Соңғы жыллары елимизде билимлендириў системасында түпкиликли реформалар әмелге асырылмақта.
Мәмлекетимиз басшысының «Халық билимлендириўин басқарыў системасын жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманы, «Жасларды руўхый-әдеп-икрамлылық ҳәм физикалық жақтан жетик тәрбиялаў, оларға тәлим-тәрбия бериў системасын сапалы жаңа басқышқа көтериў илажлары ҳаққында»ғы қарары, сондай-ақ, бир қатар нызам ҳүжжетлери қабыл етилди. Тек өткен жылдың өзинде Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында халық билимлендириў системасын буннан былай да раўажландырыў бағдарындағы реформалардың нәтийжелилигин арттырыў, тәлим-тәрбия системасын пүткиллей жаңа басқышқа көтериў мәселелерине бағышланып еки мәрте мәжилис өткерилди. Оларда тараўда әмелге асырылып атырған унамлы жумыслар менен бир қатарда, улыўма билим бериў мектеплерин сабақлықлар менен тәмийинлеў, билимлендириў бағдарламаларының сапасын, муғаллимлердиң билим ҳәм қәнигелигин арттырыў, тараўға мәлимлеме коммуникация технологияларын және халық аралық тәжирийбелерди енгизиў сыяқлы ўазыйпаларды да белгилеп берди.
Халық билимлендириў тараўында халықаралық байланысларды орнатыў, оқыўшы жаслардың илимий-изертлеў ҳәм инновациялық хызметин, биринши гезекте жас әўладтың дөретиўшилик идеялары менен дөретиўшилигин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў және хошаметлеўде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 8-декабрьдеги «Халық билимлендириў тараўында билимлендириўдиң сапасын баҳалаў системасын халықаралық изертлеўлерди шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарары айрықша әҳмийетке ийе болды.
-Бундағы тийкарғы мақсет, халықаралық байланысларды беккемлеў ҳәм изертлеўлерди шөлкемлестириў, оқыўшы жаслардың илимий-изертлеў және инновациялық жумысларын, олардың дөретиўшилик идеяларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўдан ибарат, – дейди Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниң бөлим баслығы Ҳамидулла Бегдуллаев. – Жаңадан енгизилип атырған халықаралық баҳалаў бағдарламасы дүньяның раўажланған еллеринде алдыңғы тәжирийбелерди үйрениў, елимиздиң жәҳән рейтингиндеги саўатлылық дәрежесин арттырыў ҳәм инвестициялар алып келиўге хызмет етеди. Және бир әҳмийетли тәрепи, билимлендириў тараўындағы жетискенликлер бенен бирге жол қойылып атырған кемшилилкерди анықлаўға, бул жумысларды жетилистириў ушын режелер дүзиў имканиятын береди. Оқыўшылардың билимин баҳалаў системасы тийкарынан халықаралық, миллий ҳәм аймақлық дәрежеде баҳалаў болып үшке бөлинеди. Соннан, халықаралық баҳалаў бағдарламасы бойынша:
баслаўыш 4-класс оқыўшыларының текстти оқыў ҳәм түсиник дәрежесин баҳалаў ушын-Progress in International Reading and Literacy Study (PIRLS); 4 ҳәм 8-класс оқыўшыларының математика ҳәм тәбийғый бағдардағы пәнлерди өзлестириў дәрежесин баҳалаў ушын- Trends in International Mathematics and Science Study (TIMSS); 15 жастағы оқыўшылардың оқыў, математика ҳәм тәбийғый бағдардағы пәнлерден саўатлылық дәрежесин баҳалаў ушын- The Programme for International Student Assesment (PISA); басшы ҳәм педагог кадрлардың улыўма орта билим бериў мәкемелеринде оқытыў, тәлим-тәрбия алыў орталығын ҳәм муғаллимлердиң жумыс ислеў шараятын үйрениў ушын – The teaching and International Survey (TALIS) халықаралық баҳалаў системасын енгизиў нәзерде тутылмақта.
