Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитети қарамағында болған бир неше структуралар Мәмлекетлик экология комитети системасына өткерилди.

Қорғалатуғын тәбийғый аймақлар тараўында мәмлекетлик басқарыў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында Президент қарары (ПҚ-4247, 20.03.2019 ж.) қабыл етилген. Бул ҳаққында «Ҳуқықый мәлимлеме» каналы хабар берди.

Қарарға муўапық, Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитети қарамағында болған Чотқол биосферасы, Зомин, Сурхан, Нурота ҳәм Қызылқум мәмлекетлик қорықханалары, Төменги Әмиўдәрья мәмлекетлик биосфера резерваты, сондай-ақ, Мәмлекетлик қорықханалары, миллий бағлар ҳәм аңшылық хожалықлары басқармасы Мәмлекетлик экология комитети системасына өткерилди.

2019-2022-жылларда Қарақалпақстан Республикасы аймағында төмендеги 5 қорғалатуғын тәбийғый аймақлар шөлкемлестириледи:

«Қубла Устюрт» мәмлекетлик қорықханасы;

«Белтаў», «Ақпетки» ҳәм «Ақдәрья-Қазақдәрья еки дәрья аралығы» мәмлекетлик буйыртпа қорықханалары;

«Судочье» Мәмлекетлик буйыртпа қорықханасы тийкарында «Судочье көллер системасы» мәмлекетлик буйыртпа қорықханасы.

Сондай-ақ, Мәмлекетлик экология комитети орайлық аппараты структурасында Биокөптүрлилик ҳәм қорғалатуғын тәбийғый аймақлар бас басқармасы шөлкемлестириледи.

Қарар менен, 2019-2022-жылларда қорғалатуғын тәбийғый аймақлар системасын раўажландырыў бойынша «Жол картасы» тастыйықланды.

ӨзА