Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қ а р а р ы

Республикамызда бәсекиге шыдамлы өнимлерди ислеп шығарыў ҳәм экспорт етиў бойынша турақлы өсим пәтлерин тәмийинлеў, сондай-ақ, кәрханаларды модернизациялаў, техникалық ҳәм технологиялық жаңалаўға қаратылған қурылыс материаллары санаатындағы структуралық өзгерислерди буннан былай да тереңлестириў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылмақта.

Тармақты жедел раўажландырыў ҳәм диверсификациялаў ушын қолайлы шараятлар жаратыў, жергиликли минерал шийки зат ресурсларын қайта ислеўге инвестицияларды тартыў ҳәм қурылыс материалларын экспорт етиўдиң көлемлерин кеңейтиў мақсетинде:

  1. Төмендегилер:

а) 2019-2025-жылларда жергиликли шийки зат геология-излеў жумысларын алып барыў, қазып алыў ҳәм қайта ислеў тийкарында қурылыс индустриясының шийки зат базасын кеңейтиў прогноз көрсеткишлери және 2019-2025-жылларда диверсификациялаў ҳәм өнимниң түрлерин кеңейтиўдиң есабынан қурылыс материалларын ислеп шығарыўдың мақсетли көрсеткишлери 1- ҳәм 2-қосымшаларға муўапық, төмендегилерди нәзерде тутқан ҳалда:

геология-излеў жумысларын алып барыў, қазып алыў ҳәм қайта ислеў тараўында қурылыс индустриясының шийки зат базасы көлемлерин ҳәк тасы бойынша – 13,1 миллион тоннаға, гипс тасы бойынша – 1,8 миллион тоннаға, ылай сыяқлы компонентлер, гербиш шийки заты, кварц қумы бойынша – 1 миллион тоннаға,  көшкен таў жыныслары (базальт) бойынша – 0,1 миллион тоннаға,   шағыл тас материаллар бойынша – 5,6 миллион метр кубқа;

өндирис көлемлерин обойлар бойынша – 47 еседен артық көлемге, жыйналған паркет панельлери ҳәм плиталары бойынша – 19 есеге, ағаш қырындылы плиталар және ағаш ҳәм басқада ағаштан исленген материаллардан таярланған плиталар бойынша – 15 есеге, газ бетон блоклары бойынша – 7 есеге, лак-бояў материаллары және энергия ҳәм ыссылықты үнемлейтуғын флоат-технология тийкарында ислеп шығарылған архитектура-қурылыс айнасы бойынша – 4 есеге шекем, базальттан таярланатуғын композит арматура бойынша –3 есеге ҳәм цемент бойынша – 2 есеге арттырыў;

б) халықаралық финанс институтларының ҳәм сырт ел банклериниң кредитлерин тартыў арқалы қаржыландырылатуғын, 2019-2021-жылларда қурылыс материаллары санааты тараўында әмелге асырылатуғын перспективалы жойбарлардың жыйналған көрсеткишлери және 2019-2021-жылларда қурылыс материаллары санааты тараўында әмелге асырылатуғын перспективалы жойбарлардың дизими (кейинги орынларда – Дизим) 3- ҳәм 3.1-қосымшаларына муўапық;

в) 2019-2020-жылларда қурылыс материаллары санаатын жедел раўажландырыўға байланыслы комплексли илажлар (кейинги орынларда – Комплексли илажлар) 4-қосымшаға  муўапық тастыйықлансын.

  1. Жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлардың басшыларына Комплексли илажларда нәзерде тутылған ўазыйпалардың өз ўақтында, толық ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлеў бойынша жеке жуўапкерлик жүкленсин.

министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары Комплексли илажларда нәзерде тутылған ўазыйпалардың орынланыўы ҳалаты бойынша мағлыўматларды ҳәр айда Министрлер Кабинетине киргизип баратуғыны ҳәм усы мағлыўматлар Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң Коллегия мәжилислеринде көрип шығылатуғыны;

Министрлер Кабинети Комплексли илажларда нәзерде тутылған ўазыйпалардың орынланыў барысы ҳәм нәтийжелилиги ҳаққында толық мағлыўматларды ҳәр шеректе Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына киргизип баратуғыны белгилеп қойылсын.

Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы тийисли министрликлер ҳәм уйымлар басшыларының Комплексли илажларды әмелге асырыў ҳалаты бойынша есапларды ҳәр шеректе тыңлап барыў әмелиятын енгизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитети:

а) Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги және Экономика ҳәм санаат министрлиги менен биргеликте 2020-2021-жылларға мөлшерленген Өзбекстан Республикасының минерал шийки зат базасын раўажландырыў ҳәм тәкирарий зүрәәт алыў мәмлекетлик бағдарламасын қәлиплестириўде жаңа кәнлерди анықлаў ушын руда емес пайдалы қазылма байлықлары майданларын геологиялық үйрениў үлесин 15 процентке арттырыўды нәзерде тутсын;

б) бир ай мүддетте руда емес пайдалы қазылма байлықлар бар жер асты участкаларынан пайдаланыў ҳуқықы бойынша лицензиялар бериў тәртибин мүрәжатшылар зәрүр қәнигеликлерге ийе болыўы ҳаққындағы мәжбүрий лицензия талабын енгизген ҳалда буннан былай да жетилистириў бойынша усынысларды Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.

в) бир ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Санаат қәўипсизлиги бойынша мәмлекетлик комитети ҳәм «Өзсанаатқурылысматериаллары» ассоциациясы (кейинги орынларда – Ассоциация) менен биргеликте төмендегилерди өз ишине алған қоспа илажлар бағдарламасын тастыйықласын:

минерал шийки затты геологиялық үйрениў, қазып алыў ҳәм қайта ислеўде жер астынан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм қорғаўды, санаат ҳәм тәжирийбе-санаат тәризинде қазыў ушын берилген кәнлерде кәншилик жумысларын маркшейдерлик ҳәм геологиялық тәмийинлеў;

пайдалы қазылма байлықларының селектив таңлаўына, пайдалы қазылма  байлықлары жайласқан майданларда тийкарсыз ҳәм өз билдилигинше қурылмалар қурылыўына жол қоймаўға айрықша әҳмийет қаратқан ҳалда жер астынан пайдаланыў менен байланыслы лицензия талапларының өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўы үстинен қадағалаўды күшейтиў;

минерал шийки затты қазып алыў ҳәм қайта ислеўде пайдалы қазылма байлықларының нормадан артық жоғалтылыўына жол қойылыў жағдайларын анықлаў;

ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм олардың алдын алыў, соның ишинде, анықланған ҳуқықбузарлықлар ҳәм олардың ақыбетлери ҳаққында кең жәмийетшиликти хабардар етип барыў арқалы.

  1. 2019-жыл 1-июльден баслап сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

а) жергиликли қурылыс материалларын ислеп шығарыўшылардың экпорт етилип атырған өнимди сертификатластырыў бойынша қәрежетлери «Өзстандарт» агентлигиниң тийкарланған есап-санақларына муўапық Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлигиниң Экспортты раўажландырыў агентлиги тәрепинен қапланады;

б) исбилерменлик субъектлериниң салыққа тартыў базасы бес жыл даўамында теңдей үлеслерде руда емес пайдалы қазылма байлықлар кәнлерин өзлестириў ушын зәрүр болатуғын инженерлик-коммуникация ҳәм транспорт инфраструктурасын қурыў қәрежетлериниң муғдарына, бирақ Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлиги ҳәм Транспорт министрлиги тәрепинен белгиленетуғын нормативлерге муўапық есапланатуғын суммадан зыят болмаған муғдарға азайтылады;

в) тийисли сынақлардан өткен ҳәм белгиленген тәртипте муўапықлық сертификаты берилген қурылыс материаллары қурылыс жумысларында қолланылыўы мүмкин;

г) техноген минерал затлардың бирикпеси ямаса көриниси, олардың муғдар ҳәм сапа көрсеткишлери және оларды сақлаўдың кән-техникалық шәртлерин сыпатлайтуғын мағлыўматлар исбилерменлик субъектлерине олардың сораўына тийкарланып бийпул бериледи;

д) Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Исбилерменлик жумысын раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў жәмийетлик қорының қаржылары есабынан:

кредит суммасына қарамастан қурылыс материаллары санааты тараўында инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ушын 2022-жыл 1-июльге шекем тартылатуғын коммерциялық банклердиң миллий валютадағы кредитлери бойынша процент қәрежетлери Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң қайта қаржыландырыў ставкасынан асқан муғдарында, бирақ 10 процентлик пункттен аспаған муғдарда, сондай-ақ. сырт ел валютасындағы кредитлер бойынша процент қәрежетлери коммерциялық банклер тәрепинен белгиленген ставканың 40 проценти муғдарында, бирақ 4 процентлик пункттен аспаған муғдарда қапланады;

қурылыс материаллары санааты тараўында инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ушын 2022-жыл 1-июльге шекем тартылатуғын коммерциялық банклердиң кредитлери бойынша кредит суммасының 50 процентине шекем, бирақ 8 миллиард сумнан аспаған муғдарда кепилликлер бериледи.

  1. 2021-жыл 1-январьға шекем алып кирилип атырған шийки зат 5-қосымшадағы дизимге муўапық бажыхана бажыларын төлеўден азат етилсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Қаржы министрлиги, Орайлық банк, «Өзсанаатқурылысбанк» АКБ ҳәм Ассоциацияның төмендеги усынысларына келисим берилсин:

а) қурылыс материаллары санааты тараўындағы жойбарларды биргеликте қаржыландырыў ушын 2019-2021-жылларда халықаралық финанс институтлары ҳәм сырт ел банклериниң  500 миллион АҚШ долларынан аз болмаған муғдардағы узақ мүддетли жеңилликли кредит линияларын (кейинги орынларда – кредит линиялары) тартыў ҳәм пайдаланыў;

б) кредит линияларының есабынан қурылыс материаллары санааты тараўындағы жойбарларды қаржыландырыўдың төмендеги механизмин енгизиў:

кредит линиялары қаржылары биринши гезекте Дизимге киргизилген жойбарларды қаржыландырыўға қаратылады;

жойбарлар импорт арқалы алып келинетуғын әсбап-үскенелер, шийки зат, материаллар ҳәм комплектлеўши бөлеклердиң баҳасы муғдарында, бирақ жойбар бойынша улыўма капитал қәрежетлердиң 70 проценттен аспаған муғдарда қаржыландырылады;

Дизимге киргизилген жойбарларды кредит линиялары қаржыларынан қаржыландырыў көлемлерин нәзерде тутылған лимитлерден асырыў және Дизимге киргизилмеген жойбарларды қаржыландырыў коммерциялық банклер тәрепинен Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги менен келискен ҳалда әмелге асырылады.

Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги «Өзсанаатқурылысбанк» АКБ ҳәм Ассоциация менен биргеликте еки ай мүддетте жойбарды әмелге асырыўдың анық механизмлери ҳәм мүддетлери, сондай-ақ, жойбар интакерлери ҳәм жуўапкер орынлаўшыларын нәзерде тутқан ҳалда ҳәр бир жойбар кесиминде кредит линиялары қаржыларын тартыў ҳәм өзлестириў бойынша тармақлық кестелерди тастыйықласын.

  1. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң энергия үнемлеў критерияларына муўапық келмейтуғын қурылыс материалларын ислеп шығарыўшыларды 2021-жыл 1-январьға шекем көмирден ҳәм тәбийғый газге альтернатив болған басқа да жанылғы түрлеринен пайдаланыўға басқышпа-басқыш өткериў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети Ассоциация менен биргеликте:

еки ҳәпте мүддетте мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў илажларын нәзерде тутқан ҳалда цемент ислеп шығарыўшылар, гербиш заводлары, сөндирилген ҳәк ислеп шығарыўшы цехлардың энергия үнемлилигин, соның ишинде, көмирден ҳәм тәбийғый газге альтернатив болған басқа да жанылғы түрлеринен пайдаланыўға өткериў арқалы басқышпа-басқыш арттырыў бойынша комплексли илажларды тастыйықласын;

