Усы жылы 14-март күни республикамыздан 46 пуқара Умра зияратына жөнеп кеткен еди.

25-март күни жерлеслеримиз муқаддес әмеллерди орынлап, елимизге қайтып келди. Бул ҳаққында Paziylet.uz сайты хабар берди.

Зыяратшыларды Нөкис халықаралық аэропортында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты, Муҳаммед ибн Аҳмед әл-Беруний медресеси ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери, ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күтип алды.

– Умра зыяраты әмеллерин орынлаў ушын Президентимиз ҳәм ҳүкиметимиз басшылары тәрепинен жаратып берилген имканиятлардан кеўлимиз толды. Муқаддес Мәдина ҳәм Мекке қалаларына зыяратларымызда бизлер ушын барлық қолайлықлар жаратылды. Буннан зыяратшылар шексиз миннетдар болды. Елимиздиң тынышлығы, халқымыздың абаданлығы ушын ибадатлар етип, муқаддес орынларды зыяратлап қайттық, – дейди шымбайлы Жарылқаған аға Алимов.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги