Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қарары

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 20-декабрьдеги «Экспортқа жәрдемлесиў ҳәм оны хошаметлеўди  күшейтиў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4069-санлы қарарына муўапық, сондай-ақ, экспорт ҳәм экспорталды қаржыландырыў, экспорт кредитлери ҳәм тәўекелшиликлерин қамсызландырыў механизмлерин нәтийжели енгизиў ушын зәрүр шараятлар жаратыў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Қаржы министрлиги және Экономика ҳәм санаат министрлигиниң экспорт етиўшилерди мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў тәртибин орнатыў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин, оған муўапық Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Исбилерменлик жумысын раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қоры (кейинги орынларда – Қор) экспорт етиўшилерге:

коммерциялық банклердиң экспорталды кредитлер, соның ишинде, айланыс қаржыларды толтырыў ушын берилген кредитлер бойынша процент қәрежетлерин қаплаўға, миллий валютадағы кредитлер бойынша – Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң қайта қаржыландырыў ставкасынан артқан бөлегинде, бирақ 10 процентлик пункттен көп болмаған муғдарда, сырт ел валютасындағы кредитлер бойынша – коммерциялық банклер тәрепинен белгиленген ставканың 40 проценти, бирақ 4 процентлик пункттен артпаған муғдарда компенсация усынады;

 коммерциялық банклердиң кредитлери, соның ишинде, экспорталды кредитлер бойынша кредит суммасының 50 процентке шекем, бирақ 4 миллиард сумнан артпаған муғдарда кепиллик береди.

 Усы бәнтте нәзерде тутылған қоллап-қуўатлаў илажлары Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 29-ноябрьдеги  «Жергиликли ислеп шығарыўшылардың экспорт потенциалын буннан былай да хошаметлеў илажлары ҳаққында»ғы ПП-5587-санлы Пәрманы 1-қосымшасында көрсетилген шийки зат товарларының экспортына енгизилмейтуғыны белгиленсин.

Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Қордың буйыртпалары тийкарында 2019-2020-жыллар даўамында усы бәнтте көрсетилген мақсетлер ушын Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетинен 50 миллиард сумға шекем муғдарда қаржы ажыратсын.

 

  1. Өзбекстан банклер ассоциациясы коммерциялық банклер менен биргеликте экспорт етиўши кәрханаларды, соның ишинде, айланыс қаржыларды толтырыў ушын кредит бериў арқалы қаржыландырыў түрлерин кеңейтсин.

 

  1. Жергиликли экспорт етиўши кәрханалар (олардың ўәкилликли ўәкиллери)ға қосымшадағы дизимге муўапық өнимлерди экспорт етиўде темир жол транспортында тасыў қаржыларын 50 процентке шекем болған муғдарда компенсациялаўға субсидиялар усыныў механизми енгизилсин.

 

Усы бәнтте нәзерде тутылған қоллап-қуўатлаў илажы қоңсы мәмлекетлерге экспорт етилетуғын өнимлерге енгизилмейтуғыны, нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған жағдайлар буған кирмейтуғыны белгиленсин.

Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги жанындағы Экспортты хошаметлеў агентлиги (кейинги орынларда – Агентлик) өнимди экспортқа тасыў қәрежетлериниң бир бөлегин компенсациялаў  ушын Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң қаржылары есабынан субсидиялар төлеў бойынша ўәкилликли уйым етип белгиленсин.

Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлигине Қаржы министрлиги және Экономика ҳәм санаат министрлиги менен келисилген ҳалда усы бәнт пенен тастыйықланған дизимге өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳуқықы берилсин.

 

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық товарлар (жумыслар, хызметлер)ды, соның ишинде, комиссионер (исенимли ўәкил) арқалы реализацияланыўдан түскен улыўма түсиминде есап дәўириниң жуўмағы бойынша таяр өнимниң экспорт үлеси 50 проценттен жоқары болған юридикалық шахсларға олардың арзалары бойынша экспортқа мөлшерленген өнимди ислеп шығарыўда пайдаланылатуғын шийки зат, комплектли буйымлар ҳәм материаллардың импортында қосымша қун салығын төлеўди бажыхана декларациясы қабыл етилген күннен баслап 120 күнге кешиктириў имканияты бериледи.

Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги, Мәмлекетлик бажыхана комитети ҳәм Мәмлекетлик салық комитети еки ай мүддетте экспорт етиўши кәрханаларға қосымша қун салығын төлеўди кешиктириў имканиятын бериў тәртибин ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.

 

  1. Агентликке де республикамыздағы, ҳәм сырт елдеги халықаралық стандартластырыў ҳәм сертификатластырыў системаларын енгизиў, миллий өнимди сырт мәмлекетлердиң ўәкилликли уйымларында дизимнен өткериў, сондай-ақ, көргизбе стендлерин шөлкемлестириў ҳәм халықаралық көргизбе-ярмаркаларында қатнасыў, презентациялар және реклама кампанияларын өткериў, соның ишинде, дәстүрий миллий өнимлер ҳәм брендлерди потенциал базарларда алға қойыў бойынша экспорт етиўши шөлкемлерге финанслық жәрдем бериў ўазыйпасы жүкленгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

Агентлик еки ай мүддетте экспорт етиўши шөлкемлерге усы финанслық жәрдемди бериў мехинизмин ислеп шықсын ҳәм тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин, онда исбилерменлик субъектлериниң сырт мәмлекетлерде зәрүр лицензиялар, рухсатнамалар, сертификатлар алыў, сондай-ақ, дизимнен өткериў жыйымлары ҳәм халықаралық тендерлер және таңлаўларда қатнасыўға байланыслы басқа да төлем қәрежетлериниң бир бөлегин төлеўди нәзерде тутсын.