2019-жыл 1-сентябрьге шекем энергия үнемлеў нормаларына муўапық келетуғын әсбап-үскенелер ҳәм технологияларды классификациялайтуғын коэффициентлер, нормалар ҳәм критериялар ислеп шығылыўын ҳәм тастыйықланыўын тәмийинлесин;

ҳәр жылы 1-ноябрьге шекем кәрханаларды хатлаўдан өткериўди ҳәм тәбийғый газди жумсаўдың шәртли нормалары энергия үнемлилик критерияларына муўапық келетуғын кәрханалар дизиминиң тастыйықланыўын тәмийинлесин;

қурылыс материалларын ислеп шығарыўшыларды көмирден ҳәм тәбийғый газге альтернатив болған басқа да жанылғы түрлеринен пайдаланыўға өткериўде қоршаған орталыққа жеткерилетуғын зыянды минималластырыў бойынша экологиялық талапларға әмел етилиўин тәмийинлесин;

исбилерменлик субъетлери ушын елимизде қазып алынатуғын көмирдиң прогноз көлемлери ҳәм сапа көрсеткишлери ҳаққындағы жыллар ҳәм аймақлар кесиминдеги мағлыўматлардан еркин пайдаланыў имканиятын тәмийинлесин.

  1. Төмендегилер:

2021-жылдың 31-декабрине шекем мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў арқалы қабыл етилетуғын қурылыс материаллары тараўындағы халықаралық стандартлардың дизими 6-қосымшаға муўапық;

2019-жылы қайта көрип шығылыўы зәрүр болған Өзбекстан Республикасының қурылыс нормалары ҳәм қағыйдаларының дизими 7-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

«Өзстандарт» агентлиги ҳәм Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлиги  6- ҳәм 7-қосымшаларда нәзерде тутылған нормативлик ҳүжжетлердиң өз ўақтында қайта көрип шығылыўы ҳәм қабыл етилиўин тәмийинлесин.

Өзбекстан Республикасы  Қаржы министрлиги 6- ҳәм 7-қосымшаларда нәзерде тутылған нормативлик ҳүжжетлердиң қайта көрип шығылыўы ҳәм қабыл етилиўиниң Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджет қаржыларының есабынан өз ўақтында қаржыландырылыўын тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги тәрепинен ислеп шығылған Қурылыс материалларын ислеп шығарыў тараўында илимий-изертлеўлерди раўажландырыў ҳәм олардың нәтийжелилигин арттырыў бойынша илажлар бағдарламасы (кейинги орынларда – Илажлар бағдарламасы) 8-қосымшаға муўапық мақуллансын.

Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Инновациялық раўажланыў министрлигиниң тийкарланған буйыртпалары бойынша Илажлар бағдарламасын өз ўақтында ҳәм нәтийжели әмелге асырыў ушын Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетинен зәрүр қаржылардың ажыратылыўын тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги, Қурылыс министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, «Өзстандарт» агентлиги ҳәм Ассоциацияның төмендеги усынысларына келисим берилсин:

а) төмендегилер ушын жуўапкер болған «Өзсанаатқурылысматериаллары» ассоциациясы баслығының илим ҳәм инновациялар бойынша биринши орынбасары лаўазымын киргизиў;

қурылыс материаллары санаатын инновациялық раўажландырыў, талап жоқары болған сапалы өним түрлерин кеңейтиў, сондай-ақ, тармақтың экспорт потенциалын арттырыўға байланыслы илимий тийкарланған усынысларды ислеп шығыў;

инновациялар ушын буйыртпалар портфелин қәлиплестириў жумысларын шөлкемлестириў, ислеп шығылған технологиялардың тәжирийбе-санаат сынақларын алып барыў, жаңа түрдеги қурылыс материалларының сынаў партиясын ислеп шығарыў ҳәм оларды сериялы ислеп шығарыўға қойыў бойынша таярлық илажларын әмелге асырыў жумысларын муўапықластырыў;

илимий–изертлеўлер ҳәм инновациялық қолланбалардың нәтийжелерин жоқары қосымша қунлы қурылыс материалларын ислеп шығарыўға енгизилиўин тәмийинлеў және илимий-изертлеў ҳәм жоқары оқыў мәкемелери менен бирге ислесиў;

