Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қарары

2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын әмелге асырыў шеңберинде елимиздиң халықаралық майдандағы унамлы абырайын қәлиплестириў, Өзбекстан Республикасының халықаралық рейтинглердеги орнын дурыс ҳәм объектив баҳалаўды тәмийинлеў бойынша анық мақсетке қаратылған жумыслар әмелге асырылды.

Соның менен бирге, көрилип атырған илажларға қарамастан, елимизде тийисли бағдарлар бойынша миллий рейтинглерди жүргизиўге жәрдем беретуғын, әмелге асырылып атырған реформалардың халықаралық нормаларға ҳәм стандартларға муўапықлығын баҳалаўдың тутас системасы жоқ.

Бул жағдай халықаралық шөлкемлер ҳәм илимий мәкемелер менен системалы бирге ислесиў байланысларын орнатыў, жуўапкер министрликлерде ҳәм уйымларда баҳаланып атырған бағдарлар бойынша усыныслар ҳәм басқа мәмлекетлердиң унамлы тәжирийбесин өз ишине алған тийисли мағлыўматлар базасын, хызметкерлерде болса халықаралық рейтинглер методологиясын қолланыў бойынша дүнья қарасты қәлиплестириў имканын бермей атыр.

Елимизде әмелге асырылып атырған реформаларды баҳалаўдың тутас ҳәм еркин системасын қәлиплестириў, сондай-ақ, республиканың халықаралық рейтинглердеги орнын жақсылаўды тәмийинлеў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги ҳәм Әдиллик министрлигиниң Өзбекстан Республикасының халықаралық рейтинглердеги орнын мониторинг етиў ҳәм баҳалаў миллий системасын (кейинги орынларда – Миллий мониторинг системасы) жаратыў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.

Басқарыў сапасын ҳәм сиясаттың нәтийжелилигин өлшеў, елимизде жүз берип атырған өзгерислер процесин баҳалаў, изертлеўлердиң нәтийжелеринен келип шыққан ҳалда реформалардың тийкарғы бағдарларын ислеп шығыўға жәрдем беретуғын әҳмийетли халықаралық рейтинглердиң нормалары ҳәм индикаторлары Миллий мониторинг системасының структуралық бөлеги етип белгиленсин.

  1. Миллий мониторинг системасының жумысын шөлкемлестириўдиң дәслепки басқышы сыпатында республикадағы изертлеў институтларына айрықша халықаралық рейтинглердиң қосымшасына муўапық бириктирилсин ҳәм оларға төмендеги ўазыйпалар жүкленсин:

халықаралық рейтинглердиң мотодологиялық ҳәм басқа да структуралық бөлимлерин анықлаў, оларды әмелдеги нызамшылыққа имплементациялаў, Өзбекстан Республикасының халықаралық рейтинглердеги төмен көрсеткишлерине себеп болып атырған тийкарғы факторларды анықлаў;

өзин-өзи баҳалаў ушын әҳмийетли халықаралық рейтинглердиң нормалары ҳәм индикаторлары тийкарында миллий индекслерди ислеп шығыў;

жойбарлар ҳәм әмелдеги нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди елимиздиң халықаралық рейтинглердеги орнын жоқарылатыўға тосқынлық етип атырған нормаларды анықлаў көзқарасынан экспертлик таллаў және таллаўдың нәтийжелерине тийисли бола усыныслар ислеп шығыў;

Өзбекстан Республикасының тийисли рейтинглердеги раўажланыў процеси ҳаққындағы мәлимлемелерди, сондай-ақ, баҳаланып атырған бағдарлар бойынша усыныслар ҳәм сырт еллердиң алдынғы тәжирийбесин өз ишине алған мәлимлеме-мағлыўматлар базасын жаратыў;

Өзбекстан Республикасының әҳмийетли халықаралық рейтинглердеги орнын жақсылаўға тосқынлық етип атырған жүзеге келген ҳақыйқый машқалаларды системалы таллаўды алып барыў, оларды шешиў бойынша усыныслар ислеп шығыў;

халықаралық шөлкемлер, рейтинг агентликлери ҳәм илимий мәкемелердиң экспертлери менен бирге ислесиўди орнатыў ҳәм конструктивлик сөйлесиўди жолға қойыў;

тийисли тармақлардағы машқалаларды анықлаў ҳәм жағдайды үйрениў ушын социаллық сораўлар өткериў, сондай-ақ, елимизде кең көлемли реформаларды әмелге асырыў шеңберинде ҳәр қыйлы тараўларда жүз берип атырған түпкиликли өзгерислер ҳаққында жәмийетшиликти ҳәм халықаралық рейтинг агентликлерин хабардар етиў.

  1. Көрсетилип атырған мәмлекетлик хызметлердиң сапасын жақсылаў, халықтың мәмлекетлик уйымлардың жумысынан қанаатланыў дәрежесин және олардың хызметкерлериниң кәсиплик шеберлигин арттырыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳәм Саўда-санаат палатасының «мәмлекетлик хызметлердиң сырлы қарыйдары» институтын енгизиў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
  2. «мәмлекетлик хызметлердиң сырлы қарыйдары» институтынан пайдаланыў шеңбериндеги илажлар Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳәм Саўда-санаат палатасы тәрепинен шөлкемлестирилетуғыны;

«мәмлекетлик хызметлердиң сырлы қарыйдары» институтынан пайдаланыўда ҳуқықбузарлықлар ҳәм ўәкиллигинен пайдаланыўға мәжбүрлейтуғын усылларды қолланыў қадаған етилетуғыны;

«мәмлекетлик хызметлердиң сырлы қарыйдары» институты административлик тәртип-қағыйдалар әмелге асырылыўы қолайлығы ҳәм мәмлекетлик уйымлар, сондай-ақ, олардың хызметкерлери тәрепинен мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўде нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң талаплары, хызметкерлердиң профессионаллығы ҳәм оперативлиги, олардың халық пенен пикирлесиў этикети дәрежесин анықлайтуғыны;

мағлыўматларды топлаў ушын ҳақыйқый «қарыйдар» көринисинде мониторингти әмелге асыратуғын хызметкерлер ҳәм басқа да шахслар («сыртлы қарыйдар»)дан пайдаланылатуғыны;

«сырлы қарыйдар» тәрепинен мониторинг тек ғана  тиккелей объектлерге барыў емес, ал мониторинг әмелге асырылып атырған мәмлекетлик хызметлерге қарай басқа да қураллар (телефон қоңыраўлары, электрон почта арқалы мүрәжат етиў ҳәм басқалар) арқалы да әмелге асырылыўы мүмкин екени;

«мәмлекетлик хызметлердиң сырлы қарыйдары» мониторингиниң нәтийжелери жеке болмаған түрде рәсмийлестирилетуғыны және нызам ҳүжжетлери ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелиятын жетилистириў ушын тийисли мәмлекетлик хызметлерди көрсететуғын министрликлер ҳәм уйымларға мәжбүрий тәртипте көрип шығыў ушын усыныслар жиберилетуғыны;

«мәмлекетлик хызметлердиң сырлы қарыйдары» мониторинги нәтийжелери тийисли мәмлекетлик хызметлерди көрсететуғын министрлик және уйымлардың хызметкерлерин жуўапкершиликке тартыў ушын тийкар болмайтуғыны ҳәм усыныс көринисине ийе болатуғыны;

«мәмлекетлик хызметлердиң сырлы қарыйдары» институтының жумысын жүргизиў менен байланыслы қәрежетлер Әдиллик уйымлары ҳәм мәкемелерин раўажландырыў қоры және Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы қаржыларының есабынан қаржыландырылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Президенти жаныдағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги және Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Өзбекстан Республикасының халықаралық рейтинглердеги ҳәм айрықша қурамлық индикаторлардағы орнын жақсылаў ушын жуўапкер болған басқа да министрликлер, уйымлар ҳәм изертлеў институтлары менен биргеликте 2019-жыл 1-апрельге шекем Интернет тармағында төмендегилерди өз ишине алған «Өзбекстан Республикасы халықаралық рейтинглерде» бирден-бир порталын жаратсын:

халықаралық рейтинглер бойынша жыллық есабатлар, сондай-ақ, есабатларды үйрениў ҳәм жәриялаў мүддетлерин көрсеткен ҳалда тийисли бағдарлар бойынша жумыслардың жағдайын жақсылаўға қаратылған халықаралық шөлкемлер ҳәм экспертлердиң усыныслары;

халықаралық рейтинглер индикаторлары бойынша сырт мәмлекетлердиң алдынғы тәжирийбесине байланыслы мәлимлемелер;

тийисли рейтинглер бағдарлары бойынша жәмийетлик пикир сораўнамалары, сондай-ақ, жәмийетлик ҳәм илимий изертлеўлердиң нәтийжелери;

халықаралық рейтинглердиң сораўнамалары түринде ҳәр бир индикатор кесиминде толық ҳәм анық мағлыўматлар, соның ишинде, статистикалық мағлыўматлар;

тийисли рейтинглер бойынша ҳәр қыйлы жәмийетлик сораўларды өткериў имканияты;

тийисли халықаралық рейтинглердиң методологиясы бойынша онлайн оқытыў ресурсы;

респондентлер тәрепинен орынларда нызамшылық ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелиятын буннан былай да жетилистириў бойынша усыныслар бериў имканияты.

Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги «Өзбекстан Республикасы халықаралық рейтинглерде» бирден-бир порталының жумысын қоллап-қуўатлаў ҳәм жаңалаў бойынша жуўапкер уйым етип белгиленсин.

Өзбекстан Республикасының халықаралық рейтинглердеги ҳәм айрықша қурамлық индикаторлардағы орнын жақсылаў ушын жуўапкер министрликлер, уйымлар ҳәм изертлеў институтлары ҳәр шеректиң жуўмағы бойынша кейинги айдың 15-сәнесине шекем Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлигине елимизде  әмелге асырылып атырған реформалар ҳаққындағы мағлыўматлар, зәрүр статистикалық мәлимлемелер ҳәм басқа да материалларды усыныўды тәмийинлесин.

Онда Өзбекстан Республикасының халықаралық рейтинглердеги ҳәм айрықша қурамлық индикаторлардағы орнын жақсылаў ушын жуўапкер министрликлер, уйымлар ҳәм изертлеў институтларының басшылары «Өзбекстан Республикасы халықаралық рейтинглерде» бирден-бир порталында жәрияланатуғын мәлимлемелердиң исенимлилиги ушын жеке жуўапкер есапланады.

  1. Айрықша рейтинглер ушын жуўапкер болған изертлеў институтлары Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 17-январьдағы ПП-5635-санлы Пәрманында белгиленген, Өзбекстан Республикасының халықаралық рейтинглердеги ҳәм айрықша қурамлық индикаторлардағы орнын жақсылаў ушын жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте:

2019-жыл 1-апрельге шекем Өзбекстан Республикасының миллий мәплерин ҳәм нызамшылық талапларын есапқа алған ҳалда сырт еллердиң унамлы тәжирийбесине тийкарланған тийисли рейтинглер методологиясын ислеп шығыўды ҳәм тастыйықлаўды тәмийинлесин;

2019-жыл 1-майға шекем тийисли рейтингте Өзбекстан Республикасының раўажланыў тенденциялары ҳаққындағы мағлыўматларды, баҳаланып атырған бағдар бойынша  усыныслар ҳәм сырт еллердиң алдынғы тәжирийбесин өз ишине алған мәлимлеме базасын қәлиплестирсин;

2019-жыл 1-июньге шекем министрликлер ҳәм уйымлардың хызметкерлерин баҳалаўдың методологиясы менен таныстырсын, оларда рейтинглер менен ислесиў көнликпелерин қәлиплестириў бойынша семинар-тренинглерди, соның ишинде, сырт ел экспертлерин тартқан ҳалда шөлкемлестирсин;

еки ай мүддетте халықаралық рейтинглерди дүзиўшилер, сондай-ақ, халықаралық рейтинглерге байланыслы басқа да халықаралық, илимий-изертлеў, мәмлекетлик емес шөлкемлер менен бирге ислесиўди орнатыў мәселесин көрип шықсын.

Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги Өзбекстан Республикасының халықаралық рейтинглердеги ҳәм айрықша қурамлық индикаторлардағы орнын жақсылаў ушын жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте изертлеў институтларына бирге ислесиўди жолға қойыўда ҳәм грантлар, соның ишинде, сырт ел грантларын тартыўда ҳәр тәреплеме жәрдемлессин.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 17-январьдағы ПП-5635-санлы Пәрманында белгиленген, Өзбекстан Республикасының халықаралық рейтинглериндеги ҳәм айрықша қурамлық индикаторлардағы орнын жақсылаў ушын жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар:

Өзбекстан Республикасының тийисли халықаралық рейтинглердеги орнын, соның ишинде, изертлеў институтларының мағлыўматларын ҳәм үйрениў нәтийжелерин есапқа алған ҳалда жақсылаў бойынша ҳәр жылы «Жол карталары» ислеп шығылыўын тәмийинлесин;

бир ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына 2019-жылы Өзбекстан Республикасының тийисли халықаралық рейтинглердеги орнын жақсылаў бойынша «Жол карталары» жойбарларын киргизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик қоры және «Юксалиш» улыўмамиллий ҳәрекети Өзбекстан Республикасының тийкарғы халықаралық рейтинглердеги орнын арттырыўға тосқынлық етип атырған машқалаларды системалы таллаў, оларды сапластырыў бойынша усыныслар ислеп шығыў, сондай-ақ, елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың нәтийжелери ҳаққындағы мәлимлемени, соның ишинде, субсидиялар, грантлар ажыратыў және социаллық буйыртпалар бериў арқалы халықаралық рейтинглерди дүзиўшилерге жеткериў бағдарындағы жумысларға пуқаралық жәмийети институтларын жедел тартыўды тәмийинлесин.
  2. Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги Саўда-санаат палатасы менен биргеликте бир ай мүддетте «мәмлекетлик хызметлердиң сырлы қарыйдары» тәрепинен мониторинг өткериўдиң анық мақсетлерин, параметрлерин, объектлерин ҳәм критерияларын нәзерде тутатуғын тәртипти ислеп шықсын.
  3. Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы және Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте халықаралық рейтинглер индикаторлары шеңберинде өткерилип атырған реформалар ҳаққындағы мәлимлемелердиң ғалаба хабар қуралларында ҳәм Интернет тармағында кеңнен сәўлелендирилиўин, сондай-ақ, халық ҳәм исбилерменлик субъектлери арасында түсиндирилиўин тәмийинлесин.
  4. Әдиллик министрлиги басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  5. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                       Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2019-жыл  25-февраль