2018-жылға шекем Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы «Республикалық жол фондына жыйымлар ҳәм мәжбүрий ажыратпалар» болған ҳәм олар Өзбекстан Республикасының 2017-жыл 29-декабрьдеги ЎРҚ-454-санлы нызамына тийкарланып бийкар етилген.

Мәмлекетлик салық комитетиниң хабарына қарағанда, салық нызамшылығына киргизилген өзгерислерге муўапық 2019-жыл 1-январьдан баслап басқа мәжбүрий төлемлер қатарына киретуғын «Автотранспорт жыйымлары» енгизилди. Бул жыйымлар:

– автотранспорт қуралларын алғаны ҳәм (ямаса) Өзбекстан Республикасы аймағына ўақытша алып киргени ушын;

– сырт мәмлекетлер автотранспорт қуралларының Өзбекстан Республикасы аймағына киргени ҳәм оның аймағы арқалы транзит тәризде өткени ушын өндириледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.