Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Транспорт хызметин көрсетиўди шөлкемлестириў системасын буннан былай да жетилистириў, мүлкшиликтиң барлық түрлериндеги тасыўшылар ушын бәсеки орталығын және қолайлы шараятларды жаратыў, сондай-ақ, республиканың транспорт-транзит потенциалын арттырыў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги Ишки ислер министрлиги, Әдиллик министрлиги ҳәм «Өзстандарт» агентлигиниң 2019-жыл 1-июльден баслап:
а) халықаралық тасыўларда пайдаланылатуғын тягач (тиркеўге алыўшы) автомобильлерге лицензия карточкалары берлиўи ушын мәмлекетлик бажы төлеў тәртибин;
б) төмендегилерди:
алып кирилетуғын және Европа Аўқамы мәмлекетлеринде ислеп шығылған «Евро-5» ҳәм «Евро-6» экологиялық класс талапларына сәйкес келетуғын жаңа жүк ҳәм арнаўлы автотранспорт қураллары, сондай-ақ, автомобиль транспортында жүк тасыў ушын пайдаланылатуғын тиркеме ҳәм ярым тиркемелерди;
транспорт-экспедиторлық хызметлерин мәжбүрий сертификатластырыўды;
в) чек бериў ямаса жолаўшының жүргенин электрон жазып алыў имканияты бар болыўы шәрти менен жолаўшылар тасыўда пайдаланылатуғын автотранспорт қуралларында қадағалаў-касса аппараты бар болыўы ҳаққындағы талапларды;
г) төмендегилердиң:
автомобиль транспортында жүк тасыў менен шуғылланатуғын жеке исбилерменлердиң;
кәрхана штатында белгиленген тәртипте аттестациядан өткен автотранспорт қуралларынан пайдаланыў ҳәм тасыў қәўипсизлигин тәмийинлеў ушын жуўапкер болған қәнигениң өз алдына бирлиги бар болыўы шәрти менен юридикалық шахс басшысының қәнигелик талапларына муўапықлығы бойынша аттестациядан өтиўи ҳаққындағы талапларды;
д) автомобиль транспортында жолаўшылар ҳәам жүклерди тасыў бойынша жумысты әмелге асырыў ушын лицензия алыўда юридикалық шахслардың балансында транспорт қураллары бар болыўы ҳаққындағы талапларды бийкар етиў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.
- 2019-жыл 1-апрельден баслап юридикалық ҳәм физикалық шахслар арасында ижара шәртнамаларын тастыйықлаў ушын әмелдеги Мәмлекетлик бажы муғдарлары еки есеге азайтылсын.
- Өзбекстан Республикасы Транспорт минитсрлиги Ишки ислер министрлиги, Мәмлекетлик бажыхана комитети ҳәм Мәмлекетлик салық комитети менен биргеликте 2019-жыл 1-июльге шекем, соның ишинде, төмендеги имканиятларды нәзерде тутатуғын «UzTrans» бирден-бир интерактив мәлимлеме системасы (кейинги орынларда – мәлимлеме системасы) жаратылыўын тәмийинлесин:
лицензиатлардың жеке кабинети жумыс алып барыўы;
автомобильде халықаралық тасыўға сырт ел ҳәм/ямаса көп тәреплеме рухсатнамаларды миллий тасыўшылар арасында автомат тәризде шереклер бойынша бөлистириў;
жолаўшылар ҳәм жүклерди қала, қала әтирапы, қалалараралық, халықаралық тасыў жумысын әмелге асырыў ушын лицензиялар, автомобильде халықаралық тасыўға сырт ел ҳәм/ямаса көп тәреплеме рухсатнамалар, сондай-ақ, ЖХЖТ дәптершесин қолланған ҳалда Жүклерди халықаралық тасыў ҳаққындағы конвенцияға (Женева қаласы, 1975-жыл 14-ноябрь) муўапық ЖХЖТ (CARNET TIR) дәптершесинен пайдаланыўға рухсатнамалар алыўға талапкерлердиң арзаларын қабыл етиў ҳәм көрип шығыў басқышын көрсеткен ҳалда қайта ислеў;
лицензиатлар ҳәм физикалық шахслар арасында дүзилетуғын автотранспорт қуралларының ижара шәртнамаларын дизимнен өткериў ҳәм есабын жүргизиў.
Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги он күн мүддетте мәлимлеме системасы енгизилгенге шекем мәмлекетлер бойынша халықаралық автомобильде тасыўға сырт ел ҳәм/ямаса көп тәреплеме рухсатнамалар бар екени ҳаққында турақлы жаңаланатуғын мәлимлемениң министрлик веб-сайтында жәрияланыўын тәмийинлесин.
- Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық 2019-жыл 1-июльден баслап:
жөнелиссиз такси ушын талап етилетуғын төлем терминаллары, есаплағыш-таксометрлер ҳәм радиобайланыс қураллары алмастырылатуғын приборлардың функцияларын тәмийинлейтуғын арнаўлы қосымшалы қурылмаларға (уялы телефонлар, планшетлер, электрон төлем системалары) алмасырылыўы мүмкин;
жөнелиссиз такси реңин нызам ҳүжжетлеринде талап етилген реңге муўапық ҳалға келтириў ушын оларды боямай өзи желимленетуғын материаллардан пайдаланыўға жол қойылады;
жөнелиссиз таксилер сыпатында пайдаланылатуғын және бирден-бир ишки ҳәм сыртқы белгилер менен үскенеленген жеңил автомобильлер жөнелисли транспорт қураллары ушын арнаўлы ҳәрекет бағдарында ҳәрекетлениўи және «Тоқтаў қадаған етиледи» белгиси әмел етиў аймағында тоқтаўы мүмкин;
халықаралық автомобильде тасыўға сырт ел/көп тәреплеме рухсатнамаларды алыў ушын арзалар олар алынған ўақыттан баслап бир жумыс күни даўамында көрип шығылады.
- Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги Ишки ислер министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте:
а) жеңил автомобильлерде жолаўшыларды тасыў жумысын әмелге асырыў ҳуқықын беретуғын лицензияларға ийе юридикалық шахсларды:
тасыўшының пуқаралық жуўапкершилигин қамсызландырыў шәртнамасы жоқ болғанда, оның рәсмийлестирилиўин тәмийинлеген ҳалда, олардың бар болыўы;
автотранспорт қуралларынан лицензия карточкаларысыз пайдаланып атырған мәмлекетлик номер белгилери қайтарылыўы илажларын көрген ҳалда жөнелиссиз таксилер ушын мөлшерленген автотранспорт қуралларынан арнаўлы сериялардан берилген мәмлекетлик номер белгилериниң әмелдеги лицензия карточкаларына муўапықлығы бойынша хатлаў өткерсин;
б) автомобиль транспортында жүк ҳәм жолаўшы тасыў хызметлерин көрсетиў менен байланыслы ҳуқықбузарлықлар ушын жуўапкершиликти күшейтиў бойынша усыныслар киргизсин;
в) қорғалған телекоммуникация каналлары жәрдеминде «Транспорт қуралларының есабы», «Техникалық тексериў» ҳәм «UzTrans» мәлимлеме системаларының нәтийжели уйымлараралық интеграциясын жолға қойыў илажларын көрсин.
- 2019-жыл 1-сентябрьден баслап, соның ишинде, мәмлекетлик- жеке меншик шериклик тийкарында автомобиль жолларында транспорт қуралларының аўырлық ҳәм габарит параметрлерин анықлаў ушын автоматластырылған өлшем қураллары менен үскенеленген аўырлық ҳәм габарит қадағалаўы бойынша стационар ҳәм қоспа шақапшаларды шөлкемлестириў тәртиби енгизилсин.