 

  1. 2019-жыл 1-июньнен баслап тири ҳалдағы таўық, қоян ҳәм балық және оларды сойып исленген өнимлердиң экспорты ушын Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Министрлер Кабинетиниң рухсаты талап етилмейтуғыны белгиленсин.

 

  1. Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги және «Өзбекинвест» экспорт-импорт миллий қамсызландырыў компаниясы (кейинги орынларда «Өзбекинвест» ЭИМҚК) директорлар Кеңесиниң:

«Өзбекинвест» ЭИМҚК устав капиталын компанияның өз капиталы есабынан 221,6 миллиард сумға шекем көбейтиў;

«Өзбекинвест» ЭИМҚК структурасында экспорталды ҳәм экспортты қамсызландырыў мәселелери бойынша бас директордың биринши орынбасары лаўазымын енгизиў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.

 

  1. «Өзбекинвест» ЭИМҚКның экспортты қамсызландырыў арқалы қоллап-қуўатлаў хызметлери комплекси қарыйдардың кредитин, қысқа мүддетли дебитор қарыздарлықты, өнимди жеткерип беретуғын кредитти, тастыйықланған аккредитивти, экспорт етиўшиниң айланыс қаржыларын толтырыў кредитин, экспорт факторингин қамсызландырыўды ҳәм экспортты қамсызландырыў арқалы қоллап-қуўатлаўдың басқа да қуралларын өз ишине алатуғыны;

қаржы жылында экспорт контрактлары ҳәм кредитлерин қамсызландырыўдың барлық шәртнамалары бойынша (шийки зат болмаған өнимниң экспорт бөлегинде) қамсызландырыў төлемин төлеўдиң улыўма көлеми «Өзбекинвест» ЭИМҚК өз капиталының 10 процентинен артып кеткен жағдайда, «Өзбекинвест» ЭИМҚК өз капиталының 10 процентинен артып кеткен муғдардағы жоғалтыўлары оның устав қорын арттырыў арқалы Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары есабынан компенсацияланатуғыны белгиленсин.

 

  1. Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги:

еки ай мүддетте Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги менен биргеликте «Өзбекинвест» ЭИМҚК жумысын буннан былай да жетилистириў ҳаққында тийисли ҳүкимет қарары жойбарының белгиленген тәртипте ислеп шығылыўы ҳәм Министрлер Кабинетине киргизилиўин;

бир ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги ҳәм Транспорт министрлиги менен биргеликте хабар берилгенлик факти көрсетилип тәмийинлейтуғын мәлимлеме системаларынан пайдаланған ҳалда, буйыртпаларды, соның ишинде, 2019-жыл 1-майдан берли әмелге асырылған өнимниң экспорты бойынша қабыл етиў ҳәм көрип шығыў механизмин нәзерде тутатуғын, өним алып барылатуғын мәмлекет ҳәм субсидия усыныўдың ең көп мүддетинен келип шығып, Өнимди экспорт етиўде тасыў қәрежетлерин Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары есабынан компенсациялаў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизиўди;

2019-жыл 1-августқа шекем Мәлимлеме-коммуникация технологияларын раўажландырыў қоры ҳәм Агентликтиң қаржылары есабынан сыртқы экономикалық жумыс тараўында мәмлекетлик хызметлердиң интерактив түрде усынылыўын, сондай-ақ, мәмлекетлик тил, рус тили ҳәм басқа да шет тиллерде толық мағлыўматлардан пайдаланыў имканиятын тәмийинлейтуғын, электрон саўда майданшалары ҳәм мәпдар министрликлер және уйымлардың мәлимлеме системалары менен интеграцияласқан Сыртқы экономикалық мағлыўматлар порталын жаратыў ҳәм иске қосыўды;

бир ай мүддетте мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте Сыртқы экономикалық мағлыўматлар порталын жүргизиў ҳәм жуўапкер уйымлар тәрепинен Порталға тийисли мағлыўматлар өз ўақтында киргизилиўи үстинен мониторингти әмелге асырыў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланыўын;

бир ай мүддетте «Өзагроэкспортбанк» АКБ тийкарында экспорт ҳәм импортты қаржыландырыў бойынша қәнигелескен банкти шөлкемлестириў бойынша усыныс киргизилиўин тәмийинлесин.

 

  1. Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги Монополияға қарсы гүресиў комитети менен биргеликте бир ай мүддетте «Uzbekistan airways» АЖ ҳәм «Өзбекстан темир жоллары» АЖның экспорт жүклерин тасыў тарифлерин сын көзқарастан қайта көрип шықсын.

 

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 17-октябрьдеги «Мийўе-овощ өнимлерин сыртқы базарларға шығарыў нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-3978-санлы қарарының 6 ҳәм 7-бәнтлери, 14-бәнтиниң жетинши абзацы өз күшин жойытқан деп есаплансын.

 

  1. Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги еки ай мүддетте мәпдар министрликлер, уйымлар ҳәм шөлкемлер менен биргеликте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

 

  1. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасарлары Ж.А.Қўчқоровқа ҳәм Э.М.Ғаниевке жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2019-жыл 24-май