Ҳүкимет қарары (240-санлы 22.03.2019 ж.) менен «Ҳуқықый үгит-нәсият ағласы» көкирек белгиси ҳаққында реже тастыйықланды. Бул ҳаққында «Ҳуқықый мәлимлеме» каналы мәлим етти.

Режеге муўапық, көкирек белгиси менен мәмлекетлик уйымлардың хызметкерлери халықтың ҳуқықый саўатлылығын арттырыўдағы хызметлери ушын сыйлықланады.

Мәмлекетлик уйымлар өз хызметкерлерин көкирек белгиси менен сыйлықлаў бойынша усынысларды ҳәр жылы 1-октябрьге шекем әдилллик уйымларына усыныўы зәрүр.

Әдиллик министрлигинде талабанлар бойынша ҳүжжетлер үйренилип, ҳәр жылы 20-ноябрьге шекем ең мүнәсип талабанлар бойынша жуўмақ шығарылады.

Көкирек белгиси Конституция күни алдынан әдиллик министрлиги тәрепинен салтанатлы түрде тапсырылады.

Көкирек белгиси менен сыйлықланғанлар ең кем айлық мийнет ҳақының 4 есеси муғдарында бир мәрте төленетуғын ақшалай сыйлық алады.

 

ӨзА