Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 10-июнь күни Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев пенен телефон арқалы сөйлести.
Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Баспасөз хызмети мәлим етти.
Сөйлесиў басында мәмлекетимиз басшысы Қасым-Жомарт Тоқаевты кеше болып өткен Қазақстан Президенти сайлаўында исенимли жеңиске ерискени менен қызғын қутлықлады.
Сайлаў нәтийжелери Қазақстан халқы Қасым-Жомарт Тоқаевты кеңнен қоллап-қуўатлағанын ҳәм оған үлкен исеним билдирилгенин, оның мәмлекеттиң турақлы раўажланыўына ҳәм халықаралық абырайын арттырыўға үлесин жоқары баҳалайтуғынын және бир мәрте көрсеткени, әмелге асырылып атырған сиясат ҳәм ең әҳмийетли социаллық-экономикалық реформалардың избе-из даўам еттирилиўине беккем исенимниң көриниси болғаны айрықша атап өтилди.
Қазақстан Президентиниң усы жылдың апрель айындағы Өзбекстанға дәслепки мәмлекетлик сапары дослық, жақын қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын беккемлеўге өз-ара умтылыўының тастыйығы болып, еки тәреплеме бирге ислесиўдиң раўажланыўына жаңа пәт бағышлағаны атап өтилди.
Сөйлесиў ўақтында Шавкат Мирзиёев ҳәм Қасым-Жомарт Тоқаев Өзбекстан менен Қазақстан арасындағы бирге ислесиўге байланыслы, сондай-ақ, регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийеттеги актуал мәселелерди додалады.
Келешекте, соның ишинде, көп тәреплеме шөлкемлердиң илажлары шеңбериндеги жоқары дәрежедеги ушырасыўлардың режеси де көрип шығылды.
Президентлер Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм көп қырлы бирге ислесиў қатнасықларын избе-из раўажландырыў ҳәм беккемлеў айрықша әҳмийетке ийе екенин және бир мәрте атап өтти.
ӨзА