Әлийшер Наўайы атындағы Ташкент мәмлекетлик өзбек тили ҳәм әдебияты университетиниң басламасы менен Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги жанындағы «Бирден-бир интегратор UZINFOCOM» жуўапкершилиги шекленген жәмийети менен биргеликте өзбек тилиниң жәмийетлик дәрежесин беккемлеў ҳәм ғалабалық саўатлылықты үгит-нәсиятлаў мақсетинде быйылғы жылы «Diktant.uz» акциясын шөлкемлестирип келмекте.

Бүгин, 28-май күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты филология факультетинде усындай ғалабалық диктант илажы болып өтти.

Оған Қарақалпақстан Республикасының барлық аймақларынан келген 7 жастан 70 жасқа шекемги болған қәлеўшилер – улыўма билим бериў мектеплери, орта арнаўлы ҳәм жоқары оқыў орынлары, сондай-ақ, мәкан пуқаралар жыйынларынан нураныйлар да қатнасып, өзлериниң саўатлылық дәрежесин сынақтан өткерди.

Диктант жуўмақлары 10 күннен соң Diktant.uz веб-сайтында жәрияланады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.