Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қарары
Елимизде саламат ҳәм бәркамал әўладты тәрбиялаў, руўхый-әдеп-икрамлы, физикалық жақтан жетик, ўатансүйиўши, миллий дәстүр ҳәм қәдириятларымызға садық жасларды тәрбиялаў, оларды әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың белсенди ҳәм жанкүйер қатнасыўшысына айландырыўға қаратылған комплексли илажлар әмелге асырылмақта.
Соның менен бирге, қәнигелестирилген оқыў-тәрбия мәкемелериниң бул процесске қатнасыўы, сондай-ақ, физикалық ҳәм руўхый жақтан саламат шахсты тәрбиялаў, балаларда мийнет сүйгишликти ҳәм кәмилликке умтылыў сезимлерин қәлиплестириўдеги жумысын буннан былай да жетилистириўди талап етеди.
Жас өспиримлерди қәнигелестирилген оқыў-тәрбия мәкемелерине орналастырыўда олардың социаллық жағдайы, жеке өзгешеликлери, ислеген қылмысының қәўиплилик дәрежесин толық ҳәм дурыс баҳалаў әҳмийетли мәселе болып қалмақта.
Қәнигелестирилген оқыў-тәрбия мәкемелериндеги бүгинги жағдай оқыў процесин мәмлекетлик билимлендириў стандартлары тийкарында сапалы шөлкемлестириў, оқытыўшы, тәрбияшы, психолог ҳәм басқа да хызметкерлердиң тәрбияланыўшыларға билим бериў, оларға кәсип-өнер үйретиў бағдарындағы көнликпесин ҳәм маманлығын арттырыўды талап өтеди.
Жас өспиримлер арасында қадағалаўсызлық ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыў, айрықша шараятларда тәрбиялаў ҳәм билим бериўге мүтәж болған жаслар менен ислесиў системасын түп-тийкарынан жетилистириў мақсетинде, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясына муўапық:
- Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Бас прокуратура ҳәм Ишки ислер министрлигиниң Бахт қаласындағы ер балалардың арнаўлы колледжи, Қоқанд қаласындағы арнаўлы жеңил санаат колледжи, Самарқанд қаласындағы 64-санлы балалар мектеп-интернаты ҳәм Чиноз районындағы 5-санлы қыз балалар мектеп-интернатының тийкарында Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги жанында Республикалық ер балалар оқыў-тәрбия мәкемеси және Республикалық қыз балалар оқыў-тәрбия мәкемесин (кейинги орынларда – Республикалық оқыў-тәрбия мәкемелери) шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
- Республикалық қыз балалар оқыў-тәрбия мәкемеси Ташкент ўәлаяты, Чиноз районы, «Гулзоробод» мәҳәллеси мәнзилинде;
Республикалық ер балалар оқыў-тәрбия мәкемеси Сырдәрья ўәлаяты, Сырдәрья районы, Бахт қаласы «Тадбиркор» мәҳәллеси мәнзилинде жайластырылсын.
- Төмендегилер:
Республикалық ер балалар оқыў-тәрбия мәкемеси Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясына;
Республикалық қыз балалар оқыў-тәрбия мәкемеси Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлигине бириктирилсин.
Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы ҳәм Ишки ислер министрлиги тийисли түрде Республикалық ер балалар оқыў-тәрбия мәкемеси және Республикалық қыз балалар оқыў-тәрбия мәкемесиниң өз ўақтында толық тәмийнаты ҳәм турмыслық шараятларын жақсылаўға жәрдемлесиў, бул мәкемелерде руўхый-ағартыўшылық жумыслардың заманагөй усылларынан ҳәм түрлеринен пайдаланылған ҳалда саламат ҳәм физикалық жақтан күшли, руўхый тетик, билимли, ўатансүйиўши, пидайы, дүньятанымы кең жасларды қәлиплестириў, тәрбияланыўшыларды Ўатанға садықлық руўхында тәрбиялаўға;
Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги Республикалық оқыў-тәрбия мәкемелеринде сапалы тәрбия ҳәм билимлендириў процесин жолға қойыў, тәрбияланыўшылардың бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў, олардың интеллектуаллық, физикалық ҳәм дөретиўшилик қәбилетлерин раўажландырыўға жуўапкер есапланатуғыны белгилеп қойылсын.
- а) Республикалық оқыў-тәрбия мәкемелерине 14 жасқа толған ҳәм 18 жастан аспаған жас өспиримлер жайластырылатуғыны;
б) Республикалық оқыў-тәрбия мәкемелерине төмендегилер:
жәмийетлик қәўипли қылмыслар ислеген, бирақ жынайый жуўапкершиликке тартыў мүмкин болған жасқа толмаған ямаса руўхый кеселлик пенен байланыслы болмаған ҳалда раўажланыўында өз жасына салыстырғанда изде қалыўы ақыбетинде ислеген қылмысының ақыбетин толық түсинип жетпейтуғын;
айыплылығы ҳаққындағы мәселе шешилмей турып жынайый жуўапкершиликтен азат етилген, материаллар жас өспиримлер ислери бойынша уйымлараралық комиссияға көрип шығыў тапсырылған болса;
Республикалық оқыў-тәрбия мәкемелерине жайластырыў тәризиндеги мәжбүрлеў шарасы қолланылған ҳалда жынайый жазадан азат етилген жас өспиримлер;
жеке тәртиптеги профилактикалық ис алып барылып атырғанына қарамастан турақлы түрде ҳуқықбузарлықлар ямаса басқа да жәмийетке жат ис-ҳәрекетлер ислеўди даўам еттирип атырған жас өспиримлер суд қарары тийкарында жайластырылатуғыны;
в) 2019/2020-оқыў жылынан баслап:
усы бәнттиң «б» киши бәнтинде көрсетилген жас өспиримлер тек ғана Республикалық оқыў-тәрбия мәкемелерине оқыўға қабыл етилетуғыны;
Қоқанд қаласындағы арнаўлы жеңил санаат колледжи ҳәм Самарқанд қаласындағы 64-санлы ер балалар мектеп-интернатына жас өспиримлерди қабыл етиў тоқтатылауғыны;
Қоқанд қаласындағы арнаўлы жеңил санаат колледжи ҳәм Самарқанд қаласындағы 64-санлы ер балалар мектеп интернатында тәрбияланып атырған жас өспиримлер оқыўын усы мәкемелерде белгиленген тәртипте тамамлайтуғыны;
г) Республикалық оқыў-тәрбия мәкемелериндеги топарлар ҳәм классларда оқыўшылар менен толықтырылыў 15-20 етип белгиленетуғыны, бурынғысынан басқаша тәризде тийисли қаржы уйымлары менен келисилген ҳалда бул мәкемелерде оқыўшылар санына қарамастан класслар ашыўға руқсат етилетуғыны;
д) ата-ана ямаса ата-ананың орнын басатуғын шахслардың қадағалаўысыз ҳәм қараўсыз қалған, социаллық қәўипли шаңарақларда жасап атырған, сондай-ақ, мәмлекеттиң ҳәм жәмийеттиң жәрдемине мүтәж болған басқа да жас өспиримлер олардың минез-қулқы, психологиялық портрети, жасы, қәбилети, таланты, қызығыўшылықлары ҳәм басқа да факторларды есапқа алған ҳалда жас өспиримлер ислери бойынша аймақлық уйымлараралық комиссияның усынысына тийкарланып тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың қарарлары (жолламалары) тийкарында оқыў жылы даўамында қосымшадағы министрликлер менен уйымлардың қараўындағы улыўма билим бериў ямаса қәнигелстирилген билимлендириў мәкемелерине (кейинги орынларда – Мәкемелер) жайластырылатуғыны;
қарамағында улыўма билим бериў ямаса қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелери болған министрликлер менен уйымлар жас өспиримлер ислери бойынша аймақлық уйымлараралық комиссияның усынысына тийкарланып Мәкемелерге жиберилип атырған жас өспиримлер ушын Мәкемелердиң қабыллаў квотасынан тысқары 5 процентке шекем қосымша квоталар ажырататуғыны;
Мәкемелерге жиберилип атырған жас өспиримлер дем алыс ўақтында егер олардың ата-анасы ямаса олардың орнын басатуғын шахсларға қайтарыў имканияты болмаса Мәкемелерде оқыў процеси басланғанға шекем район (қала) ҳәкиминиң қарары тийкарында тийисли халық билимлендириў уйымының жолламасы бойынша ўақытша «Меҳрибанлық» үйлеринде тәрбияланатуғыны;
е) қарамағында улыўма билим бериў ямаса қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелери болған министрликлер ҳәм уйымлар:
