Өзбекстандағы Жоқары оқыў орынларының бакалавриат ҳәм магистратурасында төлемли-контракт тийкарында билим алып атырған студентлерге 2018/2019 оқыў жылы ушын шәртнама төлемлериниң екинши ярымын төлеў мүддети созылды.
Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыл етиў бойынша Мәмлекетлик комиссияның 2019-жыл 25-марттағы 16- санлы протоколы менен бул мүддет усы жылдың 15-апрелине шекем (сол күни де) созылды.
ӨзА