Усы жыл 2-апрель күни Жаслар орайында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов, Өзбекстан Республикасы Бас прокурорының биринши орынбасары Э.Таджиев, Бас прокуратура жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросының директоры Б.Қудратхожаевтың пуқараларды көшпели қабыллаўы болды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасы тәрепинен шөлкемлестирилген илажға министрликлер менен мәкемелердиң, ҳуқық қорғаў уйымларының, Нөкис қаласы, Хожели, Тақыятас, Нөкис районлары ҳәкимликлериниң басшылары, жәмийетлик шөлкемлердиң, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Усы күни көшпели қабыллаў барысында 140 қа жақын пуқара қабыл етилди. Олар тийкарынан турақ жай менен тәмийинлеў, жумысқа орналасыў, жол қурылысы, коммуналлық хызмет көрсетиў, емлениў, жеңиллетилген кредит алыў ҳәм басқа да мәселелер бойынша мүрәжат етти.

Илажда пуқаралардың мүрәжатлары ҳәр тәреплеме көрип шығылып, тийисли жәрдем көрсетилди. Сондай-ақ, бир қатар мүрәжатлардың шешими тийисли тараў басшылары тәрепинен турақлы қадағалаўға алынды.

-2016-жылдан бери жумыссыз едим,-дейди Хожели районы «Водник» посёлкалық пуқаралар жыйынынан Әлима Жақсымуратова,-Усы күнге шекем бир нешше орынға хабарлассам да жумысқа орналаса алмадым. Көшпели қабыллаўда мениң мүрәжатым итибарға алынып, райондағы мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң бирине жумысқа орналасатуғын болдым. Жумыссыз жүрген күнлерим артта қалғандай болып, өзимди қуўанышлы сезбектемен.

Республикамызда бундай аймақлық көшпели қабыллаўлар даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.