2019/2020-оқыў жылынан баслап жас өспиримлер ислери бойынша аймақлық уйымлараралық комиссиялардың усынысына тийкарланып жиберилип атырған жас өспиримлерди Мәкемелерге бурынғысынан басқаша тәризде бийпул тийкарда, сынақларсыз ҳәм қосымша имтиханларсыз қабыл ететуғыны;
жас өспиримлер ислери бойынша аймақлық уйымлараралық комиссиялардың усынысына тийкарланып қабыл етилген ҳәр бир жас өспирим ушын өз алдына тренер бириктиретуғыны ҳәм оның тәлим-тәрбиясын турақлы түрде қадағалайтуғыны, оларды Мәкемелерди питкергеннен соң жумыс пенен тәмийинлеўге жәрдемлесетуғыны;
ж) ишки ислер уйымларының жас өспиримлерге социаллық ҳуқықый жәрдем бериў орайлары (кейинги орынларда – Орай) көби менен қырық бес күн мүддетте жас өспиримди Мәкемеге ямаса Республикалық оқыў-тәрбия мәкемелерине жайластырыўдың мақсетке муўапықлығы ҳаққында жас өспиримлер ислери бойынша аймақлық уйымлараралық комиссияға жуўмақ усынатуғыны;
з) 2019-жыл 1-сентябрьден баслап қәнигелестирилген оқыў-тәрбия мәкемелериниң басшы ҳәм педагог хызметкерлери, соның ишинде, тәрбияшы жәрдемшилерине мийнеттиң бөлек шараятлары ушын базалық тариф ставкасының 75 проценти муғдарында ҳәр айлық үстеме ҳақы төленетуғыны белгилеп қойылсын.
- Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги:
а) 2019-жылдың 1–августына шекем:
Республикалық оқыў-тәрбия мәкемелериниң оқыў бағдарламаларын қайта көрип шықсын, оларға орналастырылып атырған балалардың зәрүрликлери ҳәм машқалалары түринен келип шыққан ҳалда жеке тәртиптеги реабилитация бағдарламаларын (турмысқа бейимлесиўге үйретиў, нәшебентликке ҳәм ишиўшиликке берилиўди емлеў, руўхый жарақат белгилери менен ислесиў ҳәм басқа да бағдарламалар) ислеп шықсын және дөгереклердиң жумысын кеңейтиў илажларын көрсин;
Республикалық оқыў-тәрбия мәкемелериниң штат кестелерин тастыйықласын, онда сапластырылып атырған қәнигелестирилген оқыў-тәрбия мәкемелериниң штатлары есабынан жаңадан шөлкемлестирилип атырған Республикалық оқыў-тәрбия мәкемелеринде ҳәр 20 тәрбияланыўшыға бир психолог, сондай-ақ, Республикалық қыз балалар оқыў-тәрбия мәкемесине бир шыпакер-гинеколог штат бирликлерин ажыратсын;
Республикалық оқыў-тәрбия мәкемелерин кең дүнья қарасқа ҳәм жоқары қәнигеликке ийе оқытыўшылар, тәрбияшылар ҳәм психологлардан ибарат қурамда қәлиплестирсин және зәрүрликлерге қарай жаңа штатлар енгизсин;
Республикалық оқыў-тәрбия мәкемелерин заманагөй оқыў, оқыў-методикалық ҳәм көркем әдебиятлар, күнделикли журналлар менен тәмийинлесин және мәлимлеме-ресурс орайларының фондларын турақлы түрде жаңалап барсын;
Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте Республикалық оқыў-тәрбия мәкемелери тәрбияланыўшыларының шаңарағы менен байланыста болыўы және олар менен ушрасыўы ушын зәрүр байланыс қураллары ҳәм үскенелер менен тәмийинленген бөлек бөлмелерди ажыратсын, сондай-ақ, Республикалық оқыў-тәрбия мәкемелериниң “ZiyoNET” билимлендириў тармағына жалғаныўын тәмийинлесин;
Өзбекстан жаслар аўқамы менен биргеликте Республикалық оқыў-тәрбия мәкемелери мәкемелериниң аймақлары ҳәм бөлмелери Өзбекстан жаслар аўқамының раўажландырыў қорының қаржылары есабынан видеобақлаў камералары менен үскенелениўин, олардың техникалық сазлығын ҳәм үзликсиз ислеўин, сондай-ақ, видеожазыўлар арнаўлы архивте кеминде бир жыл сақланыўын тәмийинлесин;
б) тәрбияланыўшылар дус келетуғын машқалаларды додалаў, олардың шешимин табыў ҳәм тәрбияланыўшылардың ҳуқықый билимлерин арттырыўға қаратылған “case-study”, топарларда ислеў, пикир-таласлар, ситуациялық ойынлар, ақылый ҳүжим сыяқлы алдынғы интерактив оқытыў усыллары оқыў-тәрбия процесине кеңнен енгизилиўин тәмийинлесин;
