Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги пресс-холлында Пенсия қорының қәнигелери усы сораўға жуўап берди.

Пенсия қорының дәраматлары ҳәм қаржыларын узақ мүддетли прогнозластырыў және таллаў секторының баслығы Аброр Холматовтиң айтыўынша Өзбекстанда пенсия жасы жақын келешекте өзгермейди. Пенсия бойынша ҳәзирше бундай тәжрийбе енгизилиўи ҳаққында ҳеш қандай гәп-сөз жоқ.

 

Барно Мелиқулова, ӨзА