Усы жыл 20-март күни халық депутатлары Қанлыкөл районлық Кеңесиниң гезексиз елиў үшинши сессиясы болып өтти.

Сессия жумысында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов шығып сөйлеп, районды социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша алда турған ўазыйпаларға тоқтады.

Сессияда шөлкемлестириў мәселеси қаралып, алдын Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министриниң орынбасары лаўазымында ислеп келген Даулет Аяпбергенович Толыбаев Қанлыкөл районының ҳәкими етип тастыйықланды.

Бул мәселе бойынша депутатлар ҳәм район белсендилери шығып сөйлеп, оның кандидатурасын қоллап-қуўатлады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.