Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев орынларда социаллық-экономикалық реформалардың барысы, әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслар ҳәм ири жойбарлар менен танысыў, халық пенен пикирлесиў мақсетинде 29-март күни Бухара ўәлаятына барды.
Мәмлекетимиз басшысы ўәлаятқа бурынғы сапар етиўи ўақтында барлық тараўларды раўажландырыў бойынша кең көлемли ўазыйпаларды белгилеп берген еди. Усы тапсырмалардың орынланыўы бойынша үлкен жумыслар әмелге асырылды. Жаңадан турақ жайлар, санаат кәрханалары, социаллық объектлер қурылды. Локализациялаў дәрежеси ҳәм экспорт көлеми артты. Транспорт ҳәм сервис инфраструктурасы раўажланып, туристлердиң ағымы көбейди. Аўыл хожалығында пайдаланылмаған имканиятлар иске қосылды.
Президентимиз ўәлаятқа бул ретки сапарын Абдухолиқ Ғиждувоний естелик комплексинде әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслары менен танысыўдан баслады.
Абдухолиқ Ғиждувоний 1103-жылы Ғиждувон қаласында туўылған. Ойшыл ислам дүньясында тәсаўўып ўәкили Юсуф Ҳамадонийден тәлим алған. Бухара жеринен жетисип шыққан «Жети пир»диң бириншиси есапланған ойшыл жерленген жер бүгинги күнде теберик зыярат орнына айландырылған.
Мәмлекетимиз басшысы өткен жылы 16-февраль күни ўәлаятқа сапары ўақтында Абдухолиқ Ғиждувоний, Баҳауддин Нақшбанд, Ориф Ревгари, Алий Ромитани, Бобойи Самосий, Маҳмуд Фағнавий, Саййид Амир Кулол архитектуралық комплекслерин өз ишине алған «Жети пир» зыярат етиў орнын заман талаплары дәрежесинде реконструкциялаў ҳәм оларды байланыстыратуғын жаңа туристлик бағдар шөлкемлестириў бойынша көрсетпелер берген еди.
Соған муўапық, «Жети пир» зыярат етиў орынларында кең көлемли дөретиўшилик жумыслары әмелге асырылмақта. Соның ишинде, Абдухолиқ Ғиждувоний комплексинде жаңа мешит ҳәм жазғы әйўан, хазира естелиги ҳәм зыярат етиў орны жанында мийманхана қурылмақта, комплекстиң әтирапы абаданластырылмақта.
Абдухолиқ Ғиждувоний мақбарасын зыярат етип, Қуран оқылды.
Президентимиз мақбарада әмелге асырылған қурылыс-оңлаў жумыслары менен танысты. Бул жерге имам-хатиблерди тартып, оларға ойшылларымыздың руўхый мийрасын терең үйретиў, халқымызға жеткериў бойынша тапсырмалар берди.
Китапта оқыў басқа, зыяратлап, жүректен өткерип үйрениў басқа, бул жер ағартыўшылық орайы болыўы, адамлар өзине илим алып кетиўи керек, деди Шавкат Мирзиёев.
Усы жерде «Жети пир» зыярат етиў орнында алып барылып атырған қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары ҳаққында мағлыўмат берилди. Бул мақбаралардағы дөретиўшилик жумыслары уллы уламаларымыздың мийрасын дүньяға кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм бул жерге келиўшилер ушын барлық қолайлық жаратыў мақсетинде бирден-бир концепция тийкарында алып барылмақта. Барлық зыярат етиў орынларының әтирапы қоршалып, таҳоратхана, мешит, музей, мийманхана, шайхана, автомобильлер тоқтаў орны, естелик буйымлар ҳәм китап саўдасы орынлары қурылмақта, аймағы толық абаданластырылмақта.
Ең әҳмийетлиси, Президентимиздиң идеясы тийкарында «Жети пир» комплекслерин зыярат етиў бир бағдардан басланады. Яғный ўәлаятқа ҳаўа, темир жол ҳәм автомобиль транспортында келген туристлер заяратты Хожа Абдухолиқ Ғиждувоний естелик комплексинен баслайды.
Мәмлекетимиз басшысы бул жерлерди абат етиў менен бирге, «Жети пир» ҳаққында китап жаратыў, олардың илимий мийрасын үгит-нәсиятлаў зәрүрлигин атап өтти.
Бундай руўхый ғәзийне басқа ҳеш жерде жоқ. Бул ғәзийнени толық үйрениў, адамларға, жасларға түсиникли тилде жеткериў керек. Мақсетимиз жасларымыз уллы уламаларға ерсин, мийрасын билсин, олар менен мақтансын, деди Президентимиз.
Елимизде ағартыўшылық исламды раўажландырыў, уллы бабаларымыздың мавзолейлерин абат етиўге қаратылып атырған итибар халықаралық шеңберде тән алынбақта. Атап айтқанда, Ислам бирге ислесиў шөлкеминиң Билимлендириў, илим ҳәм мәденият мәселелери бойынша шөлкеми – ISESCO тәрепинен Бухара қаласы 2020-жылы Ислам мәденияты пайтахты деп жәрияланды.
Президентимиз бул сәнеге жоқары дәрежеде таярлық көриў, оның шеңбериндеги илажларды Абдухолиқ Ғиждувоний туўылғанының 915 жыллығы ҳәм Баҳауддин Нақшбанд туўылғанының 700 жыллығы менен мүнәсип түрде белгилеў, халықаралық илимий конференция өткериў бойынша көрсетпелер берди.
Президентимиз 2017-жылы Бухара ўәлаятына сапары ўақтында Ғиждувон районындағы бурынғы жип ийириў фабрикасының бос турған өндирис майданларынан өнимли пайдаланыў, Ғиждувон еркин экономикалық зонасын усы аймаққа жайластырыў бойынша зәрүр көрсетпелер берген еди.
«Парвоз Хумо Равнақ транс» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен бурынғы фабриканың 9 гектардан аслам майданында қысқа ўақытта ири жойбар – жип ийириў кәрханасы шөлкемлестирилди.
Улыўма нырқы 27 миллион АҚШ доллары болған фабрика ушын Ипотека банк филиалынан ажыратылған кредит есабынан Германия, Түркия, Швейцария, Япония ҳәм Ҳиндстаннан заманагөй үскенелер сатып алынды. Жуўапкершилиги шекленген жәмийет өз қаржысы есабынан имарат ҳәм объектлерди қайта қурып, реконструкциялады.
Мәмлекетимиз басшысы усы жип ийириў ҳәм тоқыў кәрханасын барып көрди.
Быйыл январьда иске түсилиген кәрхана жылына 9400 тонна өним ислеп шығарыў, 5 миллион долларлық экспорт етиў қуўатлылығына ийе. Халықаралық стандартларға сай сапалы өним ишки базарға ҳәм сырт ел буйыртпашыларына жеткерип берилмекте. Дерлик 33 миллиард сумлық ийирилген жип сатылып, 1,1 миллион долларлық өним Россия, Түркия, Польша ҳәм Молдоваға экспорт етилди. Ҳәзирги ўақытта кәрхана Түркияда саўда үйин шөлкемлестирип, өним экспорты бойынша сырт елли шериклер менен сөйлесиўлер алып барылмақта.
Бул жойбардың биринши басқышы болып, екинши басқышта өндирислик қуўатлылығы және де кеңейтилиўи, экспорт жылына 51 миллион долларға, жумыс орынлары 1 мың 250 ге жеткерилиўи режелестирилген.
Шавкат Мирзиёев кәрхананың өндирис процеси менен танысты. Жақында АҚШ Өзбекстан пахтасын сатып алыўға шеклеўди бийкар еткенин, бул елимиз пахта жетистириўшилериниң Америка базарына толық түрде кириўине, абырайлы сырт ел компаниялары менен бизнес байланысларын кеңейтиўге жол ашып бергенин атап өтти.
Ендиги нәўбет – пахтамызды терең қайта ислеп, қосымша қунлы өнимлер экспортын буннан былай да арттырыў илажларын көриўимиз зәрүр, деди Президентимиз.
Усы жерде Бухара ўәлаятының санаат потенциалын арттырыўға қаратылған жойбарлар менен таныстырыў болып өтти.
Ўәлаятта 2019-2020-жылларда санаат тараўында әмелге асырылып атырған ири жойбарлар, социаллық-экономикалық раўажланыўы төмен районлардың потенциалын арттырыў, тоқымашылық ҳәм тигиў-трикотаж, қурылыс материаллары, медицина өнимлерин ислеп шығарыў, елимиздиң Қытай, Индонезия ўәм Израильдағы елшиханалары менен инвестициялық жойбарларды турмысқа енгизиў, инфраструктураны раўажландырыў мәселелери додаланды. Оларға муўапық, ўәлаяттта пахта, мийўе-овощ, тери, жүн ҳәм химия өнимлерин қайта ислеў көлемин көбейтиў, санаат потенциалын 3 есеге арттырыў, тиккелей сырт ел инвестицияларын тартыў режелестирилген.
