлеринде улыўма билим бериў мектеплери ҳәм орта арнаўлы, кәсиплик билимлендириў мәкемелериниң сапластырылып атырған мәлимлеме-ресурс орайларын сақлаў ушын нәзерде тутылған қаржылар, сондай-ақ, нызамшылықта қадаған етилмеген басқа да дәреклердиң есабынан әмелге асырылатуғыны;
жаңадан шөлкемлестирилип атырған мәлимлеме-китапхана орайларын кадрлар менен толықтырыў биринши гезекте улыўма билим бериў мектеплери ҳәм орта арнаўлы, кәсиплик билимлендириў мәкемелериниң сапластырылып атырған мәлимлеме-ресурс орайларында жумыс ислеп атырған қәнигели кадрлардың есабынан әмелге асырылатуғыны;
районлық (қалалық) мәлимлеме-китапхана орайларының имаратларын капитал оңлаў және оларды заманагөй үскене ҳәм техникалар менен тәмийинлеўди қаржыландырыў улыўма билим бериў мектеплери ҳәм орта арнаўлы, кәсиплик билимлендириў мәкемелериниң сапластырылып атырған мәлимлеме-ресурс орайларының оптималластырылып атырған бюджет ажыратпалары, районлар ҳәм қалалардың жергиликли бюджетлериниң прогнозды арттырып орынлаўдан алынатуғын дәраматлары, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың қәўендерлик қайырқомлықлары, сондай-ақ, нызамшылықта қадаған етилмеген басқа да дәреклердиң есабынан әмелге асырылатуғыны;
районлық (қалалық) мәлимлеме-китапхана орайларының китапхана фондларын толықтырыў, сондай-ақ, олардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў бойынша қосымша илажлар усы мақсетлер ушын ажыратылатуғын бюджет қаржылары, Қор қаржылары ҳәм нызамшылықта қадаған етилмеген басқа да дәреклер шеңберинде әмелге асырылатуғыны белгиленсин.
- Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги Мәденият министрлиги және Агентлик пенен биргеликте китапханашылық жумысы тараўында қәнигелерге болған зәрүрликти үйрениў тийкарында тараўға қәнигелескен жоқары оқыў орынларына «Китапахана-мәлимлеме жумысы» бағдары бойынша оқыўға қабыллаў квоталары бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң:
министрликлер ҳәм уйымлар, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери тәрепинен мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлерде, соның ишинде, әскерий бөлимлерде уйымлық китапханаларды шөлкемлестириў (жетилистириў);
уйымлық китапханалардың китап фондын ҳәм материаллық-техникалық базасын жаратыў, жаңалаў ҳәм толықтырыўды усы мақсетлер ушын мәмлекетлик уйымларға бюджеттен ажыратылған қаржылар, сондай-ақ, бюджеттен тысқары қаржылар ҳәм нызамшылықта қадаған етилмеген басқа да дәреклердиң есабынан қаржыландырыў;
Агентликтиң усыныслары тийкарында уйымлық китапханалардың китап фондын жаңалаў ҳәм толықтырыў ушын зәрүр басылымлардың дизимин ҳәр жылы қәлиплестириў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.
- Агентлик ҳәм Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлигиниң 21-майды Китапханашылар күни деп белгилеў ҳаққындағы усынысы мақуллансын, бунда китапханашыларды көп жыллық жемисли мийнети ҳәм мәлимлеме-китапхана тараўын раўажландырыўға қосқан үлеси ушын мәмлекетлик сыйлықлар менен сыйлықлаў ҳәм хошаметлеў нәзерде тутылсын.
Агентлик бир ай мүддетте «Китапханашылар күнин белгилеў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамының жойбарын ислеп шықсын ҳәм белгиленген тәртипте Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизилиўин тәмийинлесин.
- Агентлик мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги директорының ўазыйпасын атқарыўшы К.И.Алламжоновқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2019-жыл 7-июнь