б) «Өзсанаатқурылысматериаллары» ассоциациясы жанында төмендегилер ушын жуўапкер болған Қурылыс материаллары санааты илимий-техникалық кеңесин (кейинги орынларда – Илимий-техникалық кеңес) дүзиў:

заманагөй инновациялық қолланбаларды есапқа алған ҳалда қурылыс нормаларын ҳәм қағыйдаларын жетилистириўге байланыслы усыныслар ислеп шығыў, жаңа түрдеги энергия үнемлейтуғын ҳәм экологиялық жақтан қәўипсиз қурылыс материалларының жеделлик пенен әмелиятқа енгизилиўи ҳәм қолланылыўын тәмийинлеў;

жоқары қосымша қунлы жаңа түрдеги қурылыс материалларын ислеп шығарыўға қаратылған илимий-техникалық, тәжирийбе-конструкторлық, инновациялық ҳәм стартап-жойбарларды көрип шығыў, экспертизадан өткериў ҳәм оларды таңлап алыў бойынша илимий тийкарланған жуўмақлар ислеп шығыў;

қурылыс материаллары санаатына инновацияларды енгизиў бойынша алдынғы сырт ел тәжирийбелерин ҳәм технологиялық процесслерди ҳәр тәреплеме үйрениў;

жоқары коммерциялық потенциалға ийе ҳәм жүзеге шығарыўға таяр болған перспективалы стартап-жойбарларды таңлаў және ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў;

елимиздиң илимий-изертлеў ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелериниң илимий ҳәм инновациялық потенциалынан кеңнен пайдаланыў арқалы жаңа түрдеги жоқары нәтийжели қурылыс материалларын жаратыўға қаратылған мақсетли бағдарламаларды қәлиплестириў.

  1. «Өзсанаатқурылысматериаллары» ассоциациясы баслығының илим ҳәм инновациялар бойынша биринши орынбасары Ассоциация шөлкемлестириўшилериниң қарарына муўапық сайланатуғыны;

инновациялық раўажланыў министри лаўазымы бойынша Илимий-техникалық кеңестиң баслығы есапланатуғыны;

Илимий-техникалық кеңестиң қурамы Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министри, қурылыс министри «Өзстандарт» агентлиги бас директоры ҳәм «Өзсанаатқурылысматериаллары» ассоциациясы баслығының қоспа қарары менен қәлиплестирилетуғыны;

Илимий-техникалық кеңестиң қурылыс нормаларын ҳәм қағыйдаларын жетилистириў, инновациялық қолланбаларды және жаңа түрдеги энергия үнемлейтуғын ҳәм экологиялық жақтан қәўипсиз қурылыс материалларын енгизиўге байланыслы усыныслары қурылыс тармағын техникалық жақтан тәртипке салыў бойынша нормативлик ҳүжжетлерге өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ушын тийкар болатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги және Экономика ҳәм санаат министрлиги бир ай мүддетте:

2019/2020-оқыў жылынан баслап Бухара инженерлик-технология институты, Жиззақ политехника институты ҳәм Ферғана политехника институтында «Қурылыс материаллары, буйымлары ҳәм қурылмаларын ислеп шығарыў технологиялары», «Жыйналатуғын темирбетон, бетон қурылмалар ҳәм буйымларды ислеп шығарыў», «Материалтаныў ҳәм жаңа түрдеги қурылыс материаллары технологиясы (түрлери бойынша)», «Дийўалға ҳәм пардозға қолайлы қурылыс материаллары технологиясы» тәлим бағдарларында күндизги ҳәм сыртқы оқыў түрлери бойынша кадарлар таярлаўды шөлкемлестириў илажларын көрсин;

Бухара инженерлик-технология институты, Жиззақ политехника институты ҳәм Ферғана политехника институтына тәлим бағдарлары бойынша 2019/2020-оқыў жылына қабыллаў квоталары бойынша усынысларды Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.

