Алдын хабар бергенимиздей, усы жылдың 4-апрель күни Мойнақ районында Мәденият сарайы, амфитеатр ҳәм «Арал» стадионының ашылыў салтанаты болып өтти ҳәм оған Өзбекстан Республикасы Дене тәрбиясы ҳәм спорт министри Д.Набиев қатнасты.

Стадионның ашылыў салтанатында министр дене тәрбиясы ҳәм спорт тараўында бир неше жыллардан берли белсендилик көрсетип киятырған тренерлерге, спортшыларға ҳәм спорт пидайыларына «Дене тәрбиясы ҳәм спорт ағласы» көкирек белгисин тапсырды.

Қуўанышлы тәрепи, сыйлықланғанлар қатарында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты дене мәденияты факультети дене тәрбиясы кафедрасы баслығы, Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен тренер, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық билимлендириў ағласы, Өзбекстан спорт ветераны, спорт устасы Азат Казаков, сондай-ақ, усы факультеттиң ҳаял-қызлар спорты бағдары 3-курс студенти, дзюдо, миллий гүрес ҳәм самбо бойынша спорт устасы, дзюдо бойынша Ташкент гран-присиниң жеңимпазы, Азия кубогы чемпионы Гүлайым Жумабаевалар да айырықша атап өтилип, министр тәрепинен көкирек нышанлары тапсырылды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.