New Muynak City каналының хабар бериўинше, Мойнақ районында «Мойнақ метан» ЖШЖға қараслы болған автомобильлерге қысылған газ қуйыў шақапшасы иске түсирилди.
Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 16-январьдағы «Қарақалпақстан Республикасының Мойнақ районын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының 2-қосымшасында көрсетип өтилген еди.
Сондай-ақ, райондағы «Мойнақ темир-бетон өнимлери» ЖШЖ тәрепинен бетон өнимлерин ислеп шығарыў кәрханасы иске түсирилди.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.