техника бағдарындағы жоқары билимлендириў мәкемелери 2019/2020-оқыў жылынан баслап Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен келисе отырып, министрликлер, уйымлар ҳәм хожалық жүргизиўши субъектлер (жумыс бериўшилер)диң зәрүрликлеринен келип шығып, қурылыс материаллары санааты тараўындағы тәлим бағдарларында сыртқы оқыў түри бойынша төлем-шәртнама тийкарында студентлерди оқытыўды шөлкемлестириў ҳуқықына ийе екени;

қурылыс материаллары санааты тараўындағы тәлим бағдарларында оқыў түри бойынша студентлерди оқыўға қабыллаў қурылыс материаллары санааты тараўындағы кәрханаларда ислеп атырғанлардың арасынан жумыс бериўшилердиң усынысына ҳәм өткерилген сәўбет нәтийжелерине тийкарланып әмелге асырылатуғыны;

Ассоциация, Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги және Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги қурылыс материаллары санааты кәрханаларын студентлердиң әмелий сабақлары, оқыў-таныстырыў ҳәм дипломалды әмелиятларын өтеў ушын тартыўға жуўапкер есапланатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги:

Ассоциация менен биргеликте бир ай мүддетте жетекши сырт ел компанияларын тартқан ҳалда қурылыс материалларын ислеп шығарыўда пайдаланылатуғын алдынғы технологияларды қолланыў бойынша қәнигелик ҳәм көнликпелерди арттырыў орайларын шөлкемлестириўге байланыслы усынысларды Өзбекстан Республикасы Миничтрлер Кабинетине киргизсин;

Өзбекстан Республикасы Қаржы  министрлиги ҳәм Монополияға  қарсы гүресиў комитети менен биргеликте үш ай мүддетте қурылыс материалларының өзине түсер баҳасын үйрениў бойынша жумысшы топарды шөлкемлестирген ҳалда қурылыс материалларын ислеп шығарыўшылардың қәрежетлерин оптималластырыў бойынша усыныслар киргизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Монополияға қарсы гүресиў комитети мәпдар уйымлар менен биргеликте, соның ишинде, өнимлердиң биржа саўдаларында қойылыўы ҳәм сатылыўында ашық-айдынлықты тәмийинлеў ҳәм баҳалар бойынша күнлик мониторинг алып барыў жолы менен қурылыс материаллары баҳаларының тийкарсыз түрде арттырылыўына жол қоймаў илажларын көрсин.
  2. Ассоциация Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги, Қаржы министрлиги ҳәм Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигиниң:

қурылыс материалларының көргизбели үлгилери ҳәм республикада бар болған руда емес шийки зат ресурслары, алдынғы технологиялар, үскенелер және жергиликли ҳәм сырт еллердиң тармақлық илим жетискенликлери ҳаққында турақлы жаңаланып туратуғын мағлыўматлар базасын өз ишине алған турақлы жумыс ислейтуғын көргизбе шөлкемлестириў;

«Кварц» АЖ ның 2018-жылдың жуўмағы бойынша сап пайдасының бир бөлегин ҳәм өткен жыллардағы бөлистирилмеген пайдасын капитализациялаў ҳәм қаржыларды Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 18-сентябрьдеги «Кварц» АЖда листленген айна ислеп шығарылатуғын жаңа флоат-линиясын қурыў бойынша инвестициялық жойбарды әмелге асырыўды жеделлестириў илажлары ҳаққында»ғы Б-5374-санлы бийлигине муўапық әмелге асырылып атырған инвестициялық жойбарды қаржыландырыўға мақсетли қаратыў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги бир ай мүддетте Ассоциацияға Ташкент қаласы, Яккасарай районы, Тафаккур көшеси, 68-А-жай мәнзилинде жайласқан административлик имараттың мәмлекетлик мүлк сыпатында бийпул пайдаланыў ҳуқықы тийкарында берилиўин тәмийинлесин.
  2. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым нызам ҳүжжетлерине 9-қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.
  3. Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги мәпдар уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында усынысларды Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.
  4. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң биринши орынбасары А.Ж.Раматовқа, Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң орынбасары Г.К.Саидоваға ҳәм Өзбекстан Республикасы экономика ҳәм санаат министри Б.А.Хожаевқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                   Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2019-жыл 23-май