Халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў аймақлық орайында «Халықаралық баҳалаў бағдарламаларында нәтийжели қатнасыў – билимлендириўдиң сапасын арттырыўдың әҳмийетли тийкары» атамасында семинар болып өтти.

Республикамыздың халық билимлендириў системасында билимлендириўдиң сапасын баҳалаў тараўындағы халықаралық изертлеўлерге таярлық көриўге арналған илажда Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясының баслығы Улуғбек Ташкенбаев, Билимлендириўдиң сапасын баҳалаў бойынша халықаралық изертлеўлерди әмелге асырыў миллий орайының директоры Абдували Исмаилов ҳәм басқалар қатнасты.

Илажда атап өтилгениндей, жедел түрде раўажланып баратырған дәўирдиң жәмийет алдына қойып атырған талаплары күн сайын артып бармақта. Стратегиялық мақсетлерге ерисиў, жаңа шеклерге ерисиў, раўажланған мәмлекетлер қатарынан орын алыў ушын мәмлекетте билимли тәжирийбели, заманагөй пикирлейтуғын жоқары потенциалға ийе кадрлардың, қәнигелердиң орны гиреўли. Буның тийкарында инсан капиталы, әпиўайыластырып айтқанда, инсанның потенциалын жүзеге шығарыў ҳәм де оны анық мақсетлерге ерисиў мақсетине қаратыў сыяқлы үлкен мақсетлер турады. «Раўажланған мәмлекетлерде билимлендириўдиң толық циклине инвестиция киргизиўге, яғный бала 3 жастан 22  жасқа шекемги болған дәўирде оның тәрбиясына инвестиция қаратыўға үлкен итибар қаратылады. Себеби, усы инвестиция мәмлекетке 15-17 есе муғдарда пайда келтиреди. Бизде бул көрсеткиш 4 есени қурайды. Инсан капиталына итибарды күшейтиўимиз, бул ушын болса, барлық имканиятларды қаратыўымыз шәрт», деген еди Президент Шавкат Мирзиеёв.

Америка Қурама Штатларында 3 жастан 22  жасқа шекем орташа 110 мың доллар сарыпланады ҳәм нәтийжеде 3,1 миллион доллар пайда көриледи. Қубла Кореяда 130 мың доллар сарыпланып, буннан 7,1 миллион доллар пайда көреди. Раўажланған мәмлекетлерде инсан капиталына сарыпланған ҳәр бир сум 13 есе болып қайтады. Өзбекстанда болса, 16 мың доллар сарыпланады ҳәм оның есабына 70 мың доллар пайда алынады. Билимлендириўдиң сапасын халықаралық стандартлар  тийкарында баҳалаў, усы арқалы дүньяның басқа мәмлекетлери менен салыстырмалы анализлер ислеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы  Министрлер Кабинетиниң қарары қабыл етилип, оған бола, билимлендириўдиң сапасын баҳалаў бойынша бир қатар халықаралық изертлеўлерде қатнасыў белгиленген. Атап айтқанда, PIRLS–басланғыш 4-класс оқыўшыларының текстти оқыў ҳәм түсиниў дәрежесин баҳалаў, TIMSS-4 ҳәм 8-класс оқыўшыларының математика ҳәм тәбийғый бағдардағы пәнлерден саўатлылық дәрежесин баҳалаў, PISA- 15 жасар оқыўшылардың оқыў, математика ҳәм тәбийғый пәнлер бойынша саўатлылық дәрежесин баҳалаў, TALIS-улыўма орта билим бериў мектеплериниң директорлары ҳәм оқытыўшылары менен сораўнама өткериў арқалы мектепте билим бериў ҳәм оқытыў процеслериниң нәтийжелилигин баҳалаў белгиленген.

Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы жанында Билимлендириўдиң сапасын баҳалаў бойынша халықаралық изертлеўлерди әмелге асырыў миллий орайы шөлкемлестирилди. Экономикалық бирге ислесиў ҳәм раўажланыў шөлкеми менен биргеликте оқыўшылардың саўатлылығын баҳалаў халықаралық бағдарламасы – «PISA-2021» де қатнасыў ҳаққында келисип алынды. Бул бағдарламада қатнасыў мәмлекетлер ушын өзгерис динамикасын бақлап барыў,  өз ўақтында тийисли қарарлар қабыл етиў имканиятын береди. Бағдарламада қатнасыў арқалы нәтийжели билимлендириў системасын жаратып, жәҳән базарында бәсекиге шыдамлы кадрларды таярлаў арқалы жоқары ҳәм турақлы экономикалық өсиўге ерисиў мүмкин. Бул ушын республикамыздың халық билимлендириў системасында билимлендириўдиң сапасын баҳалаў тараўындағы PISA сыяқлы халықаралық изертлеўлерге  пуқта таярлық көриў талап етиледи.

Илаж шеңберинде халықаралық изертлеўлерге таярлық көриў ҳаққындағы видеоролик қатнасыўшылардың итибарына усынылды.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳамраев қатнасты.

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.