Усы жыл 25-март күни Нөкис қаласындағы  «Дәрбент» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында әскерий хызметкерлерге жаңа турақ жайларды тапсырыў салтанаты болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳамраев, Арқа-батыс әскерий округиниң сәркардасы, полковник Д.Чориев шығып сөйлеп, жыйналғанларды улыстың уллы күни Наўрыз байрамы ҳәм жаңа турақ жайлардың пайдаланыўға тапсырылыўы менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президенти, Қураллы Күшлер Жоқары Бас Сәркардасы Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Қураллы Күшлер тараўында бир қатар реформалар әмелге асырылып, соның ишинде, әскерий хызметкерлерди социаллық қорғаў, олардың жемисли хызмет атқарыўы ушын барлық шараятлар жаратылып берилмекте. Мәмлекетимиз басшысының атап өткениндей, ел-халқымыздың тынышлығын тәмийинлеў мақсетинде бүгин қорғаныў тараўында әмелге асырылып атырған реформалардың қаншелли нәтийже бериўи армияның ҳәм халықтың бирлигине байланыслы болып табылады.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 11-августтағы «Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги әскерий хызметкерлерине турақ жай сатып алыў (қурыў) ушын узақ мүддетли жеңилликли ипотека кредитлери ҳәм жеке тәртипте турақ жай қурыў ушын жер участкаларын бериў ҳаққында»ғы Режеге, сондай-ақ, Президентимиздиң 2018-жыл 18-январдағы «Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги әскерий хызметкерлери ушын турақ жайлар қурыў бағдарламасы ҳаққында»ғы қарары тийкарында өткен қысқа дәўир ишинде айтарлықтай жумыслар алып барылды.

Бес қабатлы 30 квартиралы бул турақ жайдың қурылысы өткен жылдың май айында басланып, «Қызкеткен арнаўлы қурылыс» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң қурылысшылары тәрепинен сапалы етип питкерилди. Айрықша атап өтиў керек, жаңа турақ жайдың  25 процент басланғыш төлеми Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги тәрепинен төлеп берилген болса, қалғаны узақ мүддетли жеңилликли кредит есабынан қапланады.

-Бундай ғамқорлығы ушын Өзбекстан Республикасы Президенти, Қураллы Күшлер Жоқары Бас Сәркардасы Шавкат Мирзиёевқа миннетдаршылық билдиремиз,-дейди жаңа турақ жай ийелеринен бири, сержант Нурбек Ражабов.-Бул бизлерди шегераларымыздың қол-қатылмаслығын, халқымыздың тыныш және абадан турмысын тәмийинлеў жолында аянбай хызмет етиўге руўхландырады.

Илаж қатнасыўшылары жаңа турақ жай ийелерине жаратылған шараятлар менен танысты.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.