Қырғыз диаспорасы Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинге Якутияда мийнет мигрантларына қойылған шеклеўге байланыслы мәселени шешиў бойынша мүрәжат жолламақшы.

«РИА Новости»диң жазыўынша, бул ҳаққында «Қырғыз бирлиги» аймақлараралық жәмийетлик шөлкеминиң баслығы Абдуғани Шокиров «Говорит Москва»ға берген интервьюинде мәлим еткен.

Хабарда атап өтилиўинше, бурынырақ, Якутия Республикасы басшысы Айсан Николаев мигрантларға аўыл ҳәм тоғай хожалығы, дөретиўшилик, саўда ҳәм басқа да тараўларда мийнет етиўди шеклейтуғын ҳүжжетке қол қойған.

А.Шакировтың пикиринше, бул ҳүжжет Евразия экономикалық аўқамы шеңбериндеги келисимлерге ҳәм Россия нызамшылығына қарсы.

Оның сөзлерине қарағанда, республикаға «бейимлескен» мигрантлар өз жумысын ҳәм жасаў орынларын өзгертиўи қыйын болады.

«Биз әлбетте, биринши гезекте Президентке мүрәжат етемиз. Буннан соң машқала мәмлекетлераралық дәрежеде шешилиўи керек. Бул жүдә нәзик мәселе», деген ол.

ҒХҚның кейинги мағлыўматларына бола, Якутия басшысының жәрдемшиси Ирина Ефимова республикада мийнет мигрантларына қойылған шеклеў Евразия экономикалық аўқамы, атап айтқанда, Қырғызстан пуқараларына тәсир етпейтуғынын мәлим еткен. «Пәрманда ашық-айдын етип жазылған, шеклеў патент тийкарында мийнет етип атырған сырт ел мигрантларына байланыслы» деген ол.

ӨзА