Мәмлекетимиз басшысы санаат өнимлерин ислеп шығарыўды кеңейтиў, тараўға сырт ел инвестицияларын тартыў, жаңа жумыс орынларын көбейтиў бойынша жуўапкерлерге тапсырма берди.
Вобкент районында 136 мыңнан аслам халық жасайды. Районда өткен жылы бир қатар киши бизнес субъектлери жумыс баслады. «Ekvatorial chodak group» кәрханасы – усылардан бири.
Кәрхананы шөлкемлестириўде Миллий банктиң 3 миллион доллар кредити және жойбар басламашыларының 2 миллион доллар қаржысы жумсалды.
Кәрханаға Япония, Италия, Түркия ҳәм Қытайдан түрли операцияларды орынлай алатуғын ҳәм жумысты конвейер тийкарында шөлкемлестириў имканиятын беретуғын 500 ден аслам заманагөй тигиў машинасы және әсбап-үскенелер алып келинип орнатылған. Жылына 1 миллион 500 мың данаға шекем жинси шалбар ислеп шығарыў имканияты бар. Ҳәзирги күнде кәрханада 500 ге шамалас ҳаял-қыз мийнет етпекте. Жумысшылардың нәтийжели мийнет етиўи ушын барлық шараят жаратылған. Асхана жумысы ҳәм узақтан қатнап ислейтуғынлар ушын транспорт хызмети жолға қойылған.
Ислеп шығарылған өнимлердиң өзине түсер баҳасы көп факторларға, соның ишинде, барлық технологиялық процесс кәрхананың өзинде ислениўине де байланыслы. Кәрханада кийим-кеншекти бояў ҳәм қайта ислеў цехы шөлкемлестирилген. Қалаберсе, цехта ўәлаяттағы усындай кәрханаларға шәртнама тийкарында олардың өнимлерин бояўдың және хызмет көрсетиўдиң есабынан қосымша пайда алынады. Жақында жумыс баслаған аяқ-кийим цехы Италияның заманагөй үскенелери менен тәмийинленген. Жылына базарға 600 мың жуп өним жеткерип береди. Жойбарлаў қуўатлылығы толық өзлестирилгеннен соң, жумысшы-қәнигелердиң саны дерлик мыңға жетеди.
Мәмлекетимиз басшысы өндирис процесин, өнимлердиң сапасын көрди, жумысшылар менен сәўбетлести. Экономикалық тараўдағы барлық илажлардан мақсет халқымызды разы етиў, халықты жумыс пенен тәмийинлеў екенин атап өтти.
Бул жерде келешекте кәрхананың жумысын буннан былай да кеңейтиў, сондай-ақ, киши бизнес ҳәм исбилерменликти раўажландырыў жойбарлары ҳаққында мағлыўмат берилди.
Президентимиз Бухара районындағы «Бухара-агро» еркин экономикалық зонасында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысты.
Мәмлекетимиз басшысының 2018-жыл 10-июльдеги қарарына муўапық ўәлаятттың бес районында «Бухара-агро» еркин экономикалық зонасы шөлкемлестирилген. Оларда гидропоникалық ыссыханалар жаратыў арқалы экспортқа қолайлы аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў, жаңа жумыс орынларын жаратыў және халықтың дәраматларын арттырыў мөлшерленген.
Еркин экономикалық зона ушын 3 мың гектар жер ажыратылған. Быйыл 598 гектар жерде 98 жойбар әмелге асырылады. Олар шеңберинде энергияны үнемлейтуғын ыссыханалар шөлкемлестирилип, өнимлерди сақлаў ҳәм қадақлаў ушын экологиялық таза қутылар ислеп шығарыў жолға қойылады, 4 мың 300 ден аслам жумыс орны жаратылады. Қоңсылас мәмлекетлерге 64 миллион долларлық өним экспорт етиледи.
Усы жердиң өзинде «Agro Trade» мийўе-овощ кластерин шөлкемлестириў, «Бухара Варнет» сырт ел кәрханасы, «Banoaz Textil», «Rus Trade» жуўапкершилиги шекленген жәмийетлери тәрепинен ыссыхана қурыў жойбарлары менен таныстырыў өткерилди. Атап айтқанда, «Бухара Варнет» сырт ел кәрханасы тәрепинен 115 гектар майданда заманагөй ыссыхана қурыў режелестирилген. Бир гектар жерде 300 тоннадан 560 тоннаға шекем помидор жетистириледи, 2 мыңға шамалас жумыс орны жаратылады. Быйыл 30 гектарлық ыссыханалар қурыў нәзерде тутылған. Бул бағдарда жумыслар баслап жиберилген. Түркиядан үскенелер алып келинбекте. Кәрхана 2019-2021-жылларда басқышпа-басқыш иске түсириледи.