Усы қарар тийкарында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы жанында Миллий орай шөлкемлестирилип, өз жумысын баслады. Орайдың тийкарғы ўазыйпасы ҳәм жумыс бағдары тийкарынан төмендегилерден ибарат:
Халықаралық тәжирийбелерди шөлкемлестириў ҳәм муўапықластырыўда Өзбекстан Республикасының ўәкили сыпатында қатнасады, билимлендириў системасында оқыў, математика ҳәм тәбийғый бағдардағы пәнлерден саўатлылық дәрежесин раўажландырыўда инновациялық методларды ислеп шығыў ҳәм енгизиўге бағдарланған илимий изленислер алып барыў болып табылады. Соның менен бирге, билимлендириўдиң сапасын баҳалаў тараўында халықаралық байланысларды орнатыў, халықаралық жойбарларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў, халықаралық илимий әнжуманлар және симпозиумларды шөлкемлестириў ҳәм оны өткериўде қатанасады. Бул бағдардағы изертлеўлерди илимий ҳәм методикалық жақтан қоллап-қуўатлаў, улыўма орта билимлендириў мәкемелериниң халықаралық изертлеўлерде табыслы қатнасыўын тәмийинлейди. Елимиздиң халықаралық баҳалаў бағдарламаларында көрсетилген нәтийжелерди басқа мәмлекетлердиң нәтийжелери менен салыстырады. Халықаралық баҳалаў бағдарламаларын билимлендириў системасына енгизиў бойынша системалы мониторинг алып барып, усы тараўдағы алдыңғы тәжирийбени ен жайдырады, усының тийкарында билимлендириў мәкемелери ушын усыныслар және қолланбалар ислеп шығыўда қатнасады. Оқытыўдың инновациялық усылларынан пайдаланған ҳалда оқыў, математика ҳәм тәбийғый бағдардағы пәнлер бойынша педагог кадрлардың қәнигелигин арттырыў бойынша оқыў-методикалық усыныслар таярлаў белгилеп қойылған.
Усы қарар тийкарында халықаралық тәжирийбелерде Өзбекстан Республикасының қатнасыўына таярлық көриў бойынша «Жол картасы» ислеп шығылды. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы жанындағы Билимлендириўдиң сапасын баҳалаў бойынша халықаралық изертлеўлерди әмелге асырыў миллий орайының «Жол картасы» тийкарында жумыслар баслап жиберди. Жақында елимиздиң Билимлендириў тараўының ўәкиллери Россия Федереациясының пайтахты Москва қаласында «Билимлендириўдиң сапасын баҳалаў системасында халықаралық салыстырмалы изертлеўлер мектеп билимин жетилистириў сыпатында» атамасындағы семинар-тренингке өткерилген семинарға қатнасып қайттық. Жәҳән банки ҳәм Россия тренинг орайы тәрепинен шөлкемлестирилген илажда билимлендириўдиң сапасын баҳалаў ҳәм изертлеўлер тараўындағы жетик қәнигелер менен халықаралық экспертлердиң баянатлары тыңланып, дөгерек сәўбетлери өткерилди. Усы мазмундағы илаж жақын арада Қазақстан Республикасында өткерилиўи режелестирилген.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси менен келисилген ҳалда бүгинги күни республикамызда халықаралық изертлеўлерди әмелге асырыўға бағдарланған жәми 26 улыўма орта билим бериў мектеби таяныш мектеплери етип таңланып, оларға Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги, қалалық ҳәм районлық Халық билимлендириў бөлимлеринен билимлендириўдиң сапасын баҳалаў тараўындағы халықаралық изертлеўлерди әмелге асырыў процесине жуўаплы хызметкерлер, математика, физика, химия, биология ҳәм география пәнлери бойынша ҳәр бир қала ҳәм районлардан тренерлердиң жумысларын муўапықластырыўшы жәми 164 пән қәнигеcи бириктирилди. Ҳәзирги ўақытта бул бағдардағы жумыслар жеделлик пенен даўам етпекте.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.