Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги Европа Аўқамы жәрдеминдеги Орайлық Азия регионаллық экологиялық орайының UzWaterAware жойбары менен биргеликте Республика ғалаба хабар қураллары хызметкерлери ушын «Суў – тиришилик дәреги» таңлаўын жәриялайды.
Таңлаў ғалаба хабар қуралларының телевидение, радио, баспасөз, интернет журналистика бағдарлары бойынша өткериледи.
Таңлаўға усынылатуғын журналистлик жумыслар – эфирге узатылған теле ҳәм радиоматериаллар, баспа ҳәм ҒХҚ және интернет сайтларында жәрияланған мақалаларда төмендеги темалар аналитикалық жақтан ашып берилген болыўы керек:
аўыллық жерлерде ҳәм қалаларда суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша жаңа көзқараслар;
аўыл хожалығында суўдан нәтийжели ҳәм ақылға уғрас пайдаланыў:
заманагөй жергиликли қолланбалар ҳәм дүнья тәжирийбеси;
халықтың, әсиресе жаслардың суўдан пайдаланыў мәдениятын арттырыў, бул бойынша орынларда әмелге асырылып атырған жумыслар.
Таңлаўға 2019-жылдың 1-апрелинен 30-сентябрине шекемги ўақыт даўамында газета ҳәм журналларда, интернет басылымларында жәрияланған материаллар, эфирге узатылған телекөрсетиў ҳәм радиоеситтириўлер 15-октябрьге шекем қабыл етиледи.
Таңлаўға усынылатуғын материаллардың саны бесеўден аз болмаўы керек.
Баспа ҒХҚ ҳәм интернет басылымларында басып шығарылған материаллардың түп нусқасы ямаса олардан көширме алынған ҳалда тапсырылады.
Телевидение ҳәм радиоканалларда жәрияланған материаллар CD ямаса DVD дисклерде, материаллардың қысқаша аннотациясы менен бирге қабыл етиледи.
Таңлаўға қабыл етилген жумыслар авторға қайтарылмайды.
Дөретиўшилик жумысларға төмендеги ҳүжжетлер қосымша етилиўи керек:
– автор ҳәм оның профессионаллық жумысы ҳаққында қысқаша мағлыўмат (объективка);
– автордың паспорт нусқасы;
– автордың мәнзили ҳәм байланыс телефонлары.
Таңлаў нәтийжелерин жәриялаў ҳәм женимпазларды сыйлықлаў мәресими 2019-жыл ноябрь айында болып өтеди.
Материаллар «Суў – тиришилик дәреги» таңлаўына» деп көрсетилген ҳалда төмендеги мәнзилге жиберилиўи керек:
100005, Ташкент қаласы, Мирзо Улуғбек районы, Қори Ниёзий көшеси,
39-жай, «А» имараты. Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги
Телефон: (71) 202-47-84, 202-47-00
e-mail: press@minwater.uz
ӨзА