Әдебият сабақлықларындағы айырым шығармаларды оқыўшылардың жас өзгешелигине қарай басқа класларға өзгертиўимиз ямаса сабақлықлардан алып таслаўымыз керек, деп ойлаймыз.

5-класс сабақлықтың 55-бетинде Т.Жумамуратовтың «Кийиктиң еки ылағы» поэмасы жазба әдебияттағы ертекке мысаллар ретинде надурыс берилген.

6-класс 179-бетте Ш. Сейтовтың «Қыял атаўы» поэмасы жазба әдебияттағы ертекке мысаллар ретинде надурыс берилген.

«Пейзаж ҳаққында түсиник» темасында мысал ушын Абайдың «Қыс», «Жаз», «Гүз» атлы шығармалары бар делинген. Қарақалпақ әдебиятында пейзажлық лирикаға үлги болатуғын қосықлар жоқ па? Қосық үзиндиси менен берилсе және де жақсы болар еди.

5-класс әдебият сабақлығындагы «Әдебий қаҳарман ҳаққында» деген түсиник 5-класс оқыўшылары ушын аўырлық етеди.

Соның менен бирге, 5-кластағы Г.Есемуратованың «Жийрен» повести 9-класс сабақлығына көширилип 9-класс сабақлығындагы «Дүўдендеги дәптер» повести менен алмастырылса екен. Бул повесть балалар өмиринен алынған бир неше гүрриңлерден ибарат болып есапланады.

Оқыўшыларға әпсана, рәўият, аңыз ҳаққында кеңирек түсиник бериўимиз керек.

Әпсаналар ­– Аллатаала атына байланыслы әпсаналар, аспан, жер, ай, күн, жулдызлардың пайда болыўы, адамның пайда болыўлары ҳакқында айтсақ болады.

Рәўиятлар – тарийхта болған белгили адамлардың, қәўимлердиң, халықлардың атларының келип шығыўына байланыслы ҳәм тарийхта бар жер-суў атамалар менен, тарийхта белгили орын тутқан тарийхый ўақыяларға байланыслы айтылады.

Аңызлар – көпшилик жағдайда болмаған нәрселерди болғандай етип сүўретлейтуғын аўыз еки прозалық дөретпелер деп мысаллар менен бериўимиз илимий жақтан түсиникли болар еди.

Бизиң пикиримизше, Қарақалпақ дәстанларын «лиро-эпикалық», «социаллық»,  «турмыслық» ҳәм «тарийхый» дәстанлар деп 4 топарға бөлип 7-класс сабақлығына киризилиўи керек деп ойлайман.

6-кластағы Муҳаммед Юсуптың «Ўатаным» қосығы өзбек тили сабағында да ушырасады.  Оның орнына, 6-класс сабақлығына қанаат, инсап, инсаныйлық пазыйлетлерге тәрбиялайтуғын «Шүкир дейсең сен қашан» қосығы берилсе, балалар ушын жақсы болар еди.

8-класста – қарақалпақ әдебиятының байтереги, бир нешше халық аралық сыйлықлардың лауреаты Т.Қайыпбергенов ҳаққында айта отырып, «Исиң сөзиңдей емес» гүрриңин оқыўшыға усыныў қолайсыз. Себеби, бул киши жастағы оқыўшылар ушын деп ойлайман. Бул гүрриңниң орнына            6-кластағы «Қарақалпақнама» эссеси менен алмастырыўын усыныс етер едим.

9-кластағы И.Юсуповтың «Тумарис» поэмасының орнына репрессия қурбанлары ҳаққында жазылған «Ўатан топырағы» поэмасын усыныс етер едим.  Себеби, «Тумарис» ҳаққында 6-класс әдебияты, тарийхы, өзбек тили сабаклықларында да түсиник берилген. И.Юсупов «Актрисаның ығбалы» лиро-драмалық пьесасын жазды, «Мәңги булақ» драмаларын жазды, «Тумарис ҳәм  басқа да» топламлары басылып шықты деп жазылған. Бул мағлыўматлардың орнына И.Юсупов «Актрисаның ығлалы» лиро-драмалық поэмасын жазды, «Мәңги булақ» поэмасын, «Тумарис ҳәм  басқа поэмалары» деп, түсиникли етип өзгертилсе дурыс болар еди.

9-кластағы Ш.Сейтовтың «Қыял атаўы» поэмасы оқыўшы жасына сай емес, бул поэманы 6-кластағы «Қайтарып бер, Әмиўдәрьямды» қосығы менен алмастырыў керек ҳәм урыс жылларында  ең жақсы повестлер деп тән алынған «Көп еди кеткен тырналар» повестин 9-класс сабақлығына киритилиўди усыныс етер едим.

К.Мәмбетовтың «Посқан ел» романы үш китап деп берилген. Бул романның «Сергиздан» деген 4 китабы  бар деп еситтим, егер 4 китабы да баспадан шығарылған болса, 4 китаптан ибарат деп берилген мақсетке муўапық болар еди. Бул жазыўшының «Шақасында емес тамырында» повестиниң орнына тарийхый романнан үзинди берилсе еди.

К.Каримовтың қосықларының орнына ҳәзир кең жәмийетшилик арасында қызығыўшылық оятқан «Ағабий» атлы тарийхый романынан үзинди берилсе еди.

Б.Генжемуратовтың қосықларының орнына «Моде хан сөзи яки Шин жипиндеги битик» дөретпеси берилсе, себеби, бул дөретпе ана жер ҳаққында болып, ана жер ушын гүрес туўралы сөз етиледи. Өзбек тилиндеги мектеплерде бул дөретпе үйрениледи екен, себеби, бул дөретпе жөнинде ҳәтте өзбек илимпазы «Ўатан ҳаққындағы ең жақсы дөретпе» деген пикирди айтқан. Конституциядағы «Жер-мәмлекеттиң тийкары» деген түсиник усы дөретпеде берилген.

Және де айтайын дегенимиз, айырым техникалык қәтелерге де көз жумып болмайды. Себеби, 8-кластағы Гүлмурат шайырдың «Таз кебинде» қосығы «Жаз кебинде» деп надурыс берилген.  Соның менен бирге, ХХ әсирдиң екинши ярымында Шымбайда «Ғәрип ашық», «Фарҳад-Шийрин», «Ләйли-Мәжнун» қыссалары ҳәр бири бес батпан бийдайға алынатуғын болған деген надурыс мағлыўматлар бар. Дурыс, бундай қәте-кемшиликлер жаңа басылымларда дүзетилип атыр.

 

С. Қәдиримбетова,

Нөкис районлық 25-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң жоқары категориялы қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими.