Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев орынларда әмелге асырылып атырған дөретиўшилик ислер, ири жойбарлар менен танысыў, халық пенен пикирлесиў мақсетинде 29-30-март күнлери Бухара ўалаятында болды.

Сапардың екинши күнинде Президентимиз Бухара қаласында ўәлаяттың экономикасын раўажландырыў, халықтың турмыс дәрежесин еле де жақсылаў мәселелерине бағышланған мәжилис өткерди. Видеоконференцбайланыс тәризинде өткен мәжилисте ўәлаят белсендилери, депутатлар, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң басшылары, қалалар ҳәм районлардың ҳәкимлери, нуранийлер, жас исбилерменлер, кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Мәмлекетимиз басшысы елимиздиң ишки ҳәм сыртқы сиясатында үлкен реформалар әмелге асырылып атырғаны, оның нәтийжелери ҳәр бир тараўда сезилип, адамлар ертенги күнине исеним менен қарап атырғанын атап өтти.

Барлық жумысларымыз. режелеримиз Өзбекстан халқының мәпи ушын. Бул аймақларда, ҳәр бир көшеде, адамлар турмысында көриниўи ушын төменги буўында сапа, билим, пидайылық жоқары болыўы керек. Қол шаппатлаўлар, бәлентпәрўаз сөзлерге шек қойып, ҳәр бир шаңарақ, шахс пенен мәнзилли, өз алдына ислесиў зәрүр, деди Шавкат Мирзиёев.

Елимиздиң барлық аймақлары сыяқлы Бухара ўәлаятын да жедел социаллық-экономикалық раўажландырыў, халықтың дәраматларын арттырыў ҳәм турмысын жақсылаў жумысларына тийкарғы итибар қаратылып атырғаны атап өтилди.

Материаллық жәрдем, система болмаса, нәтийже болмайды. Соның ушын ҳәр бир қарарды материаллық дәреклери менен қабыл етип атырмыз. Бухараға да үлкен таярлық пенен келдик, деди Президент.

2019-2020-жыллары ўәлаятта санаат, хызмет көрсетиў ҳәм аўыл хожалығы тараўларында улыўма баҳасы дерлик 25 триллион 353 миллиард сумм болған 625 инвестициялық жойбардың бағдарламасы ислеп шығылғаны  атап өтилди. Бул 30 мыңға шамалас турақлы жумыс орнын жаратыўды тәмийинлейди.

Мәжилисте ўәлаяттың экономикасын раўажландырыў, инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў, жумыс орынларын көбейтиў бойынша тийкарғы ўазыйпалар белгилеп берилди.

Бухара ўәлаяты туризм тараўында үлкен потенциалға ийе. 2021-жылға шекем сырт елли туристлердиң санын 2 есеге көбейтиў, туризм хызметлери түсимин 350 миллион долларға жеткериў режелестирилген.

Президент Шавкат Мирзиёев бул мәселеге айрықша тоқтап, тийисли ўазыйпаларды белгилеп берди. Бул ушын, дәслеп, заманагөй мийманханаларды қурыў, транспорт инфраструктурасын жақсылаў зәрүрлигин атап өтти.

Усы жылы Бухара қаласындағы «Бухара-палас», «Варахша» ҳәм «Зарафшан» мийманханалары реконструкцияланып, 32 жаңа мийманхана, 9 мотель және 50 мийман үйлери пайдаланыўға  тапсырылады. Нәтийжеде мийман орны 7 мыңға жетип, туристлерди қабыл етиў имканияты дерлик 2 есеге көбейеди.

Ғиждуван – Каган бағдарындағы 122 километрлик жолды оңлаў, «Жети пир» зыярат етиў орынлары арасында қолайлы ҳәм заманагөй транспорт қатнаўын  жолға қойыў, халықаралық ҳадал стандартын кеңнен енгизиў бойынша да жумыслар алып барылмақта.

Мәмлекетимиз басшысы авиақатнаўлар санын арттырыў, Самарқанд, Хийўа, Шаҳрисабз қалалары менен автобус ҳәм поездлардың қатнаўын көбейтиў арқалы Бухараны «саяхат орайы»на айландырыў керек екенлигин атап өтти.

Сондай-ақ, «Бухара тарийхы» музейин қурыў, кеўилашар орынлар, өнерментлер орайлары ҳәм Бухараның ески қала бөлегинде туристлер пияда саяхат ететуғын жөнелислерди шөлкемлестириў бойынша тапсырмалар берилди.

Мәжилисте ўәлаятта инфраструктураны раўажландырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Халықты таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў, районлардың орайларын ақаба суў хызмети менен қамтып  алыў жетерли дәрежеде емес. Халықаралық, мәмлекетлик ҳәм жергиликли әҳмийеттеги дерлик 5 мың километр автомобиль жоллары оңлаўға мүтәж. Усы жылдың Инвестициялық бағдарламасына муўапық, суў, канализация, жолларды қурыў ҳәм тиклеў бойынша 100 миллион долларлық инфраструктуралық жойбарлар әмелге асырылады. Бул жойбарлар ишимлик суўы менен тәмийинлеў дәрежесин сезилерли арттырыў, канализация хызметин 48 процентке жеткериў мүмкиншилигин береди. Оңлаўды талап ететуғын жоллар да 35  проценттен 31 процентке шекем қысқарады.

Мәмлекетимиздиң инфраструктурасын жақсылаў ушын Азия инвестиция ҳәм инфраструктуралар банки ҳәм басқа да халықаралық финанс институтларынан жәми 3,1 миллиард доллардан аслам қаржыны тартыў илажлары көрилмекте.

Бул қаржылардың салмақлы бөлеги – 1 миллиард 300 миллион доллары тек ғана Бухара ўәлаятында жақын жылда социаллық, жол ҳәм коммуналлық ифраструктураны толық жақсылаў ушын қосымша түрде бағдарланады.

Мәмлекетимиз басшысы бул мәселеде «Бухара тәжирийбесин» жаратыўды усыныс етти.

Бул қаржының 600 миллион доллары ишимлик суўы менен тәмийинлеўге қаратылған 7 жойбар ҳәм ақаба тармақларын тартыў бойынша 12 жойбар шеңберинде өзлестириледи.

Нәтийжеде дерлик 4,5 мың километрлик ишимлик суўы тармағын қурыў ҳәм реконструкциялаў арқалы ўәлаятта 889 мың халық ишимлик суўы менен қосымша тәмийинленеди.

Онда 2020-жылы – Бухара, Вабкент, Ғиждуван, Шафиркан, 2021-жылы – Ромитан, Пешку ҳәм Жондор, 2022-жылы – Каган қаласы, Қараўылбазар ҳәм Каган районлары халқына ишимлик суўы жетип барады. Сондай-ақ, 567 километр ақаба тармағын қурыў есабынан жақын 3 жылда бул район орайларында жасайтуғын 275 мың халық канализация хызметлери менен толық тәмийинленеди.

Буннан тысқары, халықаралық ҳәм мәмлекетлик әҳмийеттеги 600 километр, 4 мың километр жергиликли және ишки жолларды қурыў ҳәм оңлаў бойынша 9 жойбар әмелге асырылады. Бул жумысларға 700 миллион доллар қаржы сарыпланады.

Мәмлекетимиз басшысы ўәлаятқа сапары шеңберинде Каган районындағы «Тараққиёт» аўыл пуқаралар жыйыны орайында болды.

Жыйынның имараты жаңа жойбар тийкарында қурылған болып, онда пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысын муўапықластырыў бойынша Каган районлық кеңеси жумыс алып бармақта. Бул жерде енгизилген Ҳаял-қызлардың социаллық бейимлесиў орайы аўыр жағдайға түсип қалған ҳаял-қызлар ҳәм балаларға руўхый-психологиялық, медициналық және ҳуқықый жәрдем көрсетиў менен шуғылланады.

Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекстан Миллий китапханасы электрон базасына жалғанған заманагөй китапхана халықты, әсиресе, жаслар ушын ағартыўшылық орны ўазыйпасын атқарып келмекте. Орай жақынында жайласқан еки жасалма жол менен қапланған майдан ҳәм тренажёрлар залы мәҳәлле балалары ҳәм жас өспиримлердиң бос ўақтын мазмунлы өткериўге хызмет етеди.

Мәҳәлледе елимизде ең үлгили, деп табылған ҳәм «Nexia 3» маркалы автомобиль менен сыйлықланған ишки ислер таяныш пункти жумыс алып бармақта. Соның менен бирге, күндизги стационар ҳәм салтанатлар залы да халықтың хызметинде.

Сапар ўақтында бүгинги күнде Бухара ўәлаятында 35 мыңнан аслам ҳаял-қыз жумыс пенен тәмийнленбегени, ҳаял-қызлар жынаятшылығы сақланып қалып атырғаны көрсетип өтилди.

Президентимиз бул жағдай миллий менталитетимизге жатлығы, уллы тарийх ҳәм жоқары потенциалға ийе болған Бухараға улыўма жараспайтуғынлығын атап өтти.

Усы жылың ақырына шекем ҳаял-қызлардың социаллық машқалаларын шешиў, оларды жумыс пенен тәмийинлеў, жынаят ислемеўи ушын зәрүр илажларды көрип, Бухара ўәлаятын ҳаял-қызларға байланыслы мәселелер бойынша ең үлгили аймаққа айландырыўымыз керек, деди Шавкат Мирзиёев.

Бул ушын Ҳаял-қызлар комитети, «Шаңарақ» илимий-әмелий орайы, мәҳәлле ҳәм ишки ислер уйымлары менен биргеликте ислесиўи, ҳәр бир ҳаял менен сәўбетлесип, машқаласы болса, керекли жәрдем бериўи зәрүрлигин атап өтти.

Көплеген машқалаларға, ҳаяллардың жынаятқа қол урыўына ажырасыўлар себеп болып атырғаны, олардың алдын алыў ушын жаслардың, ата-аналардың жуўапкершилигин арттырыў, бул бойынша нызамшылықты жетилистириў керек екенлиги атап өтилди.

Президентимиз Бухара қаласында әмелге асырылып атырған қурылыс жумыслары, көп қабатлы жайлардың қурылысы,  «Buhkara city» жойбары менен танысты.

Ўәлаяттың туризм потенциалын буннан былай да арттырыў мақсетинде жергиликли ҳәм сырт елли туристлерге ең заманагөй қолайлықларды жаратыў, сервис хызметин жақсылаў бойынша үлкен жумыслар әмелге асырылмақта. Бухара қаласында «Мустаҳкам қурилиш девелопмент» жуўапкершилиги шекленген жәмийети қурып атырған «Shopping сenter» саўда ҳәм хызмет көрсетиў комплекси усындай жойбарлардың қатарына киреди.

Өзбекстанда бирден-бир болған бул комплекс 90 мың квадрат метр майданды ийелейди. Саўда дүканлары, турмыслық хызмет үйлери, кинотеатрлар, фаст-фудлар, балалар ойын майданшалары, нотариаллық уйым, банк шақапшалары жайласатуғын бул төрт қабатлы комплекс туристлерге қаланың бир орайында барлық хызметлерди жәмлеген ҳалда көрсетиў имканиятын береди. Бул жерде бир ярым мыңнан аслам саўда дүканы жайласыўының өзи оның қай дәрежеде жетилискен екенинен дәрек береди.

Орай жанында китапхана, 7 мың машина сыятуғын автомобиль тоқтаў орынлары қурылады, оларда бийпул хызмет жолға қойылады. Жертөле бөлегинде жайласатуғын эко-базарда бир ўақыттың өзинде 9 мың қарыйдарға хызмет көрсетиў мүмкин болады. Комплекс аймағының үлкенлигин есапқа алып, қарыйдарлар ушын автокарлар шөлкемлестириледи. Қурылатуғын фонтанлар аймаққа салқынлық ҳәм гөззаллық инәм етеди.

Бүгинги күнде қурылыста 1 мың 370 жумысшы мийнет етпекте. Комплекс пайдаланыўға тапсырылғаннан кейин, 6 мыңнан зыят жаңа жумыс орны жаратылады.

Жойбардың улыўма баҳасы 285 миллиард сум болып, соннан 185 миллиард сумы «Мустаҳкам қурилиш девелопмент» ЖШЖға тийисли, 58 миллиард сумы банк кредити, 5 миллион доллары сырт ел инвестициясынан ибарат болып есапланады.

Өзине сай туристлик орнына айланатуғын бул саўда-кеўил-ашар комплекс Бухара қаласының туризм потенциалын буннан былай да кеңейтеди. Бул жерде жылына 1,2 триллион сумлық саўда ҳәм турмыслық хызметлер көрсетиледи.

Президентимизге Ҳофиз Таниш Бухорий көшесинде қурылысы режелестирилген «Karvon home market» саўда комплекси ҳәм Бухара қурылыс товарлары эко-базары ҳаққында да мағлыўмат берилди. Бул саўда комплекслери де туристлердиң қалада қалыў ўақтын узайтатуғыны атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы бул ири объектлерди өз мүддетинде сапалы етип қурыў, оларда үлгили хызмет көрсетиўди жолға қойыў зәрүрлигин атап өтти.

Түркияның мүсиншилик, реставрация ҳәм жойбар менеджменти тараўында жетекши «Studio Vertebra» компаниясы менен биргеликте Бухара қаласында 56 гектар майданда «Buhkara city» замаганөй турақ жай ҳәм исбилерменлер орайын қурыў концепциясы, бас режеси және объектлерди жайластырыў картасы ислеп шығылды.

Бас режеге муўапық, бул аймақта турақ жайлар,  офис имаратлары ҳәм конференц-заллар, социаллық объектлер, сондай-ақ, бес жулдызлы мийманхана, саўда ҳәм бизнес орайлары, парклер қурылыўы режелестирилген.

Жойбарды еки басқышта әмелге асырыў мөлшерленген. Биринши басқышта турақ жайлар, офислер, социаллық тараў объектлери, екинши басқышта Ислам орайы ҳәм жомъе мешити қурылады. Бул орынлар 2500 жыллық тарийх ҳәм үлкен руўхый мийрасқа ийе Бухара қаласының мәдениятын үгит-нәсиятлаўға хызмет етеди.

Еки жылда қурылыўы нәзерде тутылып атырған «Buhkara city» елимиздиң ири илим-ағартыўшылық ҳәм исбилерменлик орайы болады. Шавкат Мирзиёев Түркиялы қәнигелер менен заманагөй орайдың имканиятлары, бул жерде жаратылып атырған шараятлар ҳаққында сәўбетлести. Жойбарды жетилистириў бойынша зәрүр көрсетпелер берди.

Бул жерде Бухара қаласының Бас режеси тийкарында әмелге асырылып атырған жумыслар, соның ишинде, оның орайын реновациялаў, магистраллық көше ҳәм гүзарлар, көп қабатлы турақ жайлар қурыў, инженерлик коммуникацияларды жетилистириў жойбарларының презентациясы өткерилди.

Бухара қаласында 2019-2020-жыллары 232 көп қабатлы турақ жайлар, саўда ҳәм турмыслық хызмет көрсетиў имаратларын, инфраструктуралық объектлерди қурыў бойынша жедел жумыслар басланған. Бүгинги күнде турақ жайлардың тийкарғы бөлеги Ислам Кәримов, Ибн Сино, Газли бас көшелери, Пиридастгир, Алпамыс сыяқлы орайлық көшелерде қурылмақта. Соның менен бирге, ески, пәс имаратлар орнында миллий мүсиншилик усылында жәҳән стандартларына сай көп қабатлы турақ жайларды қурыў режелестирилген. Бул қурылыс жумыслары, сондай-ақ, Шаҳристон базарындағы қурылыс-реконструкция жумыслары Бухара қаласын түпкиликли өзгертпекте.

Мәмлекетимиз басшысы қала халқына ҳәм мийманларға қосымша қолайлықлар жаратыў, бул ушын заманагөй инфраструктураны жетилистириў, қаланы социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша жуўапкерлерге зәрүр көрсетпелер берди.

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

Матназар ЭЛМУРОДОВ,

Эркин ЁДГОРОВ,

ӨзАның арнаўлы хабаршылары