тәрбияланыўшыларда мийнет көнликпелерин ҳәм еркин қәбилетли пикирлеў уқыбын қәлиплестириў, оларды кәсипке бағдарлаў ҳәм бос ўақытларын нәтийжели шөлкемлестириў мақсетинде тәрбияланыўшылар Республикалық оқыў-тәрбия мәкемесинде болған дәўирде кәсипке үйретиў бойынша әмелий мийнет шығынығыўлары өткерилиўин тәмийинлесин;
белгили илим, мәденият, көркем өнер ҳәм әдебият, дин ғайраткерлери, түрли тараўлардың алдынғы қәнигелериниң қатнасыўында ҳәр үш айда кеминде бир мәрте тәрбияланыўшыларда жоқары руўхый-әдеп-икрамлылық пазыйлетлерди қәлиплестириў ҳәм беккемлеў, оларды ҳадаллық ҳәм әдеп-икрамлылық руўхында тәрбиялаўға қаратылған ушырасыўлар менен дөгерек сәўбетлерин шөлкемлестирсин;
в) Республикалық оқыў-тәрбия мәкемелериниң басшылары ҳәм қәнигелериниң қәнигелигин арттырыў оқыў бағдарламаларына айрықша шараятларда тәрбиялаўға ҳәм билим бериўге мүтәж жас өспиримлер менен ислесиў методикасына байланыслы модульлерди киргизсин, сондай-ақ, бул мәкемелердиң жумысын методикалық тәмийинлеў илажларын көрсин.
- Жас өспиримлер ислери бойынша республикалық уйымлараралық комиссия мәпдар министрликлер және уйымлар менен биргеликте:
а) 2019-жыл даўамында:
қәнигелестирилген оқыў-тәрбия мәкемелериндеги тәрбияланыўшылар менен индивидуал түрде сәўбетлер өткериў тийкарында оларды категорияларға ажыратқан ҳалда ата-анасы ямаса олардың орнын басатуғын шахсларға қайтарыў, мийрасхор ямаса қәўендер тайынлаў, орналастырыўдың басқа да түрлерин қолланыў, сондай-ақ, Мәкемелерге жайластырыў илажларын көрсин;
мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте қәнигелестирилген оқыў-тәрбия мәкемелери тәрбияланыўшылары ҳәм олардың шаңарағындағы жағдайды ҳәр тәреплеме үйрениў ҳәм баҳалаў, тәрбияланыўшылар қәнигелестирилген оқыў-тәрбия мәкемелеринен қайтқаннан соң оларды оқыўға орналастырыў, социаллық бейимлесиўи және шаңарағындағы машқалаларды жеделлик пенен шешиў, ата-аналары ҳәм олардың орнын басатуғын шахслардың потенциалын арттырыў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў, материаллық ҳәм басқа да жәрдемлер көрсетиў илажларын көрсин;
б) жас өспиримлер ислери бойынша аймақлық уйымлараралық комиссиялар тәрепинен жас өспиримди Республикалық оқыў-тәрбия мәкемелерине жайластырыў мәселеси көрип шығылғанда билимлендириў мәкемеси, мәҳәлле, Өзбекстан жаслар аўқамы, профилактика инспекторы, халық билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў мәкемелериниң жуўаплы хызметкерлериниң қатнасында жас өспиримлер, оның ата-анасы ямаса ата-анасының орнын басатуғын шахслар менен алып барылған профилактикалық жумыслар терең үйренилиўин тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының тийисли комитети ҳәм халық депутатлары Ташкент ўәлаятлық Кеңеси және халық депутатлары Сырдәрья ўәлаятлық Кеңесиниң қоспа мәжилислеринде ҳәр жылы бир мәрте тийисли Республикалық оқыў-тәрбия мәкемелериндеги оқыў-тәрбия процесслерин додалаў, усы мәкеме басшыларының есапларын тыңлаў ҳаққындағы Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарының усынысына келисим берилсин.
Есаплар тыңланып атырғанда тәрбияланыўшылар менен алып барылып атырған тәлим-тәрбия процесслери, олардың минез-қулқын өзгертиў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар, оларға көрсетилип атырған медициналық хызмет, усы мәкмелердеги социаллық-руўхый орталық сын көзқарастан додаланатуғыны белгилеп қойылсын.
