Ҳуқықтаныўшы-блогер Хушнудбек Худайбердиевтиң жазыўынша, усы жылдың июнь айында ҳәптесине 5 күн жумыс ислейтуғынлар 11 күн, ҳәптесине 6 күн жумыс ислейтуғынлар 6 күн дем алады.

Алдын хабар бергенимиздей, ҳәптесине 5 күн жумыс ислейтуғынлар ушын 1-июнь – шемби күнги дем алыс 6-июнь – пийшемби күнине көширилди. Сондай-ақ, Президент қарарына муўапық, усы жылдың 5-июнь күни Рамазан ҳайтының биринши күни деп белгиленип, бул күни барлық хызметкерлер ушын де алыс деп жәрияланды. Сол себепли, ҳәптесине 5 күн жумыс ислейтуғын хызметкерлер 5- ҳәм 6-июнь (1-июньнан көширилген) күнлери дем алады.

Төменде сиз июнь айындағы дем алыс күнлериниң календары менен танысыўыңыз мүмкин.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги