Усы жылдың 4-9-февраль күнлери Жиззақ қаласында спорттың бокс түри бойынша ҳаял-қызлар арасында Өзбекстан чемпионаты болып өтти.
Өзбекстан Республикасы Денетәрбиясы ҳәм спорт министрлиги тәрепинен шөлкемлестирилген чемпионатта Қарақалпақстан Республикасы, Ташкент қаласы ҳәм барлық ўәлаятлардан 150 ден аслам спортшылар 10 салмақ категориясы бойынша өз-ара күш сынасты.
Жарыста 60 кг салмақ категориясы бойынша қатнасқан қарақалпақстанлы спортшы, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының дене мәденияты факультети 2-курс студенти Гүлим Оразбаева сыйлы 2-орынды ийеледи.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.