Исбилерменлер – Өзбекстанның сүйениши. Ҳәрекет еткен берекет табады. Исбилерменлик раўажланса, көплеген адам жумыслы болады, дәрамат алады, деди Президентимиз.
Мәмлекетимиз басшысы Бухара ўәлаятында өзлестирилмеген жерлердиң көп екени, сырт ел тәжирийбеси ҳәм технологиясы тийкарында олардан пайдаланып, базарға қолай өнимлер жетистириўди жолға қойыў зәрүрлигин атап өтти. Жуўапкерлер ҳәм сырт ел инвесторлары менен сәўбетлесип, зәрүр көрсетпе ҳәм усыныслар берди.
Шавкат Мирзиёев Ромитан районындағы «BCT Cluster» сырт ел кәрханасының жумысы менен танысты.
Аўыл хожалығында кластер системасын раўажландырыў бағдарындағы жумыслар шеңберинде бул кәрханаға 8 мың гектар жер ажыратылған еди. 3 мыңнан аслам адам жумыс пенен тәмийинленип, пахта жетистириў ҳәм оны қайта ислеў жолға қойылды. Бир ғана 2018-жылы 20 мың тоннадан аслам шийки зат жетистирилип, оны қайта ислеў нәтийжесинде 61,5 миллион долларлық дәрамат алынды.
Итибарлысы, кәрханаға дәслеп дерлик 75 миллион доллар инвестиция қаратылған еди. Яғный жумсалған қаржы бир жылда-ақ өзин дерлик ақлады.
Және бир тәрепи: сонша пахта талшық сыпатында сатылғанда 11,5 миллион доллар болатуғын еди. Қайта ислеп, таяр өним сыпатында сатылғанда 50 миллион ямаса 6 есеге көп қосымша қун жаратылған.
Мине, кластер қандай болыўы керек. Исбилерменде мәпдарлық сезими, жаңаша көзқарас болса, әлбетте нәтийжеге ериседи. Экономика ислесе, социаллық тараўларды да «тартады». Кластер елге пайда келтиреди, адамларды жумыс пенен, дәрамат пенен тәмийинлейди. Ең үлкен мақсетимиз де сол, деди Шавкат Мирзиёев.
Улыўма, кластер пахта шийки затын жетистириў, оны қайта ислеп, таяр өнимлерге шекем болған 8 жойбарды өз ишине алады. Ийирилген жип ҳәм гезлеме ислеп шығарыў, оларды бояў, таяр кийим тигиў фабрикаларының қурылыўы даўам етпекте. Сондай-ақ, май заводы, шарўашылық комплекси ҳәм азықлық ислеп шығарыў кәрханасын шөлкемлестириў режелестирилген.
Усы жерде Бухара ўәлаятында пиллешилик, қаракөлшилик, балықшылық ҳәм қыйтақ жерди раўажландырыўға, азық-аўқат өнимлерин жетистириўге, заманагөй жүзимгершилик, лимоншылық кластерлерин шөлкемлестириўге, суўғарыў тармақларын реконструкциялаўға, фермер хожалықларын жанылғы ҳәм минерал төгинлер менен тәмийинлеў системасын жетилистириўге байланыслы жумыслар ҳаққында мағлыўмат берилди.
Атап айтқанда, Қоровулбозор районында халықтың қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланыўдың үлги системасын жаратыў жойбарына айрықша итибар қаратылды. «Қоровулбозор томорқа хизмати» ЖШЖ тәрепинен жойбар шеңберинде 3 мыңнан аслам шаңарақта мийўели бағ шөлкемлестириў, ықшам ыссыханалар қурыў нәзерде тутылған. Буннан тысқары, 2 мың 500 ден аслам хожалыққа қоян, қус, нәсилли қарамал жеткерип бериледи.
Мәмлекетимиз басшысы қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланыўға байланыслы режелерге айрықша итибар қаратып, халыққа әмелий жәрдем бериў зәрүрлигин, бул азық-аўқат өнимлериниң мол ҳәм арзан, базарларда баҳаның турақлы болыўында үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтти.
Матназар ЭЛМУРОДОВ,
Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,
Умар АСРОРОВ,
ӨзАның арнаўлы хабаршылары