Қанлыкөл районы турғыны, 1995-жылы туўылған Ш.К. өзин ҳәм басқа бир жигитке турмысқа шыққан, 1998-жылы туўылған сүйиклиси Д.К.ны пышақлаған. Ҳәдийсе 1-март күни саат 19:30 ларда райондағы «Бескөпир» АПЖ аймағында жайласқан «Есим ахун» қойымшылығында жүз берген.

ӨзР Бас прокуратурасы баспасөз хызметиниң Газета.uz сайтына мәлим етиўинше, жигит дәслеп сүйиклисине асхана пышағы менен бир неше мәрте жарақат жеткерген. Соңынан өзиниң қарнына бир неше мәрте урып, мойын ҳәм билек қан тамырларын кескен, соңынан әжағасы А.А.ға қоңыраў етип, жағдай ҳаққында хабар берген.

Қастыянлық ақыбетинде Д.К. районлық медициналық бирлеспесине алып баратырғанда қайтыс болған, Ш.К. реанимация бөлимине жатқарылған.

Бул жағдай бойынша 1-март күни Қанлыкөл районлық прокуратурасы тәрепинен ЖКның 97-статьясы (қастан адам өлтириў) 1-бөлими менен жынаят иси ашылып, тергеў ҳәрекетлери Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасының оғада аўыр жынаятларды тергеў бөлими тәрепинен алып барылмақта.

Жынаят иси бойынша 16-март күни Ш.К. гүманланыўшы сыпатында шақыртылып, оған жынаят ислери бойынша Қанлыкөл районлық судының шешими менен қамақ шарасы қолланылған.

Ис бойынша гүўа сыпатында сораўға тутылған А.А. 1-март күни саат 19:40 ларда қоңыраў етип, әжағасының улы Ш.К. оған: «Әжаға, мени кешириң, қызды пышақлап қойдым. Екеўимизди усы жерге көмиң», – деп айтқаны ҳаққында көрсетпе берген.

Бул жынаят иси бойынша гүманланыўшы сыпатында сораўға тутылған Ш.К. өз көрсетпесинде 2016-жылдан берли Д.К. менен сөйлесип, бир-бирин жақсы көрип жүргенин мәлим еткен. Ол 2019-жылы январь айында Ташкент қаласына жумыс ислеўге кетип, 27-февраль күни қайтып келген. Д.К. менен телефон арқалы сөйлескенде, оның Қанлыкөл районында жасайтуғын С.К.ға турмысқа шыққанын еситип, ашыўы келеди.

1-март күни Д.К. Нөкис қаласынан Қанлыкөл районына келгенинде оны күтип алады ҳәм биргеликте Қоңырат районына барып, базардан таза пышақ сатып алады. Соңынан екеўи өз жанына қастыянлық етиў ушын биргеликте Қанлыкөл районы «Бескөпир» АПЖ Жолый аўылы аймағындағы «Есимахун» қойымшылығына барады. Жигиттиң айытыўына қарағанда, дәслеп Д.К. өзине-өзи пышақ урған. Бул ўақытта ол көзин жумып турған. Буннан соң оның қолынан пышақты алып, өзине урады.

Ҳәзирги ўақытта бул ис бойынша суд криминалистикалық, дактилоскопиялық, биологиялық, стационар психиатриялық экспертизалары тайынланған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.