Өзбекстан делегациясы БМШтың Женевада өткерилген Европа экономикалық комиссиясының турақлы раўажланыў бойынша регионаллық форумында қатнасты.

Форум шеңберинде Арал теңизи регионы аймағындағы климат машқаласы, сондай-ақ, Аралбойы аймағы ушын финанслық ҳәм техникалық жәрдем ресурсларын БМШ басшылығындағы Инсан қәўипсизлиги бойынша көп тәреплеме шериклик тийкарында траст фондына (КТШТФ) тартыў мәселелери көрип шығылды.

895bb6507129e51e4cf53.jpg

Сапар даўамында делегация ағзалары Брюсселде болып, Европа Аўқамының Орайлық Азия бойынша арнаўлы ўәкили П.Буриан, сондай-ақ, Европа сыртқы ислер хызмети, Европа инвестиция банки ҳәм Белгия Сыртқы ислер министрлиги ўәкиллери менен шөлкемлестирилген ушырасыўларда қатнасты.

aaeb22c64e8853ac5bc0b.jpg

Сөйлесиўлер даўамында Европа Аўқамы мәмлекетлери, соның ишинде, Бельгия Патшалығы Аралбойы регионында экологиялық жағдайды жақсылаў бойынша  Өзбекстан – БМШ бирге ислесиўин қоллап-қуўатлаў мақсетинде Арал теңизи қурыўының унамсыз ақыбетлерин азайтыўға қаратылған узақ мүддетли бирге ислесиўди жолға қойыўға таяр екенлигин билдирген. Европа Аўқамының бирге ислесиў шеңбериндеги дәслепки делегациясы апрель айында шөлкемге ағза мәмлекетлерге усы бағдарда Өзбекстан менен бирге ислесиў имканиятлары ҳаққында усынысларды таярлаў ушын Аралбойы аймағында үйрениўлер алып барады.

ӨзА