Усы жыл 16-март күни Нөкис қаласында Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң шөлкемлестириўинде, тийисли министрликлер ҳәм шөлкемлер менен бирликте 3 километр аралыққа тез жүриў бойынша марофон өткерилди.
Оған пайтахтымызда жайласқан жоқары оқыў орынларының студентлери, спорт мектеплериниң оқыўшылары, денсаўлықты сақлаў тараўы хызметкерлери ҳәм пуқаралар жыйынларының турғынлары, жәми 300 ден аслам пуқаралар қатнасты.
– Бүгинги күнде инфекциялық емес кеселликлер дүнья бойынша глобал машқалаға айланып, инсанлардың саламатлығына қәўип салмақта,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасары Д.Бекбаева. – Әсиресе, ревматизм, рак, қантлы диабет кеселликлериниң саны артып бармақта.
Бул кеселликлерди келтирип шығаратуғын факторларға надурыс аўқатланыў, физикалық ҳәрекетлениўдиң азлығы, темеки ҳәм алькогол өнимлеринен нормадан зыят пайдаланыў себеп болмақта. Усындай зыянлы иллетлердиң алды алынбаса, елимизде 2030-2040-жылларға келип, 40-60 жастағы адамлар арасында мезгилсиз өлимниң кескин көбейиўи күтилмекте.
Сонлықтан, елимизде халық арасында инфекциялық емес кеселликлерди ерте анықлаў, саламат турмыс тәризин ен жайдырыўға айрықша итибар қаратылмақта.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 18-декабрьдеги «Инфекциялық емес кеселликлер профилактикасы, саламат турмыс тәризин қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың физикалық ҳәрекетшеңлик дәрежесин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары бойынша бир қатар илажлар режеси ислеп шығылып, солардың бири халық арасында саламат турмыс тәризин кеңнен ен жайдырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар болып есапланады.
Ендигиден былай ҳәр шемби күни усы сыяқлы илажлар турақлы түрде шөлкемлестирилип барылады.
Жарыста Ташкент педиатрия медициналық институтының Нөкис филиалы студенти А.Матякубов биринши, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының студенти Қ.Әбдимуратов екинши, Нөкис қәнигелестирилген көркем өнер мектеп-интернатының оқыўшысы Б.Кенгесбаев үшинши орынды ийелеп, шөлкемлестириўшилер тәрепинен естелик саўғалары менен сыйлықланды.
– Мен, Қарақалпақстан Республикасы Аймақлық перинитал орайында жумыс ислеймен. Жарыс өткерилип атырғанын еситип, мен де қатнасқым келип келдим. Орын ала алмаған болсам да қатнасқаныма қуўанышлыман. Себеби, тез жүриў, жуўырыў, улыўма алғанда спорт пенен шуғылланыў денсаўлық ушын оға да пайдалы,-дейди И.Әметова.
Сондай-ақ, жарыста ҳаял-қызлар, медицина хызметкерлери арасында да орынлар белгиленип, мүнәсип сыйлықланды.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.