Транспорт министрлиги 2019-жыл 1-августқа шекем автомобиль жолларында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик объектлериниң дизимин, регламентин ҳәм инвесторларды мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында таңлап алыў механизмин нәзерде тутатуғын аўырлық ҳәм габарит қадағалаў бойынша арнаўлы пунктлерди шөлкемлестириў бойынша жумысты әмелге асырыў тәртибин тастыйықлаў ушын Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Төмендегилер:
Жолаўшы ҳәм жүк тасыўды буннан былай да раўажландырыў бойынша «Жол картасы» 1-қосымшаға муўапық;
Транспорт-логистика тараўында бирге ислесиў мәселелери бойынша сырт еллер менен сөйлесиўлер өткериў бойынша илажлар режеси 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги бир ай мүддетте:
Мәмлекетлик салық комитети менен биргеликте жеке тәртиптеги исбилерменлерге рухсат бериў процедураларын әпиўайыластырыў ҳәм минималластырыў мақсетинде мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизген ҳалда жеңил автомобильлерде жолаўшыларды тасыў жумысын әмелге асырыў ҳуқықын бериў ҳаққындағы усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин;
мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте 2019-жыл 1-июльден баслап мәмлекетлик буйыртпашылар, соның ишинде, хожалық жәмийетлери ҳәм стратегиялық әҳмийетке ийе болған кәрханалардың автомобиль транспортында жүк тасыў хызметлерин көрсетиўди арнаўлы электрон саўда майданшасында электрон саўда жуўмақлары бойынша сатып алыў ҳәм хызмет көрсетиўди нәзерде тутатуғын тәртипти енгизиў ҳаққындағы усынысты Министрлер Кабинетине киргизсин;
Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги, Мәмлекетлик бажыхана комитети ҳәм басқа да уйымлар менен биргеликте сырт еллер автотранспорт қуралларының Өзбекстан Республикасы аймағына кириўи, шығыўы, транзит өтиўи (айрықша жүклер ҳәм әскерий контингентлерден тысқары) ҳәм аймақта болыў тәртибин, соның ишинде, республикаға кирип атырған сырт еллер автотранспорт қуралларының болыў мүддетлерин оптималластырыўды нәзерде тутқан ҳалда буннан былай да жетилистириў бойынша усынысларды Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин;
Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги менен биргеликте сырт елли тасыўшылар тәрепинен Өзбекстан Республикасы аймағында жайласқан еки пункт аралығында жүк ҳәм жолыўшылар тасыў әмелге асырылғаны, сондай-ақ рухсат етилген аўырлық ҳәм габарит параметрлери көбейтилгени ушын тәсир шараларын қолланыў бойынша усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин;
Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги және Сыртқы саўда министрлиги менен биргеликте Өзбекстан Республикасының 2008-жыл 20-февральда Женева қаласында қол қойылған электрон жүк хатына тийисли жүклерди халықаралық жолларда тасыў ЖХЖТ шәртнамасы ҳаққындағы конвенцияның Қосымша протоколына қосылыў ҳаққындағы усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин.
Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги менен биргеликте миллий транспорт-экспедиторлық шөлкемлер тәрепинен «Өзбекстан темир жоллары» АЖ менен транспорт-экспедиторлық хызметлерин көрсетиў бойынша тиккелей шәртнамалар дүзиў, бул шәртнамаларды дүзген шөлкемлердиң дизимин жәриялаў тәртибин орнатсын.
- 2022-жыл 1-январьға шекем авиация жанылғысы, локомотивлер, темир жол вагонлары ҳәм комплектлеўшилер (СЭЖ ТН коды 8601-8607), барлық типтеги жүк контейнерлери (СЭЖ ТН коды 8609), ушыў аппаратлары (СЭЖ ТН коды 8802) және ислеп шығарылғанына 4 жылдан көп болмаған жүк тасыў ушын мөлшерленген транспорт қураллары (СЭЖ ТН коды 8701 20, 8704 23 (самосваллардан тысқары), 8716 31, 8716 39) бажыхана төлемлеринен азат етилсин (бажыхана рәсмийлестириў жыйымлары буған кирмейди). Бунда республикаға алып кирилетуғын авиация жанылғысы орнатылған тәртипте қосымша қун салығына тартылады.
- Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги Әдиллик министрлиги ҳәм басқа да мәпдар уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң биринши орынбасары А.Ж.Раматовқа, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Э.М.Ғаниевке ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң орынбасары Н.С.Отажоновқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2019-жыл 6-март