Илимий жумыс ислеп атырған, докторлық диссертацияларын қорғаў нийетинде жүрген жерлеслеримизге ЖАК дизиминдеги ҒХҚлар саны және биреўге көбейгенин мәлим етемиз.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Жоқары аттестация комиссиясы президиумының қарарына муўапық Өзбекстан Миллий ахборот агентлиги-ӨзА Өзбекстан Жоқары аттестация комиссиясының диссертациялардың тийкарғы илимий нәтийжелерин басып шығарыў усыныс етилген илимий басылымлар дизимине киргизилди.
Буннан былай ӨзА веб-сайтында филология, тарийх, экономика, философия, медицина ҳәм техника илимлери бойынша орнатылған тәртипте жәрияланған илимий мақалалар (кеминде (0,25 б.т) ЖАК да есапқа алынады.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң тийисли қарары менен тастыйықланған Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Жоқары аттестация комиссиясы ҳаққындағы режеге бола, болажақ докторлық диссертациялары қорғаўлары ҳаққындағы мағлыўматларды Өзбекстан Миллий ахборот агентлиги веб-сайтында жәриялаў әмелияты 2019-жылдың 1-апрелинен баслап енгизиледи.
Жоқары аттестация комиссиясы президиумының усы қарарлары ЖАК веб-сайтының (www,oak.uz) жаңалықлар ҳәм баспасөз бөлимлеринде жайластырылған.
ӨзА