Нызамый атындағы Ташкент мәмлекетлик педагогикалық университетинде мийнет тәлимин оқытыў методикасы пәнинен өткерилген II басқыш республикалық пән олимпиадасында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты физика-мийнет факультети мийнет тәлими бағдарының 2 студенти – 2-курс Руслан Мырзаханов ҳәм 4-курс студенти Жақсылық Жумабаевлар табыслы қатнасты.

– Пән олимпиадасына устазларымыз мийнет тәлими кафедрасы баслығы Бөрибай Дәўлетмуратов, доцент Базарбай Әўезов, үлкен оқытыўшылар Қәдирбек Назарбеков ҳәм Тамара Шамуратовалардың басшылығын жақсы таярлық көрдик. Олимпиадада ийелеген билим ҳәм көнликпелеримизди көрсетиўге ҳәрекет еттик, – дейди қарақалпақстанлы жаслар.

4 турдан ибарат болған пән олимпиадасының республикалық басқышы жуўмақларына бола, педагогикалық институттың мийнет тәлими бағдары 2-курс студенти Руслан Мырзаханов техникалық механика бағдары бойынша улыўма 367 балл менен, сондай-ақ, 4-курс студенти Жақсылық Жумабаев мийнетти оқытыў методикасы бағдары бойынша улыўма 317 балл менен сыйлы 2-орынды ийеледи ҳәм диплом және естелик саўғалары менен сыйлықланды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.