- Төмендегилерге:
а) Өзбекстан жаслар аўқамына:
Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, Саўда-санаат палатасы менен биргеликте Республикалық оқыў-тәрбия мәкемелери тәрбияланыўшыларының заманагөй кәсип-өнерлерди пуқта ийелеўи ушын мүнәсип шараятлар жаратыў, бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменлик қәбилетин раўажландырыў, оларды киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликке кеңнен тартыў, басламаларын хошаметлеў, интеллектуаллық ҳәм дөретиўшилик қәбилетин жүзеге шығарыўға жәрдемлесиў;
Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги, Мәденият министрлиги менен биргеликте Республикалық оқыў-тәрбия мәкемелериндеги балалар ушын ҳәр айда бир мәрте мәдений-ағартыўшылық илажлар өткерип, тәрбияланыўшылардың тарийхый-архитектуралық комплекслер, ҳайўанат бағлары, театрлар, музейлер ҳәм басқа да мәдений-кеўил ашар орынларға барыўын шөлкемлестирсиў;
Республикалық оқыў-тәрбия мәкемелеринен қайтқан жас өспиримлерге Өзбекстан жаслар аўқамы ўәкиллерин бириктириў ҳәм оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў;
б) Өзбекстан Ҳаял-қызлар комитетине турақлы түрде Республикалық оқыў-тәрбия мәкемелерин питкерип атырған қызлардың дизимин жүргизип барыў, олар менен жеке тәртипте ҳәм анық мақсетке қаратылған жумысларды шөлкемлестириў және оларды мәнзилли қоллап-қуўатлаў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў илажларын көриў усыныс етилсин.
Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги Халық билимлендириў министрлиги менен биргеликте Республикалық оқыў-тәрбия мәкемелерин питкериўшилерди экономика тармақлары ҳәм мийнет базарының реал зәрүрликлеринен келип шығып, кәсипке бағдарлаў, оқытыў, қайта оқытыў, олардың қәнигелигин арттырыў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў жумысларын алып барсын.
Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги Орайға турақлы түрде және Республикалық оқыў-тәрбия мәкемелерине алып келинген жас өспиримлерди қатаң түрде ҳәр алты айда медициналық тексериўден өткерип барыў және бийтап тәрбияланыўшыларды өз қарамағындағы медицина мәкемелеринде бийпул емлеў илажларын көрсин.
- Республикалық оқыў-тәрбия мәкемелеринде жаслардың мәденият, көркем өнер, спорт, мәлимлеме технологиялары, китап оқыўға қызығыўшылығын арттырыў бойынша бес басламаны кеңнен енгизиў мақсетинде еки ай мүддетте:
а) Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги Мәденият министрлиги менен биргеликте тәрбияланыўшылардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў мақсетинде музыка, сүўрет салыў, сүўретлеў өнери, гүлалшылық ҳәм басқа да дөгереклерди шөлкемлестириў, сондай-ақ, әмелдеги нормаға муўапық музыка әсбаплары менен тәмийинлеў;
б) Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги Республикалық оқыў-тәрбия мәкемелериниң спорт залларын 34 атамадағы спорт инвентарьлары ҳәм әнжамлары менен тәмийинлеў;
в) Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Республикалық оқыў-тәрбия мәкемелеринде биреўден компьютер класс бөлмелерин заманагөй компьютерлер менен тәмийинлеў, оларда оқыўшыларды пикирлеўге бағдарлайтуғын компьютер ойынлары базасын жаратыў;
г) Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги Жазыўшылар аўқамы, Республикалық руўхый-ағартыўшылық орайы, Халық билимлендириў министрлиги менен биргеликте 136 атамадағы оқыўға усыныс етилген көркем әдебиятлар менен тәмийинлеў;
е) Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги Өзбекстан Ҳаял-қызлар комитети менен биргеликте тәрбияланыўшы қызлардың кәсиплик көнликпелерин раўажландырыў мақсетинде зәрүр муғдарда тигиў машинасы ҳәм басқа да әнжамлар менен тәмийинлеў илажларын көрсин.
- Жас өспиримлер ислери бойынша аймақлық уйымлараралық комиссиялар, Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги, Ишки ислер министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыў бойынша республикалық кеңес, Өзбекстан Ҳаял-қызлар комитети, Өзбекстан жаслар аўқамы ҳәм басқа да мәпдар шөлкемлер социаллық қәўипли жағдайда болған жас өспиримлер ҳуқықбузарлық ямаса басқа да жәмийетке жат ҳәрекетлер ислеўи, қадағалаўсыз ямаса қараўсыз қалыўына себеп болған факторларды терең таллап, оларды сапластырыў илажларын көрсин.
- Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судына жас өспиримлерди Республикалық оқыў-тәрбия мәкемелерине жайластырыў мәселеси судлар тәрепинен ҳәр тәреплеме үйренип шығылыўы, онда жас өспиримлер ислери бойынша аймақлық уйымлараралық комиссия тәрепинен қабыл етилген қарарлар жеткиликли тийкарланғаны, жас өспиримниң ата-анасы ямаса ата-анасының орнын басатуғын шахслар, мәҳәлле, Өзбекстан жаслар аўқамы, Өзбекстан Ҳаял-қызлар комитети, халық билимлендириў, ишки ислер, денсаўлықты сақлаў уйымлары ҳәм Орайдың пикир-усыныслары тыңланыўы, сондай-ақ, жас өспиримлер арасында қадағалаўсызлық ҳәм ҳуқықбузарлықлар профилактикасын әмелге асыратуғын уйымлар және мәкемелердиң әмелге асырған профилактикалық жумысларының нәтийжелилигине баҳа берилиўине итибар қаратыў усыныс етилсин.
- Жас өспиримлер ислери бойынша аймақлық уйымлараралық комиссиялар жас өспиримлерди Республикалық оқыў-тәрбия мәкемесине жайластырыў ҳаққында судқа жиберилген өтиниш хатлардың тийкарлы екенлигине жуўапкер екени белгилеп қойылсын.
- Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги және Халық билимлендириў министрлиги 2020-жылға мөлшерленген Инвестициялық бағдарлама шеңберинде Республикалық оқыў-тәрбия мәкемелерин реконструкциялаў ҳәм капитал оңлаў, зәрүр үскенелер, компьютер, оқытыўдың техникалық қураллары, инвентарь менен тәмийинлеў ҳәм материаллық-техникалық базасын буннан былай да беккелеўди нәзерде тутсын.
- Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги:
Бас прокуратура менен биргеликте еки ай мүддетте Орайлардың жумысын сын көзқарастан көрип шығыў тийкарында олардың әмелдеги шөлкемлестириў структурасы және жумыс процесин жетилистириў, материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм ишки ислер уйымларының әмелдеги штатлары шеңберинде хызметкер ҳәм жумысшылардың есабынан ҳәр бир Орайға бир офицерлер қурамындағы психолог ҳәм социаллық хызметкер лаўазымларын киргизиў илажларын көрсин;
«Шаңарақ» илимий-әмелий изертлеў орайы, Өзбекстан Ҳаял-қызлар комитети Республикалық балалардың социаллық бейимлесиў орайы менен биргеликте ишки ислер уйымларының жас өспиримлер арасында ҳуқықбузарлықлар профилактикасы бөлимлериниң хызметкерлерин кәсипке таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў бағдарламасын ислеп шықсын ҳәм бағдарламаға социаллық жақтан қәўипли жағдайда болған жас өспиримлер ҳәм шаңарақлар менен профилактикалық илажларды шөлкемлестириўге байланыслы модульлер киргизсин.
- Сырдәрья ўәлаяты, Сырдәрья районы Бахт қаласы «Тадбиркор» мәҳәллеси мәнзилинде жайласқан ер балалардың арнаўлы колледжиниң имаратлары ҳәм объектлери мүлки және оған тутас аймақ пенен бирге Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигине оператив басқарыў ҳуқықы тийкарында берилсин.
- Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги усы қарардың әмелге асырылыўы ушын зәрүр қаржыларды 2019-жылы «Билимлендириў» тараўы ушын ажыратылған қаржылар шеңберинде ажыратсын, 2020-жылдан баслап болса Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң параметрлеринде ҳәр жылы нәзерде тутсын.
- Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жас өспиримлер ҳаққындағы нызам ҳүжжетлериниң орынланыўы үстинен қадағалаўды күшейтсин.
- Қарамағында улыўма билим бериў ямаса қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелери болған министрликлер ҳәм уйымлар еки ай мүддетте жас өспиримлер ислери бойынша аймақлық уйымлараралық комиссияның усынысына тийкарланып усы мәкемелерге жас өспиримлерди қабыллаў тәртибин белгилеў бойынша усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети еки ай мүддетте Республикалық оқыў-тәрбия жумысын шөлкемлестириў бойынша тийисли қарар қабыл етсин.
- Халық билимлендириў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте үш ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққындағы усынысларды Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2019-жыл 29-май