Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Республика экономикасының санаат тармақлары ушын қәнигели кадрлар таярлаўды буннан былай да жетилистириў, жоқары билимлендириў тараўындағы халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиў, сондай-ақ, 2018-2019-жылларда Өзбекстан Республикасы ҳәм Россия Федерациясы арасында сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық, транспорт-коммуникациялық ҳәм мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў бойынша келисимлерди әмелге асырыў бойынша әмелий илажлар режеси («Жол картасы»)н орынлаў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, «Өзхимиясанаат» АЖ ҳәм «Д.И.Менделеев атындағы Россия химия-технология университети» Федерал мәмлекетлик бюджети жоқары билимлендириў мәкемесиниң (Россия Федерациясы) (кейинги орынларда – Университет) Ташкент қаласында «Д.И.Менделеев атындағы Россия химия-технология университети» Федерал мәмлекетлик бюджети жоқары билимлендириў мәкемесиниң филиалын шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин (кейинги орынларда – Филиал).
  2. Төмендегилер Филиал жумысының тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:

республиканың санаат тармақларындағы әҳмийетли илимий-технологиялық ўазыйпаларды шеше алатуғын жоқары қәнигели инженер-техник кадрларды халықаралық билимлендириў стандартларына муўапық таярлаў;

наноматериаллардың химиялық технологиясы, материалтаныўшылық ҳәм материалларды коррозиядан сақлаў, материалларды көркем қайта ислеў технологиясы ҳәм санаат өндирисиниң басқа да тараўларында фундаменталь ҳәм әмелий-илимий изертлеўлер алып барыў;

билимлендириўдиң және илимниң үзликсизлиги ҳәм избе-излиги, сондай-ақ, оларды жәҳән билилмендириўи ҳәм илим жәмийетшилигине интеграциялаўдың есабынан қәнигелер ҳәм илимий-педагогикалық кадрларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў;

инженер-техник  ҳәм илимий кадрлар таярлаў системасын жетилистириў ҳәм модернизациялаўға қаратылған жаңа билимлендириў бағдарламаларын және оқытыў түрлерин ислеп шығыў және енгизиў;

билимлендириў, илим ҳәм өндиристиң жақын интеграцияласыўы ушын шараятлар жаратыў;

илимий-педагогикалық потенциалдың раўажланыўын қоллап-қуўатлаў, педагогикалық технологиялар ҳәм оқытыў усылларын жедел жетилистириў;

билимлендириў және илимий-техникалық тараўларда сырт еллердиң жетекши билимлендириў мәкемелери, илимий-изертлеў орайлары ҳәм бизнес жәмийетшилиги менен узақ мүддетли қатнасықларды раўажландырыў ҳәм беккемлеў.

  1. Филиал Унверситеттиң айрықша структуралық бөлими – жоқары билимлендириў мәкемеси есапланатуғыны;

Филиал, Университет пенен келисилген ҳалда, билимлендириўдиң бакалавриат бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлериниң кадрларға болған зәрүрлигин есапқа алып, барлық дәрежедеги қәнигеликлерди таярлаў, қайта таярлаў, маманлығын арттырыў, соның ишинде, илимий-педагогикалық кадрларды таярлаў жумысларын әмелге асыратуғыны;

Филиалда оқытыў рус тилинде, Россия Федерациясының Федерал билимлендириў стандартларына муўапық Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен келисилген ҳалда университет тәрепинен тастыйықланған оқыў режелери ҳәм бағдарламалары тийкарында әмелге асырылатуғыны;

Филиалдың билимлендириў жумысы 2019/2020-жылдан басланатуғыны;

Филиалға абитуриентлерди қабыллаў, билимлендириў жумысы ҳәм Филиал питкериўшилерин аттестациядан өткериў Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен келисилген ҳалда Университет тәрепинен белгиленетуғын талап, тәртип ҳәм мүддетлерге муўапық әмелге асырылатуғыны;

Филиал питкериўшилерине оқыўды питкергеннен соң Өзбекстан Республикасында жоқары билилмендириў ҳаққындағы ҳүжжет сыпатында тән алынатуғын белгиленген үлгидеги диплом берилетуғыны белгилеп қойылсын.

  1. а) Университет төмендегилерди тәмийинлеўге жәрдем беретуғыны мағлыўмат ушын қабыл етилсин:

оқыў процесине алдынғы педагогикалық ҳәм мәлимлеме технологиялары, илим ҳәм техниканың ең жаңа жетискенликлерин енгизиў;

Филаил қәнигелериниң маманлығын арттырыў ҳәм профессор-оқытыўшылардың қурамын қайта таярлаў;

Филаилдың китапхана фондын қәлиплестириў және оны заманагөй оқыў, оқыў-методикалық ҳәм илимий-техникалық әдебиятлар менен толықтырыў;

б) Ташкент химия-технология институты Филиалдың академиялық шериги есапланады ҳәм ол:

Филиалдың профессор-оқытыўшыларының қурамын қәлиплестириўге жәрдемлеседи;

илимий-методикалық жәрдем көрсетеди, лаборатория ҳәм илимий-изертлеў жумысларын орынлаў ушын лаборатория ханалары, оқыў әдебиятлары және үскенелерди бийғәрез тийкарда береди.

  1. Төмендегилер:

Ташкент қаласындағы «Д.И.Менделеев атындағы Россия химия-технология университети» Федерал мәмлекетлик бюджети жоқары билимлендириў мәкемесиниң филиалында кадрлар таярлаў бойынша бакалавриат тәлиминиң тийкарғы бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлери 1-қосымшаға муўапық;

Ташкент қаласындағы «Д.И.Менделеев атындағы Россия химия-технология университети» Федерал мәмлекетлик бюджети жоқары билимлендириў мәкемеси филиалының Қәўендерлик кеңесиниң қурамы (кейинги орынларда – Қәўендерлик кеңеси) 2-қосымшаға муўапық;

Ташкент қаласындағы «Д.И.Менделеев атындағы Россия химия-технология университети» Федерал мәмлекетлик бюджети жоқары билимлендириў мәкемеси филиалын шөлкемлестириў бойынша Шөлкемлестириў комиссиясының қурамы 3-қосымшаға муўапық мақуллансын.

  1. Шөлкемлестириў комиссиясы:

2019-жыл 1-августқа шекем Филиалды жайластырыў бойынша имаратлар менен объектлердеги зәрүр оңлаў ҳәм үскенелеў жумысларын әмелге асырсын, сондай-ақ, Филиалдың студентлери ҳәм оқытыўшылары жасаўы ушын жатақхана таярласын;

2019-жыл 25-августқа шекем Филиалды жайластырыў және оны зәрүр мебель, инвентарь, заманагөй оқыў ҳәм лаборатория үскенелери, китапхана фонды, компьютер ҳәм басқа да оргтехника менен тәмийинлесин.

  1. а) Филиалға қабыллаў квоталары мәпдар министрликлер ҳәм уйымлардың тийисли кадрларға болған зәрүрликлерин есапқа алып, Университет және Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен келисе отырып, Филиал Қәўендерлик кеңесиниң қарары менен тастыйықланатуғыны;

мәмлекетлик грант тийкарында билим алған Филиал питкериўшилери республика шөлкемлерине бес жылдан кем болмаған мәжбүрий ислеп бериў шәрти менен жумысқа бөлистирилетуғыны;

б) Филиалдың жумысын қаржыландырыў:

студентлерди мәмлекетлик грантлар бойынша оқытыў ушын Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигине ажыратылатуғын Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржыларының есабынан, бирақ Филиалға оқыўға қабыл етилетуғын студентлер улыўма санының 40 процентинен артық болмаған муғдарда;

студентлерди төлем-контракт тийкарында оқытыўдан түсетуғын қаржылар;

Қәўендерлик кеңесиниң қарарлары тийкарында қәлиплестирилетуғын пул қаржылары, юридикалық ҳәм физикалық шахслардың қәўендерлик қайырқомлықлары және мақсетли төлемлери;

халықаралық финанс институтларының грантлары;

нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклердиң есабынан әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Филиал Ташкент қаласы, Мырза Улығбек районы, ТТЗ-1 массиви, 47-жайда жайласқан Мырза Улығбек санаат кәсип-өнер колледжиниң имаратына бийпул пайдаланыў ҳуқықы тийкарында жайластырылсын.
  2. «Өзхимиясанаат» АЖ кәрханаларының олардың қаржылары есабынан филиалды шөлкемлестириў, оның материаллық-техникалық ҳәм оқыў базасын қәлиплестириў менен байланыслы шөлкемлестириў илажларын, соның ишинде, имаратларды ҳәм объектлерди реконструкциялаў, капитал оңлаў, зәрүр мебель, инвентарь, заманагөй оқыў ҳәм лаборатория үскенелери, компьютер ҳәм басқа да оргтехника, китапхана фонды менен тәмийинлеў жумысларын қаржыландырыў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
  3. Филиалға Университеттен тартылатуғын профессор ҳәм оқытыўшылардың хызмет сапар қәрежетлери оқыў процесиниң зәрүрликлеринен келип шығып, дүзилген шәртнамаларға муўапық әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.
  4. Филиалға оқытыўшылық ҳәм илимий жумыс алып барыў ушын мирәт етилетуғын сырт ел профессор-оқытыўшыларының жасаў және транспорт қәрежетлерин дүзилетуғын шәртнамалар тийкарында, Өзбекстан Республикасы пуқаралары ушын белгиленген тарифлерде төлеўге руқсат етилсин.
  5. Филиал тәмийнаты ушын бюджет ажыратпалары 2019-жылы Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң социаллық тараў бойынша тастыйықланған қәрежетлер параметрлери шеңберинде ажыратылатуғыны, 2020-жылдан баслап болса бул тараўдың жыллық қәрежетлер параметрлеринде нәзерде тутылатуғыны белгиленсин.
  6. Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Университет ҳәм «Өзхимиясанаат» АЖ менен биргеликте:

еки ай мүддетте шөлкемлестириў ҳүжжетлери ислеп шығылыўы ҳәм келисилиўи, Филиалдың белгиленген тәртипте мәмлекетлик дизимнен өткерилиўи ҳәм оның шөлкемлестириў структурасы тастыйықланыўы;

2019-жыл 1-августқа шекем Филиалдың таңлаў тийкарында қәнигели профессор-оқытыўшылар қурамы менен толықтырылыўын тәмийинлесин.

  1. Филиалға еки жеңил автотранспорт, соның ишинде, бир хызмет ҳәм бир нәўбетши автотранспорт қуралын сақлаўға лимит ажыратылсын.
  2. Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги және Филиал буйыртпалары бойынша усы қарарды әмелге асырыў шеңберинде тартылатуғын сырт ел профессор-оқытыўшыларының қурамы ҳәм администрация хызметкерлери және олардың шаңарақ ағзалары ушын кириў визалары консуллық және басқа да жыйымлар өндирилмей, белгиленген тәртипте рәсмийлестирилиўин тәмийинлесин.
  3. Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги және Филиал буйыртпалары бойынша усы қарарды әмелге асырыў шеңберинде тартылатуғын сырт ел профессор-оқытыўшыларының қурамы ҳәм администрация хызметкерлери және олардың шаңарақ ағзалары ушын мәмлекетлик бажы өндирилмей белгиленген тәртипте көп мәртелик визалар берилиўин ҳәм создырылыўын, сондай-ақ, олардың жасаў мәнзиллери бойынша ўақытша дизимнен өткерилиўин және оның мүддети создырылыўын тәмийинлесин.
  4. Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги және Филиал буйыртпалары бойынша сырт ел пуқараларына Өзбекстан Республикасы аймағында мийнет етиўи ушын тастыйықлаўлар берилиўин (мүддети создырылыўын) тәмийинлесин.
  5. 2022-жыл 1-июньге шекем Филиалдын жумысын тәмийинлеў ҳәм оны үскенелеў ушын белгиленген тәртипте қәлиплестирилетуғын дизимлер бойынша алып келинетуғын, Өзбекстан Республикасында ислеп шығарылмайтуғын оқыў ҳәм илимий лабораториялық үскенелер, компьютер техникасы, программалық өнимлер, оқыў ҳәм илимий-методикалық әдебиятлар, инвентарь ҳәм материаллық-техникалық ресурслар бажыхана төлемлеринен (бажыхана жыйымлардан тысқары) азат етилсин.

 

  1. Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  2. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.А.Абдуҳакимовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти    Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2019-жыл 7-июнь