Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Экономикалық ҳәм сиясий-ҳуқықый халықаралық рейтинг және индекслерде Өзбекстан Республикасының орнын жақсылаў, бул бойынша жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлардың жумысын нәтийжели муўапықластырыў, халықаралық майданда мәмлекетимиздиң статусын буннан былай да жоқарылатыў, сырт ел рейтинг агентликлери менен бирге ислесиўди системалы түрде әмелге асырыў, жуўапкер мәмлекетлик уйымлардың басшыларына жүкленген ўазыйпаларды өз ўақтында және сапалы орынланыўында жеке жуўапкершилигин күшейтиў мақсетинде:

  1. Абырайлы халықаралық рейтинг ҳәм индекслерди комплексли түрде көрип шығыў ҳәм жақсылаў бойынша орынлаў нәтийжелилигин арттырыў және жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар тәрепинен алып барылып атырған тийисли илажларды системалы муўапықластырыў кереклигин инабатқа алған ҳалда:

Абырайлы халықаралық рейтинг ҳәм индекслер менен ислесиўди муўапықластырыў бойынша комиссия (кейинги орынларда – Комиссия) 1-қосымшаға муўпапық дүзилсин;

Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги структурасына халықаралық рейтинг ҳәм индекслер менен ислесиў бойынша жуўапкер болған Өзбекстан Республикасы қаржы министриниң орынбасары (кейинги орынларда – қаржы министриниң орынбасары) лаўазымы киргизилсин;

Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги структурасында басқарыў хызметкерлериниң саны қосымша 10 штат бирлигинен ибарат Халықаралық рейтинг ҳәм индекслер менен ислесиў басқармасы  (кейинги орынларда – Басқарма) дүзилсин және жоқары қәнигели кадрлар менен толықтырылыўы тәмийинленсин.

  1. а) Комиссия халықаралық рейтинг ҳәм индекслерде Өзбекстан Республикасының орнын жақсылаў бойынша жумысларды әмелге асырыў шеңберинде:

ҳәр айда кеминде бир рет жыйналатуғыны;

жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар тәрепинен мақсетли көрсеткишлерге ерисиў ушын тийкарғы бағдарларды белгилеп беретуғыны және әмелге асырылып атырған жумысларды муўапықластырып баратуғыны;

тийисли қарар қабыл ететуғыны ҳәм олардың орынланыўын министрликлер және уйымлар тәрепинен сапалы ҳәм толық орынланыўын тәмийинлейтуғыны, сондай-ақ, олардың айлық есабатларын тыңлайтуғыны;

Өзбекстан Республикасы Президентине әмелге асырылған жумыслар бойынша ҳәр айда кеминде бир рет есабат усынатуғыны;

б) қаржы министриниң орынбасары:

халықаралық рейтинг ҳәм индекслерде Өзбекстан Республикасының орнын жақсылаў бойынша жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлардың муўапықластырылған өз-ара бирге ислесиўин, оларға жүкленген ўазыйпаларды нәтийжели ҳәм сапалы орынлаў ушын методикалық ҳәм консультативлик жәрдем көрсетиўди тәмийинлейтуғыны;

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң мәжилислеринде, соның ишинде, Президиум мәжилислеринде, жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар тәрепинен халықаралық рейтинг ҳәм индекслерде Өзбекстан Республикасының орнын жақсылаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың жағдайын сын көзқарастан көрип шығыў бойынша усыныслар беретуғыны;

в) Басқарма Комиссияның жумысшы уйымы болып, жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлардың халықаралық рейтинг ҳәм индекслер менен ислесиў жумысын нәтийжели шөлкемлестиретуғыны және зәрүр мағлыўматларды улыўмаластыратуғыны, бул бойынша төмендеги ўазыйпаларды әмелге асыратуғыны;

жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлардан зәрүр мағлыўматларды сорап алатуғыны, әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша мәлимлеме-аналитикалық материаллар таярлайтуғыны ҳәм Комиссияға усынатуғыны;

халықаралық рейтинг ҳәм индекслерди жәриялайтуғын, рейтинг агентликлери, жергиликли ҳәм халықаралық эксперт, консультант және қәнигелер менен тиккелей ислесетуғыны, соның ишинде, оларды республикаға мирәт ететуғыны ҳәм алып барылып атырған реформалардың көлеми менен жақыннан таныстыратуғыны, сырт елде тараўға байланыслы илажларда қәнигелердиң қатнасыўын, дөгерек сәўбетлери, халықаралық форум ҳәм конференцияларды шөлкемлестирип баратуғыны;

Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының Халықаралық рейтинглер менен ислесиў ҳәм «Электрон ҳүкимет» системасын енгизиў жумысларын  муўапықластырыў секторы менен тийкарғы халықаралық рейтинг ҳәм индекслерде Өзбекстан Республикасының орнын жақсылаў ушын комплексли илажларды белгилеў бойынша жақыннан бирге ислесетуғыны;

тийисли усынысларды ислеп шығатуғыны ҳәм оларды көрип шығыў ушын Комиссияға киргизетуғыны;

г) халықаралық рейтинг ҳәм индекслердиң мағлыўмат базаларынан пайдаланыў, зәрүр мәлимлеме материалларын алыў, усы рейтинг ҳәм индекслердеги Өзбекстан Республикасының орнын жақсылаў бойынша халықаралық рейтинг агентликлери және халықаралық экспертлерди, консультантларды ҳәм қәнигелерди тартыўға байланыслы қаржыларды қаплаў Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң резерв қоры қаржылары есабынан әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлардың биринши басшылары:

тийисли халықаралық рейтинг ҳәм индекслер бойынша белгиленген мақсетли көрсеткишлерге ерисиўде жеке жуўапкер етип белгиленсин;

еки ҳәпте мүддетте усы жылдың 1-сентябрине шекем әмелге асыралытуғын илажлардың бағдарламасын ислеп шықсын ҳәм Комиссияның жумысшы уйымына усынсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлерине 2-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
  2. Министрликлер ҳәм уйымлар бир ай мүддетте өзлери қабыл еткен нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди усы Пәрманға муўапықластырсын.
  3. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Әдиллик министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  4. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ж.А.Қўчқоровқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2019-жыл 7-март