Бәҳәр келиўи менен барлық орынларда мәкеме ҳәм кәрханалардың әтирапларын, көше ҳәм гүзарларды тазалаў, абаданластырыў жумыслары күшейип, қала ҳәм районлардағы халық жасайтуғын жерлердиң санитариялық жағдайын жақсылаў бағдарындағы жумысларға пәт енди.
– Министрлер Кеңесиниң усы жыл 15-марттағы 95-санлы қарарына муўапық, Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети тәрепинен бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта,-дейди комитет баслығының биринши орынбасары М.Джуманиязов.
Нөкис қаласы ҳәм районларда «Таза аймақ» МУК ҳәм Абаданластырыў кәрханалары тәрепинен, жәми 5351 квадрат метрлик көлемдеги майданда топланып қалған 979,58 тонна шығынды анықланып, тийисли орынларға шығарып тасланды.
Республикамыз бойынша усы жылдың 30-март ҳалатына жәми 1769 шаңарақ, 92 кәрхананың санитариялық жағдайы үйренип шығылды. Тазалық мәселери бойынша үгит-нәсият жумыслары әмелге асырылмақта.
Белгиленбеген орынларға шығындыларды таслаған 46 пуқараға, жәми 11 миллион 454 мың 245 сумлық ҳәкимшилик жәрийма қолланылды.
Бул жумысларға, 39 мәкеме, 33 техника, жүзден аслам жумысшылар тартылған.
Ҳәзирги ўақытта бул бағдардағы жумыслар қызғын түрде даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.