МКШ ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаўды талап ететуғын мәмлекетлик уйымлардың жумысының тийкарғы бағдарлары, мәмлекетлик социаллық буйыртпаның мақсет ҳәм ўазыйпаларыМәмлекетлик буйыртпашы(млн.сум)
 

I. Жәмийетте шаңарақ институтын беккемлеў, ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, саламат әўладты тәрбиялаў, саламат турмыс тәризин ғалаба ен жайдырыўға жәрдемлесиў

 Тийкарғы бағдар: Халықтың денсаўлығын сақлаў, саламат әўладты тәрбиялаў ушын шараятларды қәлиплестириў, саламат турмыс тәризин ғалаба ен жайдырыў.

Мақсет: Қарақалпақстан Республикасында халықтың медициналық мәдениятын арттырыў, жас аналар ҳәм балалардың саламатлығын қорғаў, ҳәмиледар ҳаяллар ҳәм жаңа туўылған нәрестелерге толық перинатал жәрдем көрсетиў ушын интенсив терапия көрсетиў инкубаторын ҳәм дем алыўын нормалластыратуғын  медицина аппаратларын орнатыў.

Ўазыйпалар:

-халықтың медициналық мәдениятын арттырыў, жас аналар ҳәм балалардың саламатлығын қорғаў, сондай-ақ, саламат аўқатланыў принципи бойынша үгит-нәсият жумысларын алып барыў;

-ҳәмиледар ҳаяллар, аналар ҳәм 18 жасқа шекемги болған балалардың саламат аўқатланыў принципи бойынша халықтың хабардарлығын арттырыў;

-«сораўнама» өткериў тийисли мәлимлеме материалларын таярлап, солар тийкарында әдебиятлар ҳәм плакатлар басып шығарыў және таныстырыў илажларын өткериў;

-Нөкис медицина бирлеспеси туўыў бөлимине жаңа туўылған нәрестелерге интенсив терапия көрсетиў инкубаторын ҳәм дем алыўды нормалластыратуғын медициналық аппаратларды орнатыў.

Денсаўлықты сақлаў министрлиги390
1Тийкарғы бағдар: Хорезм ўәлаяты халқының денсаўлығын сақлаў, саламат әўладты тәрбиялаў, саламат турмыс тәризин кеңнен ғалаба ен жайдырыўды тәмийинлейтуғын мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў.

Мақсет: Ҳаяллар ҳәм балалар саламатлығын беккемлеў, олардың арасында онкологиялық кеселликлердиң алдын алыў, шаңарақлық поликлиника ҳәм аўыллық шыпакерлик пунктлердиң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, шаңарақта саламат турмыс тәризин қәлиплестириў ҳәм саламат әўладты тәрбиялаў.

Ўазыйпалар:

-жаңа медицина технологияларын ҳәм емлеў үскенелерин қолланыў арқалы ҳаяллар ҳәм балалардың денсаўлығын қорғаў тараўында медициналық хызмет көрсетиўдиң сапасын арттырыў;

-медициналық жоқары оқыў орынлары, ўәлаяттағы қәнигелестирилген медицина орайлары ҳәм илимий изертлеў институтларының жетекши хызметкерлери ҳәм қәнигелери тәрепинен ўәлаяттағы 2000 шаңарақта онкологиялық кеселликлерди дәслепки басқышта анықлаў мақсетинде терең медициналық тексериўлерден өткериў;

-онкологиялық кеселликлерге ушыраған ҳаяллар ҳәм балаларға социаллық-ҳуқықый, психологиялық ҳәм материаллық жәрдем көрсетиў;

-шаңарақларға консультатив-диагностика, профилактика емлеў жәрдемин көрсетиў бойынша 20 модель АШП қәлиплестириў;

-ҳаяллар ҳәм балалар арасында онкологиялық кеселликлердиң алдын алыўға бағышланған видео-ролик ҳәм фильмлер, брошюра ҳәм буклетлер ислеп шығыў.

Хорезм ўәлаяты ҳәкимлиги400
 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

Тийкарғы бағдар: Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм шаңарақ институтын беккемлеў тараўындағы жумысты түп-тийкарынан жетилистириў, сондай-ақ, Ҳәрекетлер стратегиясында белгилеп берилген ўазыйпаларды орынлаў.

Мақсет: Ҳаял-қызлардың машқалаларын өз ўақтында анықлаў, жәрдемге мүтәж болған қыйын социаллық жағдайға түсип қалған ҳаял-қызларға социаллық-ҳуқықый, психологиялық ҳәм материаллық жәрдем көрсетиў.

Ўазыйпалар:

«Ҳаял-қызлардың социаллық бейимлесиў мәсләҳәт орайы»н шөлкемлестириў;

– «Ҳаял-қызлардың социаллық  бейимлесиў мәсләҳәт орайы» базасында семинар-тренинглер, конференциялар өткериўге шараятлар жаратыў, зәрүр техникалық қураллар менен үскенелеў;

– ҳаял-қызларды мәнзилли қоллап-қуўатлаў, бәринен бурын, социаллық аўыр аўҳалға түсип қалған жәрдемге мүтәж болғанларын қоллап-қуўатлаў;

– мәҳәллелерде, билимлендириў мәкемелеринде суицидтиң алдын алыў бойынша психопрофилактикалық илажлар ҳәм оларды сапластырыў мақсетинде 100 ден аслам семинарлар шөлкемлестириў;

– жәрдемге мүтәж ҳаял-қызларды ҳуқықый, моральлық, социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў;

– ҳаял-қызларды исбилерменликке кеңнен тартыў мақсетинде 10 кәсиплик дөгереклер шөлкемлестириў;

– ҳаял-қызлардың бузғыншы идеялар, рәсмий емес диний ағымлардың тәсирине түсип қалыўының, адам саўдасының алдын алыўда мәмлекетлик шөлкемлер менен бирге ислесиў.

 

 

 

 

 

 

 

 

 

Жиззақ ўәлаяты ҳәкимлиги

 

 

 

 

 

 

 

 

300

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

1.

Тийкарғы бағдар:

Шаңарақтың репродуктивлик саламатлығын ҳәм демографиялық раўажланыўын, оның абаданлығын ҳәм тынышлығын арттырыў мәселелерин комплексли үйрениўди шөлкемлестириў, методикалық усынысларды ислеп шығыў ҳәм нәтийжели енгизиў.

Мақсет:

Республиканың еки аймағында ана ҳәм бала репродуктивлик саламатлығын сақлаўға қаратылған фертиль жастағы  ҳаял-қызлардың ролин және жуўапкершилигин күшейтиў.

Ўазыйпалар:

– Репродуктивлик саламатлықты сақлап қалыў ҳәм туўыў жасындағы ҳаяллар (2000 ҳаял) бойынша изертлеўлер өткериў;

–      туўыў жасындағы ҳаяллардың репродуктивлик саламатлығы бойынша  хызметке зәрүрлигин қанаатландырыў ушын оларды медициналық мәкемелерге жайластырыў шараятын жақсылаў;

–      үйрениўдиң нәтийжелерин қоллана отырып, ҳаял-қызлардың репродуктивлик саламатлығын сақлаў ушын ҳаял-қызлар ҳәм шаңарақ ағзаларының жуўапкершилигин арттырыў бойынша инновациялық көзқараслар менен моделлерди ислеп шығыў;

–      репродуктивлик саламатлықтың потенциалын арттырыў ушын мийрибийкелер оқыў бағдарламасын ислеп шығыў;

–      репродуктивлик саламатлық бойынша тренинглер ҳәм мәсләҳәт хызметлерин (соның ишинде, тар қәнигеликлерге қаратыў) тәмийинлеў, фертиль жастағы ҳаял-қызларға патронаж мийрибийкелер таярлаў;

-ғалаба хабар қураллары ҳәм социаллық тармақлар арқалы саламат турмыс тәризин, репродуктивлик саламатлықты кеңнен үгит-нәсиятлаў, унамлы орталық жаратыў ҳәм усы жумыстың нәтийжелилигин арттырыўда жәмийеттиң барлық қатламларының ҳәрекетлерин беккемлеў.

«Шаңарақ» илимий-әмелий изертлеў орайы300
 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

1.

Тийкарғы бағдар: Ҳаял-қызлардың репродуктивлик саламатлығын беккемлеў, медициналық мәдениятты арттырыў, саламат турмыс тәризин кеңнен үгит-нәсиятлаў, аналықты ҳәм балалықты қорғаў.

Мақсет: Аналықты ҳәм балалықты қорғаў, шаңарақ институтын беккемлеў, саламат ҳәм бәркамал әўладты тәрбиялаўға жәрдемлесетуғын комплексли илажларды әмелге асырыў.

Ўазыйпалар:

– Ташкент қаласындағы ҳаял-қызлар ҳәм шаңарақлар менен ислесетуғын қәнигелерге «Саламат ана – саламат шаңарақ ҳәм саламат әўлад гиреўи» атамасында арнаўлы методикалық қолланба ислеп шығыў;

– Ташкент қаласынының 505 мәҳәллесинде жумыс ислеп атырған 624 қәниге ишинен 66 сын таңлап алыў;

– мәҳәллелерде ҳаял-қызлардың медициналық мәдениятын ҳәм жуўапкершилигин арттырыўға бағдарланған оқыў-профилактикалық бағдарламалардың тренерлер сыпатында таярлаў ушын үш күнлик 3 тренинг өткериў;

– тренер сыпатында таярланған қәнигелер кейин ала Ташкент қаласындағы қалған 558 қәнигелерди бағдарлама бойынша оқытылыўын жолға қойыў ҳәм ҳәр бири өзи ислейтуғын райондағы қәнигелер ушын «Саламат ана – саламат шаңарақ ҳәм саламат әўлад гиреўи» атамасында 1 күнлик семинар-тернинглерди жойбардың эксперт тренерлери жәрдеминде өткериў.

– оқыў бағдарламасы нәтийжесинде қәнигелерди орынларда аналықты ҳәм балалықты қорғаў, шаңарақларды саламатландырыў ушын жуўапкер болған шөлкемлер, яғный районлық Медицина бирлеспелери ҳәм «Ҳаял-қызлар мәсләҳәтханалары» менен социаллық бирге ислесиў тийкарында системалы жумысты жолға қойыў;

– репродуктивлик саламатлыққа байланыслы хызметлердиң сапасын арттырыў, қәўипсиз аналық ҳәм нәрестелер өлиминиң алдын алыў, шаңарақ институтын беккемлеў бойынша жумыс нәтийжесин арттырыў.

«Шаңарақ» илимий-әмелий изертлеў орайы200
2. Жасларды қосымша кәсиплерге бағдарлаў, жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў, бәнтликти тәмийинлеўде заманагөй инновациялық шешимлер ҳәм технологиялардан пайдаланыў
1Тийкарғы бағдар: Социаллық машқалаларды шешиў және жумыссыз болған халықты қосымша кәсип-өнерге бағдарлаў арқалы жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў.

Мақсет: Социаллық машқалаларды шешиў және жумыссыз болған халықты, әсиресе, жасларды қосымша кәсип-өнерге бағдарлаў, жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў мақсетинде бәнтликке көмеклесиў орайлары, билимлендириў мәкемелери және мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер менен  биргеликте инновациялық социаллық жойбарларды әмелге асырыў.

Жиззақ, Қашқадәрья, Наўайы, Самарқанд ҳәм Сурхандәрья ўәлаятларындағы жумыссыз болған колледж ҳәм лицей питкериўшилерин, жәмлеспеген жасларды ҳәм үлкен жастағы халықты қосымша кәсиплик көнликпелерди ийелеўге қаратылған және кем тәмийинленген шаңарақлардың бәнтлигин, турмыс тәризин ҳәм олардың социаллық белсенди болыўын инновациялық методикалар арқалы тәмийинлеў мақсетинде 5 экспериментал Кәсиплик қәнигелик орайларын (КҚО) шөлкемлестириў.

Ўазыйпалар:

– жойбардың әмелге асырылыўы нәзерде тутылған ўәлаятлардағы халықтың зәрүрликлерин толық үйрениў ушын бирден-бир сораўнама формасын ислеп шығыў;

– өткерилген сораўнамалардың нәтийжелери жойбар шеңбериндеги аймақлар кесиминде анық әмелге асырылатуғын ислер бойынша концепция таярлаў;

– жойбар шеңбериндеги аймақларда Кәсиплик қәнигелик орайларын шөлкемлестириў ҳәм мийнет базарындағы талап жоқары болған кәсиплер бағдарлары бойынша қысқа мүддетли 2-3 айлық таярлық курсларын шөлкемлестириў ҳәм үскенелеў;

– ҳәр бир ўәлаятта 6 дан 8 ге шекем болған таярлаў курсларын шөлкемлестириў ҳәм олардың оқыў модулларын ислеп шығыў;

– таярлаў курсларына бәнт болмаған ҳәм майыплығы болған шахсларды тартыў;

– оқыў курсы процесинде бәнтлик, мийнет қатнасықлары ҳаққында және исбилерменлик жумысын баслаўы ушын жаратылған жеңилликлер ҳаққында түсиниклер бериў;

– ҳәр бир оқыў курсының жуўмағы бойынша тренерлер таярлаў, олардың жәрдеминде орынларда тренинглер шөлкемлестириў;

– КҚОда таярлаў курсларына мақсетли топарлардан 1500 тыңлаўшыны таңлап алыў, оқытыў, оқыўдың жуўмағы бойынша сертификатлар бериў;

– Кәсиплик қәнигелик орайлары жанында инновациялық технологиялар тийкарында «Белсенди инсанлар клубы»н шөлкемлестириў.

– жойбарды әмелге асырыў процеси ҳәм нәтийжелерин ҒХҚда сәўлелендириў, министрликтиң сайтында қатнасыўшылардың блогин шөлкемлестириў.

 

Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги

 

1000
 Тийкарғы бағдар:  Мийнет уйымларына мүрәжат еткен жумыссызларды жумысқа орналастырыўды тәмийинлеў, халықты жәмийетлик жумысларға тартыў.

Мақсет: Жумыссызлық дәрежеси жоқары болған Миришкор ҳәм Чироқчи районларында жумыс пенен бәнт болмаған пуқараларды кәсипке қайта таярлаў арқалы олардың бәнтлигин тәмийинлеўдеги жәрдем, турақлы исбилерменлик жумысын шөлкемлестириў ушын шараятлар жаратыў.

Ўазыйпалар:

– буйыртпа шеңберинде мақсетли топарлардың жумыс пенен бәнт болмаған жумыссызлардың анық дизимин қәлиплестириў;

– «Жергиликли раўажланыў орайын» шөлкемлестириў;

– мийнет базарындағы талабы жоқары болған кәсиплик бағдарларды анықлаў;

– жумысқа орналасыўға мүтәж шахсларды, әсиресе, бәнт болмаған жасларды, имканияты шекленген шахсларды ҳәм жумыссызларды және мийнет базарының реал талапларынан келип шыққан ҳалда кәсип-өнерге таярлаў;

– халық ҳәм жумыс бериўшилер арасында мийнет ҳуқықлары ҳәм қорғаў мәселелери бойынша кең мәлимлеме түсиник жумысларын алып барыў;

– оқыў процесинде қолланыў ушын оқыў методикалық қолланбаларды ислеп шығыў;

– кәсип-өнер колледжи пиктериўшилери ҳәм жумыс пенен бәнт болмаған пуқараларда қосымша кәсиплик көнликпелерди қәлиплестириў ушын оқыў процесин шөлкемлестириў.

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

Қашқадәрья ўәлаяты ҳәкимлиги

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

200

1.Тийкарғы бағдар:  Халықты социаллық-экономикалық қоллап-қуўатлаў және оларға ҳәр тәреплеме хызмет көрсетиў, халықтың турмыс тәризин арттырыўға әмелий жәрдем бериў, аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў ушын зәрүр шарятлар жаратыў.

Мақсет: Суўғарылмайтуғын аймақларда альтернатив энергиядан (қуяш панельлери)пайдаланған ҳалда суўдан пайдаланыў бойынша инновациялық жаңалықларды енгизиў, суў ресурсларынан пайдаланыў мәдениятын арттырыў ҳәм суўға болған қатнасты қәлиплестириў және үнемли пайдаланыўды үйретиў.

Ўазыйпалар:

ўәлаяттың Қўшработ, Нуробод районлары 4 секторынан биреўден мәҳәлле таңланады;

– дийқан ҳәм қыйтақ жер ийелери арасында суўдан пайдаланыў жағдайы, мәденияты ҳәм суўға болған қатнас ҳәр тәреплеме үйренип шығылады;

– алынған мағлыўматлар талланады, суўдан пайдаланыўшылар арасынан ғалаба суў ресурсларынан пайдаланыў мәдениятын арттыратуғын ҳәм оларды суўға үнемлилик руўхында тәрбиялайтуғын инновациялық альтернатив энергиядан (қуяш панельлери) пайдаланған ҳалда үскенелерди үйретиў;

– жер асты артизан қудықлары қазып, жер асты суўларынан пайдаланылған ҳалда суў ресурсларынан, тамшылатып суўғарыў системаларын жолға қойыў;

– суўдан пайдаланыў мәденияты ҳәм олардың суўға болған қатнаслары өзгергенин баҳалаў, таярланған буклет, көргизбели қолланбаларды кеңнен үгит-нәсиятлаў;

– алынған нәтийжелерден жуўмақларды ҳәм келешекте аймақлар көлеминде тарқатыў бойынша ис режелерин қәлиплестириў.

Самарқанд ўәлаяты ҳәкимлиги400
 3. Миллетлераралық татыўлық ҳәм дослықты беккемлеў, мәдений-тарийхый мийрасты халықаралық интернет ҳәм социаллық тармақларда кеңнен үгит-нәсиятлаўда МКШлардың белсендилигин арттырыў
  

 

 

 

 

 

 

 

 

 

1

Тийкарғы бағдар: Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт еллер менен дослық байланысларын беккемлеўге қаратылған бирден-бир мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў.

Мақсет:  «Өзбекстан – улыўма үйимиз» китап-альбомының үшинши басылымын таярлаў ҳәм басып шығарыў.

Ўазыйпалар:

– жәмийетте миллетлераралық татыўлықты ҳәм кеңпейилликти тәмийинлеў, көп миллетли бирден-бир үлкен шаңарақ сезимин ҳәм дослық орталығын беккемлеў;

– жасларды миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў бойынша мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў;

– дослық жәмийетлери ҳәм миллий мәдений орайлардың мәмлекетлик уйымлар менен өз-ара нәтийжели байланысларын арттырыў;

– Өзбекстан аймағында жасап атырған ҳәр қыйлы миллет ҳәм халықлардың өзине тән миллий дәстүрлери, үрп-әдетлери раўажланыўын сәўлелендириў;

– сырт еллер менен дослық байланысларды ҳәм миллетлераралық қатнасықларды турақластырыў ҳәм буннан былай да раўажландырыўға қаратылған илимий-изертлеў жумысларын ғалаба ен жайдырыў.

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт еллер менен дослық байланыслары комитети

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

250

    1. Тийкарғы бағдар: Елимиздиң туризм потенциалын арттырыў, тарийхый-мәдений мийрасты кеңнен үгит-нәсиятлаў.

Мақсет: Елимиз халқының ишки туризм бойынша туристлик белсендилигин арттырыў, республика аймақлары менен байланыслы тарийх ҳаққында мағлыўматқа ийе болыў арқалы оларда Ўатанға садықлық сезимин оятыў.

Ўазыйпалар:

-халықтың ишки туризм бойынша туристлик белсендилигин арттырыўға қаратылған үгит-нәсиятлаў жумысларын шөлкемлестириў;

– туризмди раўажландырыўға қарсылық етип атырған барлық шеклеўлерди ҳәм тосқынлықларды сапластырыўға қаратылған усыныслар ислеп шығыў;

– халықтың ишки туризм белсендилигин арттырыўға қаратылған видеоролик жаратыў ҳәм оны ҒХҚда сәўлелендириў;

– халықты ишки туризмге шақырыўға қаратылған «Өзбекстан бойлап саяхат ет!», «Мен Ўатанымды сүйемен», «Биз шаңарақлық саяхатшылармыз» сыяқлы сүренлер астында фестивальлар ҳәм басқа да илажларды шөлкемлестириў.

Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети   150
    1.

 

 

 Тийкарғы бағдар:  Тарийхый естеликлерди, жақсы үйренилмеген мәдений объектлер ҳаққында толық мағлыўматларды топлаў ҳәм оларды интернет ҳәм социаллық тармақларда кеңнен сәўлелендириў.

Мақсет: Республикамыздағы муқаддес орынлар ҳәм тарийхый естеликлерди, жақсы үйренилмеген мәдений объектлер ҳаққында толық мағлыўматларды топлаў, оларды ҒХҚда, соның ишинде, интернет ҳәм социаллық тармақларда кеңнен сәўлелендириў арқалы халықтың хабардарлығын арттырыў, оларда Ўатанымыздың тарийхын үйрениўге болған қызығыўшылықты арттырыў.

Ўазыйпалар:

-елимиз бойлап муқаддес орынлар ҳәм тарийхый естеликлер, жақсы үйренилмеген мәдений объектлер ҳаққында толық мағлыўматларды топлаў мақсетинде тараў қәнигелеринен ибарат топар шөлкемлестириў ҳәм мағлыўмат топлаў менен байланыслы илажларды әмелге асырыў;

– топланған мағлыўматларды ҒХҚда, соның ишинде, интернет ҳәм социаллық тармақларда халыққа түсиникли ҳәм қызықлы тәризде кеңнен сәўлелендириў, сондай-ақ, усы мағлыўматлар тийкарында қысқа видеороликлер таярлаў ҳәм көрсетиў;

– елимиздиң туристлик потенциалын буннан былай да ашып бериў, жаңа туризм бағдарларын үгит-нәсиятлаў бойынша илажлар (медиа тур, инфо тур ҳәм басқалар) шөлкемлестириў;

– елимиздеги 14 аймақтың ҳәр бири ушын өзине тән аймақты сәўлелендиретуғын өним жаратыўға қаратылған таңлаў шөлкемлестириў ҳәм номинациялар бойынша жеңимпазларды хошаметлеў;

 

Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети 250
    1. Тийкарғы бағдар: МКШның жумысын қоллап-қуўатлаў, олардың еркин жумыс ислеўи және ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў, мәмлекетлик уйымлар менен бирге ислесиўин күшейтиў, социаллық шериклик қатнасықлары механизмин жетилистириў.

 Мақсет:  Мәмлекетлик уйымлар ҳәм МКШлар аарсында социаллық шериклик және жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыўдың нәтийжели системасын қәлиплестириў, орынлардағы социаллық-экономикалық, жәмийетлик-гуманитарлық тараўларда МКШлардың ролин арттырыў, ҳуқықый билим ҳәм кәсиплик көнликпелерин буннан былай да арттырыўға көмеклесиў.

Ўазыйпалар:

– МКШлар ҳәм мәмлекетлик басарыў уйымлары менен өз-ара қатнасықлар орнатыўдың нәтийжели системасын ислеп шығыў;

– МКШ ўәкиллериниң жәмийетлик бирге ислесиўин шөлкемлестириў, аймақларды раўажландырыў бойынша социаллық әҳмийетке ийе жойбарларды таярлаў;

– мәмлекетлик уйымлар ҳәм мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң бирге ислесиў жумысы бойынша мәлимлеме тарқатпа материалларын ҳәм қолланбаларын басып шығарыў;

– мәмлекетлик уйымлар ҳәм мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, басқа да жәмийетлик структуралардың бирге ислесиўи бойынша Жумысшы топар дүзиў, илимий, әмелий, халықаралық илажларды өткериў;

– «МКШлар үйи» базасында семинар-тренинглер, конференциялар өткериў ушын шараятлар жаратыў, зәрүр техникалық қураллар менен үскенелеў;

– МКШлар және пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларына методикалық мәсләҳәт ҳәм жәрдем көрсетиў, өз-ара тәжирийбе алмасыў системасын жаратыў;

– МКШлар арасында «Ең жақсы социаллық жойбар» таңлаўын өткериў.

Жиззақ ўәлаяты ҳәкимлиги160
   Жәми 4000
      

Социаллық әҳмийетке ийе болған жойбарды әмелге асырыўда мәмлекетлик социаллық буйыртпаның шәртлери:

 

– орынлаўшы-шөлкем белгиленген тәртипте МКШлар сыпатында дизимнен өткен болыўы зәрүр;

– мәмлекетлик социаллық буйыртпаны орынлаў ўақтында әмелге асыратуғын жумыстың орынлаўшы-шөлкемниң уставындағы ўазыйпаларға муўапықлығы;

– орынлаўшы-шөлкемде жойбарды әмелге асырыў ушын зәрүр болған шөлкемлестириўшилик кадрлар ҳәм техникалық имканияттың бар екени;

– орынлаўшы-шөлкемде социаллық әҳмийетке ийе жойбарлар ҳәм бағдарламаларды табыслы әмелге асырыў бағдарындағы тәжирийбениң бар екени;

– жойбарды әмелге асырыў ҳаққындағы шәртнаманы сапалы ҳәм өз ўақтында орынлаў, оны әмелге асырыў ўақтында ажыратылған қаржылардан мақсетли пайдаланыўды, ашық-айдынлық ҳәм жәриялылықты тәмийинлеў, әмелдеги нызам ҳүжжелерине толық әмел етиў.

 

Мәмлекетлик социаллық буйыртпа бериў ушын ҳүжжетлер усынылыўы зәрүр:

 

Арза усынып атырған МКШлар ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институты басшысының қол таңбасы ҳәм мөри менен тастыйықланған жоллама  хаты;

www.fundngo.uz сайтында жайластырылған тәризде толтырылған мәмлекетлик социаллық буйыртпасының жойбары ушын арза;

кейинги өзгерислер ҳәм қосымшалар менен мәмлекетлик дизимнен өткен МКШлар ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларының Уставы (Режеси) нусқасы;

шөлкемниң мәмлекетлик дизимнен өткенин тастыйықлайтуғын гүўалықтың нусқасы;

Егер жойбарды әмелге асырыў лицензияланатуғын жумысты талап етсе, онда лицензияның нусқасы усынылады.

Ҳүжжетлер 2019-жыл 28-марттан 30-апрельге шекем қабыл етиледи. Усынылған айрықша социаллық әҳмийетке ийе жойбарлар Жәмийетлик қор қаржыларын басқарыў бойынша Парламент комиссиясы тәрепинен көрип шығылады ҳәм нәтийжелери жәрияланады.

Ҳүжжетлер «Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы МКШлар ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў Жәмийетлик қоры» атына «Өзбекстан почтасы» арқалы мөрленген конвертте (А4 формат) төмендеги мәнзил бойынша қабыл етиледи: 100163, Ташкент қаласы, Ислам Кәримов көшеси, 43-жай.

Ҳүжжетлерди усыныў шәртлери ҳәм үлгилери менен Олий Мажлис жанындағы жәмийетлик қордың www.fundngo.uz рәсмий веб-сайтында танысыў мүмкин. Мағлыўмат ушын телефонлар: (0-371) 239-26-76, 239-26-86.