Кеше, 19-март күни Президент Шавкат Мирзиёев басшылығында өткерилген видеоселектор жыйналысында мәмлекетимиз басшысы социаллық, руўхый-ағартыўшылық тараўлардағы жумысларды жаңа система тийкарында жолға қойыў бойынша 5 әҳмийетли басламаны алға сүрген еди.
Жасларды физикалық жақтан шынықтырыў, олардың спорт тараўындағы қәбилетин көрсете алыўы ушын зәрүр шараятларды жаратыўға қаратылған екинши басламаға муўапық мәселелер додаланып, Өзбекстан бойынша 12 мыңнан аслам спорт имаратлары бар екенлиги, бирақ жасларды дене тәрбиясы ҳәм ғалабалық спортқа қамтып алыў дәрежесиниң жетерли емеслиги атап өтилди. Улыўма билим бериў мектеплериниң спорт инвентарьлары менен тәмийинлениў көрсеткиши мәмлекет бойынша 56 процентти, соның ишинде, Сурхандәрья ўәлаятында 12 процентти, Хорезмде 14 процентти, Қарақалпақстанда 15 процентти ғана қурайды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги