Өзбекстан Республикасы Президентиниң
пәрманы
Соңғы жыллары елимизде коррупцияға қарсы гүресиў тараўында әҳмийетли шөлкемлестириў-ҳуқықый реформалар әмелге асырылды. Халықтың ҳуқықый санасын ҳәм ҳуқықый мәдениятын арттырыўға, жәмийетте коррупцияға маўасасыз қатнас жасаўды қәлиплестириўге қаратылған системалы илажлар көрилди.
Реформаларды әмелге асырыў шеңберинде пуқаралардың ҳуқықлары менен мәплериниң қорғалыўын, мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысының ашық-айдынлығын, жәмийетлик ҳәм парламентлик қадағалаўды тәмийинлеў механизмлери жетилистирилди, сондай-ақ, ҳуқық қорғаў ҳәм суд уйымлары жумысының ҳуқықый тийкарлары реформаланды.
Соның менен бирге, экономиканы буннан былай да өсириў, халықтың абаданлығын арттырыў, елимизде инвестициялық орталықты жақсылаў бағдарындағы стратегиялық ўазыйпаларды шешиў коррупцияға қарсы гүресиў тараўында мәмлекетлик сиясаттың нәтийжели әмелге асырылыўын тәмийинлеў және коррупция көринислериниң себеплерин ҳәм шараятларын сапластырыў бойынша жаңа системалы илажлар көрилиўин талап етпекте.
Коррупцияға қарсы гүресиў системасының нәтийжелилигин арттырыў, ең жоқары дәрежедеги қолайлы исбилерменлик орталығын жаратыў, елимиздиң халықаралық майдандағы унамлы абырайын арттырыў мақсетинде, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес әҳмийетли бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпаларға муўапық:
- Төмендегилер:
2019-2020-жылларда коррупцияға қарсы гүресиў мәмлекетлик бағдарламасы (кейинги орынларда – Мәмлекетлик бағдарлама)1-қосымшаға муўапық;
Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша республикалық уйымлараралық комиссиясы (кейинги орынларда – Уйымлараралық комиссия)ның жаңаланған қурамы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары, жәмийетлик бирлеспелер ҳәм басқа да шөлкемлер еки ай мүддетте Мәмлекетлик бағдарламаның ҳәр бир бәнти бойынша мақсетлерге ерисиўде нәтийжелилик индикаторларын ислеп шықсын ҳәм Уйымлараралық комиссия менен келисип алсын.
- Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң палаталарында коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм суд-ҳуқық мәселелери бойынша комитетлер шөлкемлестирилгени мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
Уйымлараралық комиссия еки ай мүддетте коррупцияға қарсы гүресиў бойынша үлги илажларының уйымлық бағдарламасын Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарының коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм суд-ҳуқық мәселелери бойынша комитетлерине додалаў ҳәм келисиў ушын киргизсин.
- Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы халық депутатлары Кеңеслери, районлық ҳәм қалалық халық депутатлары Кеңеслериниң қурамында коррупцияға қарсы гүресиў комиссияларын шөлкемлестириў усыныс етилсин, оларға:
орынларда коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы жумыслардың жағдайын комплексли үйрениў;
орынларда коррупция көринислери жүз бериўине алып келетуғын системалы машқалалар ҳәм коррупцияның жағдайы ҳаққында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарының коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм суд-ҳуқық мәселелери бойынша комитетлерине бул тараўдағы жумысты жетилистириў бойынша усыныслар киргизген ҳалда турақлы түрде мәлимлеме берип барыў функциялары жүкленсин.
- а) коррупцияға қарсы гүресиў тараўында мәмлекетлик сиясаттың әҳмийетли бағдарлары орта мүддетли перспективада төмендегилерден ибарат екени белгилеп қойылсын:
суд ҳәкимиятының еркинлигин буннан былай да беккемлеў, судьяларға ҳәр қандай тәризде нызамға қарсы тәсир өткериў шәртлерин бийкар етиў;
мәмлекетлик хызметкерлерди таңлаў тийкарында сайлап алыў, лаўазымға тайынлаў ҳәм жоқары лаўазымларға көтериўдиң ашық-айдын тәртибине тийкарланған мәмлекетлик хызмет системасын қәлиплестириў, олар ушын шеклеўлер, қадаған етиў, хошаметлеў илажлары және коррупцияның алдын алыўдың басқа да механизмлериниң анық дизимин белгилеў;
Мәмлекетлик хызметкерлердиң дәраматларын декларациялаў системасын басқышпа-басқыш енгизиў ҳәм олардың мийнет ҳақысы жеткиликли дәрежеде болыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, мәмлекетлик хызметти атқарыўда мәплердиң қарама-қарсы келиўин шешиўдиң шөлкемлестириў-ҳуқықый тийкарларын жетилистириў;
коррупция менен байланыслы ҳуқықбузарлықлар ҳаққында хабар берген шахсларды қорғаўдың нәтийжели шөлкемлестириў-ҳуқықый механизмлерин енгизиў;
халықтың ҳуқықый санасын ҳәм ҳуқықый мәдениятын және де арттырыў, жәмийетте коррупцияға маўасасыз қатнасты күшейтиў;
мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң есап бериўин ҳәм жумысының ашық-айдынлығын арттырыў;
пуқаралық жәмийети институтлары, ғалаба хабар қураллары жумысының ҳақыйқый еркинлигин тәмийинлеў ҳәм оларды коррупцияға қарсы илажларды таярлаўда, өткериўде ҳәм орынланыўын мониторинг етиўге қатнасыўға тартыў;
б) уйымлық коррупцияға қарсы гүресиўдиң нәтийжели бағдарламаларын әмелге асырыў, олардың есап бериўин ҳәм жумысының ашық-айдынлығы механизмлерин енгизиў, әдеп-икрамлылық қағыйдаларына әмел етилиўи ҳәм мәплердиң қарама-қарсы келиўиниң алды алыныўын тәмийинлеў бойынша әмелий илажларды орынлаў арқалы тийисли тараўда коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықларға имканият жаратып атырған себеплер ҳәм шәртлерди түп-тийкары менен жоқ етиў мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер басшыларының биринши дәрежедеги әҳмийетли ўазыйпасы есапланады.
- а) 2019-жыл 1-июльден баслап мәмлекетлик уйымларға жүкленген ўазыйпалар менен функцияларды әмелге асырыўда жүзеге келетуғын коррупция қәўип-қәтерлерин ўақты-ўақты менен мәжбүрий баҳалап баратуғыны, оның жуўмақлары бойынша:
коррупция қәўип-қәтерлерине ең көп дус келетуғын мәмлекетлик хызметкерлердиң жумыс тараўлары ҳәм лаўазымлары, сондай-ақ, олардың функциялары (ўәкилликлери)ның дизимин қәлиплестиретуғыны;
уйымлық коррупцияға қарсы гүресиў бағдарламалары орынланыўының ҳәр шереклик мониторингин әмелге асыратуғыны ҳәм коррупциялық ҳәрекетлерди минимум дәрежеге түсириў илажларын көретуғыны;
Уйымлараралық комиссия менен келисе отырып ҳәр жылғы уйымлық коррупцияға қарсы гүресиў бағдарламаларын тастыйықлайтуғыны;
ҳәр жылы Уйымлараралық комиссияға тийисли уйымлар менен шөлкемлердиң жумысында, соның ишинде, нызамшылықты ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелиятын жетилистириў арқалы коррупция қәўип-қәтерлерине шек қойыў бойынша усынысларды киргизетуғыны;
б) мәмлекетлик басқарыў уйымлары, жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымларының басшылары коррупция қәўип-қәтерлерин өз ўақтында анықламағаны ҳәм тийисли баҳа бермегени, сондай-ақ, коррупцияға байланыслы ҳуқық бузарлықларды қайта ислеў жағдайларына жол қойғаны бойынша жеке жуўапкер екени белгилеп қойылсын.
- Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Әдиллик министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги Бас прокуратура менен биргеликте:
жасларға коррупцияға қарсы гүресиў тараўында ҳуқықый билим бериў бойынша комплексли илажларды ислеп шықсын ҳәм 2019-жыл 1-сентябрьден баслап енгизсин;
улыўма орта, орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириўи ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелериниң оқыў бағдарламаларында коррупцияға қарсы темалар буннан былай да кеңейтилиўин тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги Бас прокуратура, Әдиллик министрлиги, Қаржы министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги менен биргеликте үш ай мүддетте, соның ишинде, техникалық инфраструктураны ҳәм зәрүр прогаммалық тәмийнатты жаратыўға байланыслы зәрүр илажларды әмелге асырыўды нәзерде тутқан ҳалда белгили бир категориядағы мәмлекетлик хызметкерлердиң мүлкин ҳәм дәраматларын декларациялаў системасын басқышпа-басқыш енгизиў бойынша усынысларды Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Уйымлараралық комиссия (Н.Т.Йўлдошев):
2019-жыл 1-августтан баслап эксперимент тәризинде, жәмийетлик ҳәм жетекши экспертлерди, соның ишинде, сырт елли экспертлерди тартқан ҳалда дәслепки басқышта капитал қурылыс ҳәм Жоқары билимлендириў тараўларында «Коррупциясыз тараў» жойбарын әмелге асырыўды шөлкемлестирсин, 2020-жыл 1-апрельден баслап жойбарды басқа тараўларға да басқышпа-басқыш енгизсин;
ҳәр жылы 1-апрельге шекем тийисли тараўларда «Коррупциясыз тараў» жойбарын әмелге асырыўдың жуўмақлары ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына мәлимлеме киргизсин.
- Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары, жәмийетлик бирлеспелер ҳәм басқа да шөлкемлер Мәмлекетлик бағдарламаның орынланыў ҳалаты ҳаққында ҳәр шеректе Уйымлараралық комиссияға мәлимлеме киргизилиўин тәмийинлесин.
- Коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы жумыс нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған илажларды ислеп шығыў бойынша арнаўлы комиссия (кейинги орынларда – Арнаўлы комиссия) 3-қосымшаға муўапық қурамда дүзилсин.
- Төмендегилер арнаўлы комиссияның тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:
коррупцияға қарсы гүресиўге қаратылған жәмийетлик қадағалаўдың әмелий илажларын ҳәм қолланылып атырған ҳуқықый механизмлердиң ҳәзирги жағдайын таллаў;
коррупцияға ҳәм басқа да жынаятларға қарсы системалы гүресиў тараўында ҳуқық қорғаў ҳәм қадағалаў уйымлары, соның ишинде, ишки уйымлық қадағалаўды әмелге асыратуғын бөлимлердиң жумысын сын көзқарастан үйрениў;
коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм бул тараўда уйымлараралық бирге ислесиў, сондай-ақ, коррупция көринислерин ислеў себеплери менен шәртлерин анықлаў және оларды сапластырыў бойынша комплексли илажлар ислеп шығыўда пайдаланылып атырған механизмлерди түп-тийкарынан қайта көрип шығыў;
коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм жәмийетлик қадағалаў тараўында улыўма тән алынған халықаралық стандартлар ҳәм сырт елдиң унамлы тәжирийбесин үйрениў.
- Арнаўлы комиссия (З.Ш.Низомиддинов):
а) бир ҳәпте мүддетте үйрениўдиң тийисли бағдарлары бойынша жумысшы топарлардың қурамларын және олардың жумыс режелерин тастыйықласын, сондай-ақ, жумысшы топарлардың нәтийжели жумысын шөлкемлестирсин;
б) 2019-жыл 1-сентябрьге шекем:
ҳуқық қорғаў уйымларының коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы жумысын, соның ишинде, улыўма тән алынған халықаралық стандартлар ҳәм сырт еллердиң унамлы тәжирийбесин есапқа алған ҳалда бул жумысты шөлкемлестириў ҳәм усы бағдардағы функцияларды оптималластырыўда бирден-бир қатнас жасаўды енгизиў арқалы түп-тийкарынан жетилистириў бойынша усынысларды;
коррупцияға қарсы гүресиў тараўында жәмийетлик қадағалаў механизмлерин нәтийжели қолланыўға қаратылған, соның ишинде, төмендегилерди нәзерде тутатуғын комплексли илажлар бойынша «Жол картасы» жойбарын ислеп шықсын ҳәм киргизсин:
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталары ҳәм сиясий партиялардың ролин буннан былай да күшейтиў;
ҳуқық қорғаў уйымларының Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталары алдында есап бериў тәртибин жетилистириў;
қарарлар қабыл етиў процесине пуқаралар қатнасыўының ашық-айдынлығын ҳәм нәтийжели усылларын енгизиў.
- Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги:
Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте мәмлекетлик уйымлар, соның ишинде, жергиликли уйымлар тәрепинен рәсмий веб-сайтлар ҳәм «исеним телефонлары»нан олардың жумысының ашық-айдынлығын ҳәм мәлимлеме алыў имканиятын тәмийинлеў қуралы сыпатында пайдаланыўы үстинен турақлы мониторинг әмелге асырсын;
Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, усы Пәрманның әмелге асырылыўы ушын жуўапкер болған мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер менен биргеликте ғалаба хабар қураллары ҳәм интернет ресурсларда, соның ишинде, сырт ел ғалаба хабар қуралларында кең көлемдеги мәлимлеме-үгит-нәсиятлаў жумысларын шөлкемлестириў илажларын турақлы тийкарда әмелге асырып, оларда белгили илимпазлар, мәмлекетлик уйымлардың басшылары және жәмийетлик ўәкиллердиң шығыўын нәзерде тутсын және коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери бойынша брифинглер, интернет-конференциялар, телекөрсетиўлерде олардың қатнасыўын тәмийинлесин;
бул бағдарда әмелге асырылған жумыслар ҳаққында ҳәр шеректе Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына есап берип барсын.
- Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы Әдиллик министрлиги және басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында усыныслар киргизсин.
- Министрликлер ҳәм уйымлар өзлери қабыл еткен нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди еки ай мүддетте усы Пәрманға муўапықластырсын.
- Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2019-жыл 27-май