Усы жылдың 2-апрель күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының мәжилислер залында «9-апрель – Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының қабыл етилген күни» байрамы мүнәсибети менен «Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының жигирма алты жыллығы» атамасында салтанатлы мәжилис болып өтти.

Салтанатлы илаж Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери менен басланды.

Илажды институт ректоры Б.Отемуратов кирис сөзи менен ашып берди ҳәм басқарып барды.

Мәжилиске Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасы, Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик судынан ўәкиллер, сондай-ақ, институт профессор-оқытыўшылары, студент-жаслар қатнасты.

Атап өтилгениндей, 1993-жылы 9-апрель күни елимиз тарийхында үлкен тарийхый ўақыя жүз берди – Бас Нызамымыз болған Конституциямыз қабыл етилди.

Конституция елимизде нызам үстинлигин тәмийинлеў, әдил демократиялық принциплерди орнатыў, сондай-ақ, халқымыздың ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерине кепиллик бериўдей уллы мақсетлерди әмелге асырыўда тийкарғы жолкөрсеткишимизге, нызамлы тийкарымызға айланды.

Буның нәтийжесинде мәмлекетимиз бүгингидей раўажланыўларға, дүнья ареналарында өз орнына ийе болыўдай абырой-мәртебеге ийе болды, халқымыздың абадан турмысы қәлиплести.

Мәжилисте институттың миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими кафедрасы үлкен оқытыўшысы Б.Арзиева, сондай-ақ, тарийх-география факультети 3-курс студенти А.Балтабаевалар Конституциямызда жаслардың ҳуқықый мәдениятының тийкарлары, сондай-ақ, Бас Нызамымызда инсан ҳуқық ҳәм еркинликлериниң кепиллениў мәселелери бойынша баянатлар жасады.

Мәжилис студент-жаслар менен сораў-жуўаплар, пикир алмасыўлар менен даўам етти.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Х.Бекчанов қатнасты.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.